Киши режелерден үлкен мақсетлерге өтиў дәўири келди

    Мәмлекетимизде соңғы жыллары халық арасында ҳәм мәмлекетлик уйымларда исбилерменлерге мүнәсибет мазмун-мәниси пүткиллей өзгерди.

    Елимизде исбилерменлик орталығы түп-тийкарынан жақсыланып, исбилерменлик субъектлери, бизнес ўәкиллери жүзеге келип атырған айырым машқалалар артықша сергизданлықлар ҳәм қағазпазлықларсыз жедел шешилмекте.

    Тараў ўәкиллери менен ислейтуғын, ҳуқықлары менен мәплерин қорғайтуғын Бизнес омбудсман, Бас министрдиң қабыллаўханасы сыяқлы жаңа институтлар жумысы жолға қойылғаны себепли жаңа субъектлер кескин көбейип, бурыннан ислеп атырғанларының жумысын кеңейтти. Нәтийжеде мыңлаған жумыссыз жаслар, ҳаял-қызлар бизнесин жолға қойды, жақсы дәрамат дәрегине ийе болды.

    Елимизде ҳәр жылы ашылып атырған жумыс орынларының 90 проценти жеке меншик сектордың үлесине туўра келиўи, ҳәзир бул тармақта 5 миллионнан аслам халық, әсиресе, жаслар мийнет етип атырғаны тараўдың тек ғана экономикалық емес, ал социаллық турмысымыздағы орны да артып атырғанын көрсетеди. Қысқасы, бүгин исбилерменлер дәўири. Олардың нәтийжели жумыс алып барыўы ушын елимизде барлық қолайлық, имканият бар.

    Көрилген илажлардың нәтийжесинде бүгин 100 ден аслам жумысшысы болған кәрханалар 3 мыңға шамаласып, олардағы жумыс орны бир жылда 440 мыңға көбейди. Бул кәрханалардағы жумысшылардың саны 1,7 миллионға жетти. Булардың барлығы экономикамыздың раўажланыўына, халқымыздың абаданлығына хызмет етпекте.

    Итибарлы тәрепи, мәмлекетимизде экономикалық-социаллық тараўды реформалаў, еркин исбилерменлик жумысын жолға қойыў бағдарындағы реформалар логикалық избе-изликте әмелге асырылып келинбекте. 2024-жылы Исбилерменлер күни мүнәсибети менен алдынғы бизнес ўәкиллеринен 37 си орден ҳәм медаллар менен, 104 и "Фаол тадбиркор" көкирек белгиси менен сыйлықланды. "Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен исбилермен" ҳүрметли атағын енгизиў ҳаққында"ғы нызам исбилерменлер ушын және бир хошаметлеўши фактор болды.

    Соның менен бирге, бюджет ҳәм салық сиясатының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде комплексли илажлар әмелге асырылды. Салық салыў системасы әпиўайыластырылып, исбилерменлик ҳәм инвестициялық белсендиликти арттырыўға жәрдемлесетуғын кәрханалар және физикалық шахслар ушын салық жүги азайтылды.

    Мәмлекетимиз басшысының жеке өзи исбилерменлер менен ушырасып, олардың машқалаларын тыңлап атырғаны, усыныс ҳәм пикирлерин еситип атырғаны адамларда исбилерменликке үлкен исеним оятқан. Ашықтан-ашық сөйлесиў нәтийжесинде исбилерменлерди қыйнап келген бир қатар мәселелерге шешим табылды, көплеген жаңа басламалар жәрияланды. Бул, өз гезегинде, киши ҳәм орта бизнес ушын қаржы ресурсларын көбейтиў, бизнести инфраструктура менен тәмийинлеў, ишки базарда тең бәсеки орталығын жаратыў имканиятын жаратты. Енди адамлар алдынғыдай банктен-банкке кредит алыў ушын сергиздан болып жүрмейди. Оларда бизнести баслаў ушын қәлеў болса болды.

    Жаңа редакциядағы Конституциямызда да мәмлекет қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын тәмийинлеўи, исбилерменлер нызамшылыққа муўапық ҳәр қандай жумысты әмелге асырыўға ҳәм өз жумысының бағдарларын еркин таңлаўға ҳақылы екени белгилеп қойылды. Бүгин Бас нызамымызда өз көринисин тапқан нормалар толық әмелге асырылмақта. Соның ушын тек ғана исбилерменлик раўажланған мәмлекетте сапалы билимлендириў, жетискен медицина, абадан турмыс ҳәм ертеңги күнге исеним болады. Ең әҳмийетлиси, бизнести раўажландырыў арқалы қосымша жумыс орынлары жаратылады, кәмбағаллық қысқарады, халықтың дәраматы көбейеди.

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилген Исбилерменлик кодекси болса бул реформалардың логикалық даўамы сыпатында исбилерменлик орталығын сапа жағынан жақсылаў, исбилерменлердиң еркин ҳәм нәтийжели жумыс алып барыўы ушын әҳмийетли ҳуқықый тийкар болды. Себеби, исбилерменлик жумысына байланыслы 5000 ға шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет бар болып, олар оғада көплиги зәрүр болған нызамшылық ҳүжжетин тез табыў ҳәм әмелде қолланыўда қыйыншылықларды келтирип шығарып атырған еди. Бул ҳүжжет бул бағдардағы барлық қыйыншылыққа шек қояды, исбилерменлер тәрепинен бирден-бир кодекске мүрәжат етип, өз сораўларына жуўап алыў имканиятын береди.

    Кодексте ҳәзирги ўақытта 88 жумыс түри менен шуғылланыўы мүмкин болған жеке тәртиптеги исбилерменлер, мүмкин болмаған жумыс түрлерин белгилеп, нызамшылықта қадаған етилмеген ҳәр қандай жумыс пенен шуғылланыў ҳуқықы белгиленди. Исбилерменликти мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўдың шегаралары ҳәм тәртипке салыў түрлери беккемленди.

    Президентимиздиң 2024-жыл 20-декабрь күни елимиздеги белсенди исбилерменлер менен видеоселектор тәризинде өткерген сөйлесиўинде тараўды қоллап-қуўатлаў бойынша жыл жуўмақлары ҳәм 2025-жылға мөлшерленген режелер додаланып, тараўды және де раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилди.

    Өзбекстан Республикасы Президенти жанында дүзилген Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша жәмийетлик кеңес мәмлекет ҳәм исбилерменлер арасында көпир болып, анық усыныслар билдирмекте. 2024-жылдың өзинде исбилерменлер жумысы ушын оғада әҳмийетли 5 нызам, 101 пәрман ҳәм қарар қабыл етилгени мәмлекетте бизнес орталығын және де жақсылаўға хызмет етпекте.

    Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 27-декабрьдеги "Исбилерменлер ушын тең шараятлар ҳәм әдил бәсеки орталығын тәмийинлеў бойынша гезектеги илажлар ҳаққында"ғы пәрманы елимизде бизнес орталығын және де жақсылаў ҳәм исбилерменлер ушын кең имканиятлар жаратыўға қаратылғаны менен әҳмийетли болды. Оған бола, қосымша қун салығы ҳәм пайда салығы ставкалары 2028-жыл 1-январьға шекем арттырылмайтуғыны белгиленди.

    Усы жылдың 1-январынан 2028-жылдың 1-январына шекем тигиў-трикотаж, аяқ кийим ҳәм былғары санааты бағдарларында өндирис жумысын алып барып, белгиленген шәртлерге жуўап беретуғын исбилерменлер ушын пайда салығы ҳәм хызметкерлери ушын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының ставкасы 1 процент етип белгиленди. Усы жылы 1-апрельден дәраматына қарамастан, фармацевтика өнимлери саўдасы менен шуғылланыўшы ямаса медициналық хызмет көрсетиўши юридикалық шахслар ҚҚС төлеўшилер деп тән алынады.

    Исбилерменлерге сыртқы қаржы базарларына шығыўға жәрдемлесиў орайының шөлкемлестирилгени әйне пайдалы болды. Себеби, бул орай исбилерменлерге халықаралық финанс институтлары, сырт ел финанс шөлкемлери ҳәм басқа да кредит шөлкемлеринен мәмлекет кепиллигисиз қаржыларды тартыў бойынша консалтинг хызметин көрсетеди. Орайда ҳәр жылы 100 исбилерменлик субъектине хызмет көрсетиледи.

    2025-жылы айланыс қаржыларын толтырыўға ажыратылатуғын кредитлер ушын "Саўданы раўажландырыў компаниясы" АЖға 100 миллион доллар муғдарында қосымша қаржы ажыратылады.

    Сондай-ақ, 2025-жыл 1-январьдан бажыхана шегарасынан алып шығылып атырған ҳәр бир килограмм пахта ийирилген жип ушын жыйым оның экспорт баҳасынан 2 процент муғдарында, бирақ 0,05 АҚШ долларынан көп болмаған муғдарда, бажыхана шегарасынан алып шығылып атырған ҳәр бир килограмм трикотаж гезлеме ушын болса жыйым оның экспорт баҳасынан 1 процент муғдарында орнатылыўы белгиленди.

    Бүгин жаңа Өзбекстанда исбилерменлик ететуғын дәўир келди, деп айта аламыз. Ҳәзир мәмлекет - исбилерменге, исбилермен болса халыққа жәрдемши болмақта. Бул, өз гезегинде, халықтың бәнтлигин арттырыў, адамлардың жасаў шараятларын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға тийкар жаратпақта. Бул процесслердиң табыслы ҳәм жоқары нәтийжели болыўында бул пәрман беккем ҳуқықый тийкар болады.

    Одинахон ОТАХОНОВА,

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты