Бул комплекс тарийхымызда бурын болмаған үлкен ҳәм сийрек ушырасатуғын жойбар болып табылады. Бүгинги күнде саўлатлы имарат бой тиклеп, қурылыс соңғы басқышқа кирген.
Бул орай Президентимиздиң 2017-жыл 23-июньдеги қарарына муўапық басланып, 2018-жылғы Рамазан ҳайыты күни мәмлекетимиз басшысы оның тырнағына тырнақ тасын қойған еди.
Жүдә уллы орай имараты үш қабаттан ибарат болып, әййемги архитектуралық естеликлеримиз түринде қурылмақта. Миллий гүмбез ҳәм маңлайшалар, нағыслардың әжайып сәйкеслиги оған айрықша көркемлик ҳәм саўлат бағышлаған. Комплекстиң төрт тәрепинде бийиклиги 34 метрлик маңлайшалар, орайда 65 метрлик гүмбез қурылған.
Орайдың ең тийкарғы бөлегинде Қураны кәрим залы қурылмақта. Бул жерде мусылман дүньясының руўхый дүрданасы - әййемги Осман Мусҳафи жайласады. Сондай-ақ, сомонийлер, қараханийлер, хорезмшаҳлар, Өзбекхан, темурийлер ҳәм басқа да тарийхый династиялар дәўиринде жазылған муқаддес китабымыз нусқалары ҳәм олардың ески өзбек тилиндеги аўдармалары қойылады. Дүньядағы ең бийбаҳа қолжазба Қуранлардан үлгилер де орын ийелейди.
- Халқымыздың бай ҳәм бийтәкирар мийрасына байланыслы көплеген китаплар, түрли үлкелерге таралып кеткен қолжазбалар, бийбаҳа мағлыўматлар, көркем өнер дөретпелери, тилекке қарсы, бизге белгили емес еди. Мине усы орай себепли тарийхты үйрениўде үлкен қәдемлер қойдық, жаңа дәреклер пайда болды. Енди булардың тәсири, нәтийжеси қандай болады? Оларды тек ғана естелик сыпатында сақламай, жедел илимий пайдаланыўға киргизиў, халқымызға, жасларымызға түсиникли тилде жеткериў, дүнья жәмийетшилигине кеңнен үгит-нәсиятлаў керек. Бул дәргай тек ғана өтмиш ҳаққында гүрриң ететуғын емес, ал тарийх, бүгин ҳәм келешекти байланыстыратуғын, раўажланыўымыздың тийкарғы бағдарларын белгилеп беретуғын ақыл-ой орайы болыўы зәрүр, -деди Шавкат Мирзиёев.
Комплексте "Исламға шекемги цивилизациялар", "Биринши Ренессанс дәўири", "Екинши Ренессанс дәўири", "Өзбекстан XX әсирде", "Жаңа Өзбекстан - жаңа Ренессанс" сыяқлы бөлимлер шөлкемлестириледи. Президентимиз олардың илимий концепциясы, жаратылған шараятларға айрықша итибар қаратты.
Бул дәўирлер тарийхы ҳәр қыйлы буйымлар, қолжазба дереклер, сүўретлер ҳәм мультимедиа қураллары арқалы көрсетилген. Хорезмий, Ферғаний, Фарабий, Беруний, Ибн Сино, Бурханиддин Марғиноний, Маҳмуд Замахшарий, Мырза Улығбек, Әлийшер Наўайы, Бабур Мырза, Әлий Кусшы сыяқлы алым ҳәм ойшыллардың көп қырлы жумысы ҳаққында мағлыўмат берилген. Имам Бухарий, Имам Термизий, Ҳаким Термизий, Абу Мансур Матуридий, Абу Муин Насафий, Қаффал Шоший, Абдулхолиқ Ғиждувоний, Нажмиддин Кубро, Баҳауддин Нақшбанд, Хожа Аҳрор Валий сыяқлы уламалардың ислам ағартыўшылығына қосқан үлеси ҳәр тәреплеме сәўлелендирилген.
Ҳәзирги ўақытта комплексте Бибиханым, Ханзадабегим, Гавҳаршодбегим, Гулбадан, Нодирабегим, Увайсий, Анбар отин сыяқлы тарийхымызда терең из қалдырған белгили ҳаял-қызлардың илим-мәрипат қәўендери сыпатындағы жумысы да өз көринисин тапқан. Бул экспозиция бүгинги қызлар ушын ибрат үлгиси болып хызмет етеди.
Мәмлекетимиз басшысы орайдың жумысы ҳәм әҳмийети ҳаққында тоқтап өтти.
Ислам цивилизациясының, ислам тәлийматының тийкары - негизинде илим, мәденият, билимлендириў ҳәм тәрбия болып табылады. Биз қурып атырған орайдың бас идеясы, тийкары да усы. Ең әҳмийетлиси - елимиздеги ислам мәденияты менен байланыслы бир неше мың жыллық әййемги өтмиш бир жерде - мине усы комплексте жәмлеседи. Орай менен танысқан адам мине усы тарийхты айқын көрип, ислам дини, бул бәринен бурын, тынышлық, раўажланыў ҳәм кеңпейиллик дини екенин, өзбек халқының дүнья цивилизациясына қосқан уллы үлесин түсинеди, - деди Президент.
Мине, усы ўазыйпадан келип шығып, орайда уллы ата-бабаларымыздың мийрасын терең үйрениў, оны бүгинги күнниң өткир машқалаларына жуўап бере алатуғын турмыслық күшке айландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Буның ушын Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Матуридий атындағы ҳәм басқа да халықаралық илимий-ағартыўшылық шөлкемлердиң жумысын илимий-методикалық жақтан муўапықластырыў, биргеликте заманагөй қәўип-қәтерлерге мүнәсип илимий жуўаплар табыў, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў керек.
- Несип етсе, бул комплекс өзимиздиң архитектуралық тәжирийбемиз, Жаңа Өзбекстанның дөретиўшилик мектеби, илимий-руўхый потенциалымыздың белгиси сыпатында тарийхқа киреди. Ҳәр бир бөлимниң мазмун-мәниси әне усы мақсетке қаратылыўы керек. Сырт елдеги белгили музей ҳәм китапханалар, абырайлы қәнигелер менен бирге ислесиў жолға қойылғаны, китаплар, мақалалар басып шығарылып атырғаны итибарға ылайық. Бул жумыслар турақлы ҳәм илимий тийкарға ийе болыўы ушын жумысты режели шөлкемлестириў керек. Бас мақсетимиз - миллий өзлигимизди аңлаў ҳәм аңлатыў, -деди мәмлекетимиз басшысы.
Орай тәрепинен бир қатар халықаралық илимий мәкемелер ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, ЮНЕСКО, АЙСЕСКО менен тығыз бирге ислесиў орнатылды. 2024-жыл август айында Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында "Уллы ата-бабаларымыздың мийрасы - Үшинши Ренессанс тийкары" атамасындағы VIII халықаралық конгресс өткерилди. Онда 35 мәмлекеттен 200 ге шамалас сырт ел илимпазлары қатнасып, орай бойынша баҳалы усыныс ҳәм пикирлер билдирди.
Қурылыс жумыслары ҳәм экспозиция менен танысыў процесинде Шавкат Мирзиёев орайдың жумысын шөлкемлестириў, оның мазмун-мәнисин және де байытыў ҳәм жетилистириў бойынша зәрүр көрсетпелер берди.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде Ташкенттиң туризм потенциалына бағышланған презентация менен де танысты.
Бундай жойбарлар көп жерлерде басланған. Бектемир, Мырза Улығбек, Мирабад, Юнусабад, Яккасарай, Янгиҳаёт районларында 7/24 тәртибинде ислейтуғын онлаған туристлик мәнзиллер шөлкемлестирилген.
Ташкенттиң ески қала аймағы өзине тән тарийхый әҳмийетке ийе. Бул жерге жылдың барлық мәўсиминде сырт елли туристлер көп келеди. Соның ушын аймақ туризм хызметлерине қәнигелестирилмекте. Соның ишинде, өткен жылы Чорсу базары жанындағы Гүлбазар мәҳәллесинде усындай көше шөлкемлестирилген еди. Абдулла Қадирий атындағы мәденият ҳәм дем алыў бағы да абаданластырылмақта.
Енди буларға үнлес ҳалда гастрономиялық ҳәм туризм көшелерин шөлкемлестириў режелестирилген. Оның ушын 17 көше ҳәм 32 жабық көшелер таңлап алынған. Оларда Ески қаланың өзине тән архитектуралық көринисин сақлап қалған ҳалда, қосымша инфраструктуралар жаратылады.
Соның нәтийжесинде аймақта жумыс алып барып атырған исбилерменлердиң саны 250 ге көбейеди, 1 мың 500 жумыс орны ашылады. Әҳмийетлиси, күнлик туристлердиң саны ҳәзирги 4 мыңнан 11 мыңға көбейиўи күтилмекте.
Жуўапкерлерге исбилермен ҳәм өнерментлер ушын қолайлықларды көбейтиў, саяхатларды мазмунлы ҳәм қызықлы шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.