Таллаўшылардың есап-санақларына бола, 2025-жылға барып, адамлар ҳәм машиналар арасында мийнеттиң бөлистирилиўи 85 миллион жумыс орнын жоғалтыўға алып келиўи мүмкин. Бир қараста үлкен жоғалтыў сыяқлы көринеди. Бирақ, дәўирдиң мине усы жеделлиги жумыс орынларын қысқартыў менен шекленбейди, абзаллықлары да жүзеге шығады. Адамлар, машиналар ҳәм алгоритмлер арасындағы жаңа мийнет бөлистирилиўине бейимлескен 97 миллион жаңа кәсип ийелери пайда болыўы күтилмекте.
Бул мағлыўматларды бийкарға келтирмегенбиз. Социаллық-экономикалық мәселелердиң барлығына билимлендириў арқалы шешим табылады. Мийнет базары талапларының күн сайын өзгерип барыўы да оқытыў системасының алдына жаңадан-жаңа мәселелерди қояды. Жумысшы күшиниң маманлығын турақлы арттырып барыў ҳәм базар талапларына бейимлестирип барыў солардың қатарына киреди.
Арқада қалып атырған жыллар, өтип атырған ҳәр бир дәўир өзиниң жуўмағын береди. Быйылғы оқыў жылында билимлендириў системасында әмелге асырылған реформаларды жуўмақласақ, кадрлар таярлаў процесин экономиканың раўажланып атырған тармақ ҳәм тараўларына мәнзилли бағдарлаўға айрықша итибар қаратылғанына гүўа боламыз.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 24-майдағы "Жоқары билимлендириў шөлкемлерине оқыўға қабыллаў ҳәм мәмлекетлик буйыртпаны жайластырыў системасын жетилистириў ҳаққында"ғы пәрманында жоқары билимлендириўге қабыл етиўде кадрларға болған талапты есапқа алыў белгиленген. Бул - мийнет базары үйрениледи ҳәм мине усы таллаў себепли келешекте питкериўшилер жумыс табыўда қыйыншылық көрмейди, дегени.
2024/2025-оқыў жылы қабыллаўынан баслап усы бағдардағы өзгерислер старт алды. Мәмлекетлик буйыртпа параметрлерин мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери кесиминде бөлистириў әмелияты бийкар етилди. Анығырақ етип айтқанда, мәмлекетлик буйыртпа тараўдағы өзгерислерге сәйкес түрде өзгерип туради. Мысал ушын, быйылғы оқыў жылы бойынша квоталарды бөлистириўде инженерлик, медицина, анық ҳәм тәбийий пәнлерге үстинлик берилди. Бирақ, бул бағдарлар он жыллар даўамында өз үстинлигин сақлап қалады, дегени емес. Мийнет базарының талаплары турақлы үйренген ҳалда ҳәр оқыў жылында қайсы тараўлар жоқары квота алыўы белгилеп барылады. Дипломлы жумыссызлар санының артыўына жол қойылмайды. Бир ҳақыйқатты айтып өтиў керек: усы ўақытқа шекем бизди қыйнап киятырған тийкарғы машқала кадрлар ҳәм жумысқа талап арасындағы тең салмақлылықтың бузылыўы еди. Жоқары билимлендириў системасында жумыс алып барып атырған инсан сыпатында таяр кадрлардың мийнет базарында өз орнын таба алмайтуғыны, жыллар даўамында жумыссыз жүретуғыны ямаса басқа бағдарларда мийнет етип, "оқыўдың пайдасы жоқ, ана диплом шаң басып жатыр" деген жуўмаққа келиўи кеўлимизди аўыртатуғын еди. Квоталарға берилетуғын үстинликти мийнет базарының талапларына бола белгилеў мине усы аўыр машқалаға өз ўақтында табылған шешим болды.
Бул қалай әмелге асырылыўы да ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетте анық белгилеп қойылған. 2025-жылдан баслап мәмлекетлик буйыртпаның параметрлери Экономика ҳәм қаржы және Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрликлериниң мағлыўматлары тийкарында қәлиплестириледи. Жуўапкерлер жоқары мағлыўматлы кадрларға талапты прогноз етип барыўы нәтийжесинде мәмлекетлик буйыртпа ҳәр 4 жылда жаңаланады. Демек, квотаны арттырыў ямаса азайтыў аналитикалық жуўмақлар тийкарында шешиледи.
Кеше ғана биз ушын жаңа есапланған кәсиплер бүгин екинши өмирин жасамақта. Түсиникли болғанындай, кәсиплер базары да күн сайын түрленип барады. Ақыллы қарар нәтийжесинде 2024-жылдың ақырына шекем мийнет базарында күтилип атырған өзгерислер илимий изертлениўи зәрүр екенлиги белгиленди. Бул процесте әҳмийетин жоғалтып баратырған ҳәм жаңадан пайда болатуғын кәсиплер (лаўазымлар) дизими, оларға қойылатуғын маманлық талаплары ҳәм компетенциялар қәлиплестириледи. Топланған мағлыўматлар тийкарында болса 2025-жыл 1-майға шекем "Өзбекстан жаңа кәсиплер атласы" электрон платформасы жаратылады. Әҳмийетли тәрепи бул атлас ҳәр жылы жаңаланып барылады.
"Кадрлар таярлаўда үлкен дәўир ушын анализ алынады ма?" деген сораў пайда болыўы мүмкин. Себеби, жедел заманда бүгин әҳмийетли деп билген кәсибиңиз ертең әҳмийетин жоғалтыўы мүмкин. Усы жылы 6-май күни Президентимиз жанында өткерилген презентацияда тараў жуўапкерлериниң алдына кәсиплик билимлендириўде ме, жоқары билимлендириў системасында ма - таярланып атырған кадрлар базары болыўы керек екенлиги биринши гезектеги ўазыйпа етип белгиленди.
Бакалавриатта 306 бағдарда кадрлар таярланатуғын еди. Үлкен сан ҳәм тәбийий түрде, сонша бағдар зәрүр ме, деген орынлы сораў пайда болады. Айырым бағдарларда билим алған питкериўшилерди келешекте кәсип пенен тәмийинлеў машқаласының пайда болыўы талланып, быйыл 306 бағдардан 183 билимлендириў бағдарына түсирилди.
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң мағлыўматларына бола, мийнет базарында талап болмаған 241 кәсип ҳәм қәнигеликлер классификатордан шығарылып, мийнет базарына жаңадан кирип келген 24 кәсип ҳәм қәнигеликлер классификаторына киргизилген.
Классификаторға жаңадан киргизилген кәсиплер қатарынан санаат IТ-технологияларына хызмет көрсетиў, ақыллы үй жойбарлаў программисти, мультимедиа қурылмалары ҳәм қосымшаларына хызмет көрсетиў бойынша қәниге, қуяш панеллерин орнатыў ҳәм техникалық хызмет көрсетиў бойынша слесарь сыяқлы кәсиплер орын алған. Демек, кадрлар таярлаў бағдарында мине усы анализлер есапқа алынады.
Бизде ҳәзир "жасалма интеллект инсанның нанын ярым етеди, жумыс орынларын ийелейди", деген қәўип бар. Бирақ, келешекте технологиялық раўажланыў нәтийжесинде пайда болатуғын жаңа жумыс орынларын жасалма интеллект емес, жасалма интеллект имканиятларынан үнемли пайдалана алатуғын инсанлар ийелейди. Яғный, жасалма интеллектти де инсан басқарады. Кәсиплерге қойылатуғын маманлық талапларын таллаў, жаңалап барыў соның ушын да зәрүр.
Дәўир тез пәт пенен өзгерип атырған бир ўақытта перспективалы тараўларда каръера қурыў ушын зәрүр билим ҳәм маманлықты ийелеўдиң өзи жетерли емес. Заманагөй мийнет базарының шақырықларына өз ўақтында жуўап бериў ушын билим ҳәм маманлықты үзликсиз жаңалап барыў зәрүр. Бундай қатнас финанслық турақлылыққа ерисиўдиң кепили болып есапланады.
Сырт ел басылымларынан биринде "2050-жылға барып тәжирийбе, шеберлик ҳәм мағлыўматы ҳеш кимге керек болмаған адамлардың жаңа категориясы пайда болады. Бундай "пайдасыз адамлар" ушын сәйкес жумыс табылмай қалады", деп жазылған еди. Бул сөзлер әпиўайы мағлыўмат сыяқлы көринетуғын болыўы мүмкин, бирақ кадрлар таярлаў системасын, тараўда жумыс алып барып атырған педагогларды терең ойға қалдырады. Көз алдыңызға келтириң: жыллар даўамында оқыған, үйренген тараўыңыз соңында пайдаланыўға жарамай қалса... Әлбетте, бул бир шахс ушын емес, пүткил жәмийет, мәмлекет ушын бир қатар машқалаларды келтирип шығарады. Мәмлекет қаншелли көп қаржы, жоқары оқыў орынлары үлкен мийнет жумсап жетистирген кадрлар мийнет базарында орнын таба алмаса, экономикалық машқалалардың көлеми де кеңейеди. Жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқытылып атырған билимлендириў бағдары ҳәм қәнигеликлерин жақын ҳәм орта келешекте пайда болыўы күтилип атырған келешек кәсиплерине сәйкес түрде жаңалап барыў бүгинги күнниң ең әҳмийетли талабы. Мине, усы талапты қанаатландырыўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылып атырғаны болса күн келип жоқары нәтийже береди.
Бекзод ХОЖАЕВ,
педагогика илимлериниң докторы, профессор