Голубика

    Оны жетистириў ҳәр тәреплеме пайдалы

    Президентимиздиң 2023-жыл 11-сентябрьдеги "Өзбекстан - 2030" стратегиясы ҳаққында"ғы пәрманында аўыл хожалығында зүрәәтлилик ҳәм рентабеллик дәрежесин кескин арттырыў, бир гектардан алынатуғын орташа дәраматты 5 мың долларға жеткериў әҳмийетли стратегиялық ўазыйпалар сыпатында белгилеп берилген.

    Дүньяда жүдә тез ғалаба ен жайып атырған баҳалы мийўелерден бири голубика болып есапланады. Буның себеби, дәминиң өзине тәнлиги, витаминге байлығы ҳәм емлеў қәсийети барлығы. Бул мийўени жетистириўдиң жалпы көлеми дерлик 1 миллион тоннадан асады. Экспертлердиң пикиринше, кейинги еки жылда оның майданы және де артып, экспорт потенциалы усы жылы дерлик 3 миллиард долларға жетеди.

    Мәмлекетимиз басшысының өткен жылы 14-15-октябрь күнлери Ташкент ўәлаятына сапары ўақтында Аҳангаран ҳәм Бостанлық районларында мың гектардан адыр ҳәм таў алды жерлеринде малина ҳәм голубика плантациясын, Паркентте 2 мың гектар ҳәм Аҳангаранда мың гектарда жүзим ҳәм черешня бағларын шөлкемлестириў имканиятлары көрсетип өтилген еди. Бул арқалы 5 мың адамды, әсиресе, кәмбағал шаңарақларды дәраматлы етиў мүмкин екенлиги атап өтилген еди. Улыўма алғанда, ўәлаятты бағшылық бойынша үлгили аймаққа айландырып, экспортты 300 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы белгиленген еди.

    Президентимиз, сондай-ақ, 2024-жыл 9-апрель күни Жиззақ ўәлаяты Зарбдор районындағы Лалмикор мәҳәллесине сапары ўақтында да мәҳәлледе мийўе жетистириў бойынша оқыў майданын көзден өткерген еди. Бул жерде малина, смородина, голубика нәллери жетистирилип, қыйтақ жерлерге егилиўи, зүрәәтке киргеннен кейин, экспортёрлар тәрепинен сатып алыныўы айтып өтилди. Президентимиз қыйтақ жер ийелерине бул мийўелерди сапалы жетистириў илимин үйретиў әҳмийетли екенин атап өтти. Бул жойбарды кеңейтиў, халықтың сатып алыў қәбилетин арттырыў ушын қыйтақ жер ийелери менен банклер арасында бирге ислесиўди нәтийжели жолға қойыў бойынша пикир алысылды.

    Атап өткенимиздей, голубика дүнья тутыныў базарында үлкен талапқа ийе болған мийўели өсимликлерден бири болып есапланады. Арқа Америкада оның мәдений сортлары кең тарқалған ҳәм қымбатлы азық-аўқат ҳәм дәрилик өсимлик есапланады.

    Дүньяда голубиканың суўыққа ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы, жоқары өнимдарлы жаңа сортларын жаратыў, көбейтиў ҳәм өним жетистириўдиң инновациялық технологияларын ислеп шығыў бойынша илимий-изертлеўлер алып барылмақта. Ҳәзир оның 25 ге шамалас сорты жетистириледи.

    Перу, Чили, Канада, Мексика, Польша, Қытай, Россия, Түркия сыяқлы мәмлекетлерде бул өсимликлердиң нәл ҳәм мийўелерин заманагөй ресурс үнемлеўши технологиялар арқалы жетистириўдиң нәтийжели усыллары ислеп шығылған. Республикамыз шараятында да витаминге бай бул мийўели өсимликти көбейтиў ҳәм оларды тәрбиялаўдың нәтийжели усылларын ислеп шығып, әмелиятқа енгизиў әҳмийетли мәселелерден бири болып есапланады.

    Ҳәзирги экологиялық жағдайда халық организмин тиклеўдиң бирден-бир усылы - тәбийий ҳәм витаминлерге бай өнимлерди пайдаланыў болып есапланады.

    Голубика мийўеси жаңа терилген ҳәм қайта исленген ҳалда пайдаланылады. Оннан варенье ҳәм вино таярланади. Әдетте, голубика черника, клюква, брусника сыяқлы мийўелер менен араластырылып ислетиледи. Пута көринисинде өседи. Ҳәзирги күнде ықлымы сәйкес болған мәмлекетлерде санаат көлеминде егиў дәраматлы бизнеске айланған.

    Өзбекстанда жетистирилетуғын голубика мийўеси ҳәзирги ўақытта елимизде ең дәраматлы болған черешня жетистириўден де пайдалы ҳәм дәраматлы бизнеске айланыўы мүмкин. Себеби, голубика дүнья бойлап ең көп импорт етилетуғын мийўелер қатарына киреди. Елимизде голубика мийўелерин қолда жыйнаў ушын жумысшы күш жетерли. Таўлы аймақларымыз голубика өсириў ушын қолайлы.

    Голубика - тәрбиялаўы әпиўайы болған өсимлик. Бирақ, оны егиў ҳәм өсириўде топырақтың кислоталық дәрежесине айрықша итибар бериў керек. Бул өсимлик эволюциясында тоғай топырақларында өсип қәлиплескенин итибардан шетте қалдырмаўымыз зәрүр. Голубика тәрбиясы ушын қандай қурамдагы торф талап етиледи, голубика нәлин егиў ушын қыйтақ жер ямаса дала аймақлары егислик майданларының қайсы орнын таңлаў керек? Голубиканың орташа өсиўи, раўажланыўы ҳәм өним бериўи ушын кислоталы топырақ зәрүр. Соның ушын топырақтың кислоталық дәрежеси турақлы түрде тексерип турылыўы, зәрүр жағдайларда оның кислоталығын арттырыў илажларын көриў зәрүр. Республикамыздың топырақ орталығы нейтрал рН көрсеткиши 6,5-7 болғанлығы себепли бул өсимлик ҳәзирги күнде үлкен түбеклерде жетистирилмекте.

    Топырақтың кислоталығы 4-4,5 аралығында сақлап турыў ушын болса өзине тән илажлар талап етиледи.

    Егер жер майданы голубика егиў ҳәм тәрбиялаў ушын белгиленген талапларға улыўма жуўап бермесе, бул жағдайда 30-50 литр көлемдеги түбеклерде арнаўлы субстратлардан салып тәрбиялаў арқалы узақ жыллар даўамында өним жетистириў мүмкин. Буның ушын арнаўлы таярланған топырақ араласпасы түбеклерге салынып, ҳәр бирине бир түптен нәл егиледи ҳәм пута жағдайына қарап, талап дәрежесинде жылына үстинги бөлеги жаңаланып барылады. Егилген нәллер 2-3 жастан баслап өним бере баслайды ҳәм ҳәр бир түптен орташа 3-4 килограммға шекем өним алынады. Өнимдарлық өсимлик жасы ҳәм тәрбиялаў технологиясына қарап артып барады. Голубика көп жыллық пута есапланып, орташа 50-60 жыл даўамында өним бериўи аниқланған. Бес-алты жылдан кейин бир мәўсимде гектарынан 15 мың килограмм әтирапында зүрәәт жыйналып алынады.

    Голубика мийўелериниң писиў даўамлылығы 1-1,5 ай даўам етеди. Түриниң ҳәр түрлилигине ҳәм ықлымына қарап, бул май-июнь айларына туўра келеди. Ҳәр бир сорт писиў дәўиринде 3 мәртеден 5 мәртеге шекем өним береди.

    Баҳалы ҳәм экспортқа қолайлы мийўелерден бири болған голубиканы республикамыздың топырақ-ықлым шараятында нәтийжели көбейтиў ҳәм жетистириў технологиясы бойынша да илимий-изертлеў жумыслары әмелге асырылымақта.

    Ташкент ўәлаятының Ташкент районында “World Ekzotik Agro” ЖШЖ тәрепинен голубика жетистириў жумыслары жолға қойылған. Илим ҳәм өндиристи интеграциялаў мақсетинде 2024-жылдың декабрь айында Ташкент мәмлекетлик аграр университети ҳәм "ЖШЖ" арасында бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылып, студентлер, магистрантлар ҳәм докторантлар мийўелер бойынша оқыў әмелиятлары ҳәм илимий-тәжирийбе жумыслары әмелге асырылмақта. Итибарлы тәрепи, университеттиң бакалавр студентлери ушын усы кәрханада оқыў ҳәм өндирислик әмелиятларды өтеў менен бирге мийнет ҳақы төленетуғын стажировкаларды әмелге асырыў имканиятлары жаратылды.

    Соны айрықша атап өтиў керек, республикамыздың топырақ-ықлым шараяты ушын жаңа болған бул өсимликти халықтың қыйтақ жерлеринде, дийқан ҳәм фермер хожалықларында жетистириўди жолға қойыў арқалы олардың дәраматларын арттырыў және халықтың саламатлығы ушын жүдә пайдалы бул мийўеге болған талабын қанаатландырыў имканияты жаратылады.

    Ихтиёр НАМОЗОВ,

    аўыл хожалығы илимлериниң доктори,

    Акбар ҚУРБОНМУРОДОВ,

    аўыл хожалығы илимлериниң докторы

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates