Өзбекстан – ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет. Конституциямызда ҳәмме ушын ҳүждан еркинлиги кепилленген. Мың шүкир, елимизде миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик орталығы ҳүким сүрмекте. Барлық дин ўәкиллери сыйыныў әмеллерин емин-еркин орынламақта.
Соңғы бес жылда диний-ағартыўшылық тараўға байланыслы 3 нызам, 4 Президент пәрманы ҳәм көплеген қарарлар қабыл етилди. Мәжилисте олардың орынланыўы дин ўәкиллерине хызмет етип атырғаны атап өтилди.
Атап айтқанда, елимиз мусылманлары ушын шараятларды жақсылаў мақсетинде 100 ден аслам мешит қурылды. 555и оңланды. Диний шөлкемлер ушын имарат қурылысына жер ажыратыў тәртиби енгизилди.
Ҳаж квотасы бурынғыға қарағанда 2 есеге арттырылды. Кейинги жети жылда 60 мыңнан аслам ўатанласымыз ҳаж әмеллерин орынлады. Умра сапарларын шөлкемлестириў нызамлы тәртипке салынды.
Тараўда маманлық ҳәм илим мәселесине айрықша итибар қаратылмақта. Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилген Имам Бухарий, Имам Термизий ҳәм Имам Мотуридий халықаралық орайлары, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы илимий-изертлеўлерге тийкар болмақта. Ташкент ислам институты, Мир Араб жоқары медресеси, Ҳәдис илими мектеби, Имам Термизий орта арнаўлы билимлендириў мәкемесинде тәжирийбели қәнигелер таярланбақта. Сондай-ақ, 30 мың пуқара «Қураны кәрим ҳәм тажвид» курсларын тамамлады.
Қойымшылықларды абат етиў – саўаплы ис. Соңғы жыллары Абу Иса Термизий, Абу Муин Насафий, Султан Увайс Қараний, Сузук ата естелик комплекслери абат етилди. Имам Бухарий естелик комплекси ҳәм Ислам цивилизациясы орайында қурылыс даўам етпекте. «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен де 90 зыярат етиў орны оңланып, абаданластырылды.
Ислам ағартыўшылығын кеңнен ен жайдырыў ҳәм тәжирийбе алмасыў мақсетинде халықаралық байланыслар де кеңейтилмекте. Соның ишинде, быйыл елимизде «Ислам-жақсылық ҳәм тынышлық дини» ҳәм «Имам Термизий илимий мийрасының ислам цивилизациясында тутқан орны» темаларында халықаралық илимий-әмелий әнжуманлар, Кеңпейиллик ҳәптелиги өткерилди.
Бизге белгили, бүгин кибермәканда қәўип-қәтерлер күшейип бармақта. Шегаралар ҳәм нызамларды тән алмайтуғын интернет тармақлары арқалы радикал идеялар да кирип келмекте. Оның ақыбетинде халықтың салыстырмалы әззи қатламлары, соның ишинде, жаслар ҳәр қыйлы нызамсыз топарлар тәсирине түсип қалып атырғаны аянышлы. Пүткил жәмийетшилик буннан хабардар болыўы, уламалар ҳәм нураныйлар дурыс жолды көрсетиўи керек.
Қоқанд ҳәм Марғулан қалаларының тәжирийбеси тийкарында мәҳәллелерде «Ақсақаллар ҳәм ата-аналар кеңеслери» дүзилгени онда әҳмийетли орын ийелемекте. Елимиз ҳажыларының «Жаңа Өзбекстанның пидайысы болып, руўхыйлық үгит-нәсиятлаўшысына айланамыз» деген басламасы да социаллық жағдайды жақсылаўда унамлы қәдем болды.
Бундай ийгиликли ислерди даўам еттирип, мәҳәллелерде руўхый ағартыўшылық орталықты беккемлеў, жасларды илим менен өнерге шақырыў зәрүр екенлиги айтылды. Жуўапкерлерге социаллық қорғаўға мүтәж шахсларды жәмийетке қайта бейимлестириў, бәнтлигин тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди. Мәмлекетимиздеги диний кеңпейиллик ҳәм миллетлераралық татыўлық бәрқулла итибарда болатуғыны атап өтилди.