Ташкент қаласындағы экобазарлардың бирине жол алдым. Үлкен, заманагөй, қыста ыссы, жазда салқын, бир сөз бенен айтқанда, артықша ҳәрекет етпей, тыныш базарлық ететуғын саўда орны. Үлкен бир дем алыў орны екен деп ойлап қаласаң. Бул жерде өнимлердиң ҳәр түринен табыў, қалтаңа қарап саўда етиў мүмкин. Тийкарғысы, өнимлер арнаўлы ыдысларда, таза ҳалда сақланып, экологиялық жақтан талапларға муўапық етип қойылған.
Елимизде барған сайын көбейип баратырған мине усындай заманагөй саўда орынлары, алдынғыларынан түп-тийкарынан өзгеше болған турақ жай комплекслери, дем алыў бағлары, ҳәттеки жаңаша гастрономиялық көшелер мәмлекетимизде қурылыс тараўындағы реформалардың айқын үлгилерине айланбақта. Онда, әсиресе, "жасыл" аймақларды көбейтиўге итибар қаратылып атырғаны адамлардың кеўлиндеги жумыс болып атыр. Қалаберсе, заман раўажланып барған сайын адамлардың талғамы да, зәрүрлиги де артып бармақта. Қала халқының экологиялық жойбарларға талабы артпақта, адамлар көбирек жасыл мәканларға умтылмақта. Соған муўапық жаңа қурылысларға, мүнәсип шараятларға талап пайда болмақта.
Усы жылдың 11-декабрь күни мәмлекетимиз басшысы қурылыс ҳәм абаданластырыў жойбарларының презентациясы менен танысып, жаңа жойбарларда "жасыл" аймақларды көбейтиўге айрықша итибар қаратылатуғынын атап өткени де бийкарға емес. Атап айтқанда, Ташкент қаласындағы Юнусабад дийқан базары орнында үш қабатлы экобазар қурыў, оның жанында қосымша саўда орайы ҳәм зергерлик үйин қурыў режелестирилген. Пайтахтымыздағы Абдулла Қадирий бағында болса рельефтен дурыс пайдаланып, жасыл аймақлар көбейтиледи. Саяхат ҳәм тамаша орынлары, фонтанлар, жаңа планетарий қурылады. Туристлерди тартыў ушын гастро-хол шөлкемлестириледи. Бул Чорсу базары, улыўма, ески қала менен және де үнлес болады.
Экологиялық орталық бирлемши фактор, бирақ...
Сөйлесиўлердиң биринде жас экономист Беҳзад Ҳошимов "Балалықтан не ушын бизиң мәмлекет раўажланған мәмлекетлер қатарында емес, деген сораўға жуўап излеп өскенмен," деп айтқан еди. Ашығын айтқанда, Беҳзад пенен дерлик заманласпыз ҳәм мени де бәрқулла усындай сораўлар қыйнап келген. Не ушын мәмлекетимизде бийик имаратлар дерлик жоқ, турмысымызда үлкен өзгерислер, раўажланыў сезилмейди, көпшилик жаңа технологиялар бир неше он жыллар өткенине қарамастан, елеге шекем елимизге кирип келмегенине сораўларды өзиме көп берер едим. Тап бизлер дүньяның бир шетинде, раўажланыўдан қарама-қарсы тәрепинде жасап атырғандай едик. Мүмкин, соның ушын ҳәзирги экологиялық ҳәм тәбийий ресурслардың азайыўы машқаласы бизди онша тәшўишке салмаған.
Хош, мәмлекеттиң раўажланыўы деген не? Бул экономикалық өсиў, халықтың абаданлығы артыўы, соның менен бирге барлық тараўдың раўажланыўы, жаңа кәрханалар, объектлердиң қурылыўы, заманагөй жумыс, демографиялық орынлардың көбейиўи, мәмлекетке кирип келиўшилердиң саны, демографиялық өсиў ҳәм басқалар. Мине, усындай өсиў фонында тәбийий ресурслардан пайдаланыў, оларға зәрүрликтиң артыўы ҳәм булардың барлығы тиккелей қоршаған орталыққа тәсир ететуғыны да ҳақыйқат. Мәселен, халық санының артыўы менен транспорт ҳәрекети, өндирис қуўатлылығы, энергетика ҳәм басқа да дәреклердиң тутынылыўы да артып барады. Бул, әсиресе, раўажланыў пәти салыстырмалы тез өтетуғын қалаларда көзге тасланады.
Ташкент қаласы буған айқын мысал. Кейинги жылларда пайтахттағы сезилерли өзгерислер ҳәм раўажланыў себепли атмосфераның барған сайын патасланып атырғаны аўыр машқалалардан бирине айланды. Бул тийкарынан санаат тармақлары, транспортлардан шығып атырған зыянлы газ есабынан екени ҳаққында түсиникке ийемиз. Мағлыўматлар да соны көрсетпекте: пайтахтымыз ҳаўа қурамындағы зәҳәрли элементлердиң тийкарғы дәреклери ыссылық тармағы (28 процент), транспорт (16 процент) ҳәм санаат (13 процент) тараўына туўра келмекте. Олардың ҳәр бирин өз алдына таллап, атмосфераға тәсирин санлар, анық тийкарлар менен келтириў мүмкин. Бирақ мәселениң басқа тәрепи бар. Санаатты пүткиллей тоқтатсақ, қурылысларды сапластырсақ, транспорт қуралларының ҳәрекетин шеклеп тасласак, нәтийже қандай болады?! Раўажланыўдан тоқтаў арқалы өзимиз қәлеген таза ҳаўаға ерисе аламыз ба?
Ҳәзир биз ҳәўес ететуғын раўажланған мәмлекетлердиң көпшилиги тап усы жолды басып өткен. Жедел раўажланыў жолы экологияға айрықша тәсир көрсеткенин ҳеш ким жасырмайды. Раўажланыў ямаса экологияны таза ҳалда сақлап қалыўдан биреўин таңлаў имканияты жоқ. Бирақ, раўажланыўдан артта қалып атырған мәмлекетлер де планетамызға барған сайын қәўип туўдырып атырған экологиялық машқалалардан қашық емес. Бундай шараятта раўажланыў ғана әҳмийетли мәселеде жаңа, заманагөй шешимлерди қолланыўға жол ашады. Алдынғы мәмлекетлердиң тәжирийбеси буған мысал. Бул бағдарда ең жаман көрсеткишке ийе мәмлекетлер де жыллар даўамында қатаң илажлар көриў арқалы нәтийжени жақсылаўға ерискен. Мәселен, Колумбияның Богота қаласы патасланған атмосфераны жақсылаў бойынша Латын Америкасында жетекшилик етпекте. Хош, мәмлекет бул нәтийжеге қалай еристи? Ең дәлеп, ески автобуслардан ўаз кешип, оның орнына жаңа электробуслар қатнаўы жолға қойылған. Қалаберсе, бул орында велосипедлер де әҳмийетли екенлиги атап өтиледи. Мағлыўматларға қарағанда, қалада ҳәр күни 1 миллионнан аслам велосипедтен пайдаланылады ҳәм бул арқалы ҳәр жылы атмосфераға 16 мың метр тонна карбонат ангидрид ямаса усы сыяқлы зыянлы газ шығыўының алдын алынады.
Өзбекстан да мине усы жолды - раўажланыўдан ўаз кешпеген ҳалда турақлы экологиялық орталыққа ерисиўди таңлады. Кейинги жыллары экологиялық машқалаларға қарсы ҳәрекетлер барған сайын жеделлескени буның дәлили. Мәмлекетимиз басшысы тек ғана мәмлекетимиз емес, ал дүнья көлеминде алға қойып атырған басламалардың тийкарында қоршаған орталықты сақлаў, тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, глобал климат өзгерислерине дүнья халықлары менен биргеликте бейимлесиў ҳәм оған қарсы гүресиўде ҳәрекетлерди муўапықластырыў мақсети жәмленген. Елимизде 2025-жылдың "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" деп жәрияланғаны мине усы мақсет жолындағы үлкен қәдемлерден бири болды. Мәмлекетимиз басшысы Конституциямыз қабыл етилгениниң 32 жыллығы мүнәсибети менен халқымызға жоллаған байрам қутлықлаўында атап өткениндей, тәбиятты сақлаў - бул инсанды, келешекти сақлаў дегени.
Бул жолда ҳәр қандай ҳәрекет өзин ақлайды. "Жасыл" экономикаға жедел өтип атырған Өзбекстан әмелиятында, әсиресе, экологиялық ҳәм климат өзгерислерине шыдамлы қалаларды раўажландырыў әҳмийетли. Гәп сонда, мәмлекетимиздиң 37,5 миллионнан аслам пуқарасының ярымынан көби қалаларда жасайды. 2050-жылға барып қалалар халқының саны 25 миллионнан артыўы прогноз етилген. Бундай шараятта адамлардың артып баратырған талапларын қоршаған орталыққа зыян жеткермеген ҳалда қанаатландырыў ушын қала инфраструктурасы, атап айтқанда, транспорт, энергетика, шығындыларды қайта ислеў сыяқлы тараўларда системалы реформа зәрүр.
- Қалаларда "жасыл" аймақларды қурыўда дүнья тәжирийбеси белсене үйренилип, халықаралық бирге ислесиўдеги жаңа жойбарлар үстинде исленбекте. Себеби, елимизде экономикалық өсиў пәтине салыстырғанда қала миграциясы жеделлескен. Бул болса халықтың мийнет ресурслары ҳәм мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятындағы айырмашылықты жүзеге келтирмекте, - дейди экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары Илҳом Норқулов. - Бул мәселелер қала хожалығын басқарыў ҳәм режелестириўдиң заманагөй механизмлерин енгизиў ўақты келгенин билдиреди. Процессте қала инфраструктурасын модернизациялаў, қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен кеңнен пайдаланыў, климат өзгериўиниң жергиликли халықтың турмыс тәризи ҳәм инфраструктураға тәсири сыяқлы факторлар режелестириледи.
Тийкарғы итибар "жасыл" ҳәм ықлымға бейимлесиўши қала ҳәм аймақларды қурыўға қаратылған. Бул бағдарда 2025-жыл ҳәм оннан кейинги дәўирде алдымызда әҳмийетли ўазыйпалар тур. Бириншиден, дәслепки басқышта комплексли раўажландырыў ушын ҳәр бир ўәлаяттан кеминде бир район ямаса қала таңлап алынып, жасыл ҳәм экологиялық турақлы турақ жай массивлери, "жасыл" мәҳәллелерде дем алыў бағлары ҳәм суў бойлары қурылады. "Жасыл" жәмийетлик транспортты раўажландырыў, санаат, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў тараўларында "жасыл" көзқараслардан келип шығып исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм буның ушын зәрүр инфраструктура, шараят жаратыў нәзерде тутылған. Кейинги басқыш - 2025-жылдың екинши ярымында арттырылған тәжирийбеден келип шығып, және 30 район-қала жоқарыдағы көзқарас тийкарында раўажландырылады. Буннан тысқары, 2025-жылы аймақлар ҳәм тармақларда "жасыл" және экологиялық принциплерге әмел етилиўин хошаметлеў, есап бериўди күшейтиўге қаратылған мониторинг системасын басқышпа-басқыш енгизиўге кирисемиз. Суўғарыў ҳәм ишимлик суўы тәмийнаты және ысытыў системасын институционаллық жақтан реформалаў ҳәм ресурслардан нәтийжели пайдаланыў бойынша жумысларды жеделлестиремиз. Бул бағдардағы жумысларымыз Жәҳән банки ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң қатнасыўында ислеп шығылған "Урбанизация - 2040" концепциясы жойбары менен үнлес ҳалда әмелге асырылады.
136 мастер-реже ислеп шығылмақта
"Жасыл" қалаларды қурыў аңсат процесс емес. Жойбарды ислеп шығыўдан баслап, әмелге асырыўға шекемги барлық жумыслар узақ ўақыт, пуқта ҳәрекет ҳәм үлкен қаржы талап етеди. Бирақ барған сайын қыйынласып баратырған экологиялық жағдай қаншелли қыйын болмасын, бул жумысларды әмелге асырыў зәрүрлигин жүзеге келтирди. Елимиз халықаралық бирге ислесиўшилер менен шерикликте усы бағдардағы үлкен жойбарларды жеделлестирип атырғанының себеби де сол.
- Қалаларды қурыўда "жасыл" технологияларды қолланыў көплеген қолайлықларды жаратады, - дейди Жәҳән банкиниң қала қурылысы, турақлылық ҳәм жерден пайдаланыў бойынша глобал әмелият бөлими менеджери Кристоф Пуш. - Мысалы, экономикалық нәтийжелиликти алайық. Қалалар тығызланса, қәрежет үнемленеди, социаллық хызметлер раўажланады. Масштабластырыўдан нәтийжели пайдаланып, экологиялық қәўиплерди азайтыўға қаратылған илажларды көриў мүмкин. Бул ҳәрекетлер Өзбекстан ушын да әҳмийетли. Себеби, мәмлекет региондағы басқа да мәмлекетлер сыяқлы климат өзгериўлериниң тәсирин сезе баслады ҳәм жақын он жыллықтағы болжаўлар бул қәўиплер артып баратуғынын көрсетпекте. Өткен жылғы таллаўларымызға бола, Өзбекстанда 2030-жылға шекем 8 миллион адам климат қәўпи жоқары болған аймақларда жасайды. Себеби, мәмлекетте ири урбанизация процеси өтип атыр ҳәм экономикалық жақтан байып баратырған мәмлекет ушын бул тәбийий процесс. Бирақ, анық ҳәрекетлер арқалы жоқарыдағы қәўипти 2050-жылға шекем 90 процентке шекем азайтыў мүмкин. Яғный, раўажланыўдың климатқа унамсыз тәсирин азайтыўға қаратылған ири жойбарлар зәрүр. Бул бағдарда Өзбекстанның белсенди шериклеринен болып қаламыз. Биргеликте жойбарлар ислеп шығып, әмелиятқа енгизбектемиз. Жақын жылларда бул бағдардағы тәжирийбени басқа мәмлекетлерде де үйренип, қолланыўы мүмкин.
Булар - мәмлекетимиздиң "жасыл" экономикаға өтиў жолындағы ҳәрекетлериниң бир бөлеги. Елимизде бул ҳәрекеттиң белсенди басқышы 2019-жылы басланған еди. Соннан берли өткен қысқа мүддетте бир қатар әмелий нәтийжелерге ерисилди. Жуўапкерлердиң мағлыўматына қарағанда, өткен дәўирде "жасыл" экономикаға өтиў, турақлы орталықты сақлаў бағдарында нызамшылық базасы беккемленип, энергетика тараўында 2,6 гигаваттлы 9 қуяш ҳәм 1 самал электр станциясы иске қосылды. Бүгин жәми 1,7 гигаваттлы 5 қуяш ҳәм 2 самал электр станциясы қурылмақта. Бирақ, ўазыйпа тек ғана энергетика системасын реформалаўдан ибарат емес. Экономиканың ҳәр бир тараўы ҳәм тармағы және басқа да бағдардағы жумысларды шөлкемлестириўде "жасыл" экономикаға бейимлесиў тийкарғы принципке айланып үлгерди. Атап айтқанда, "Жасыл мәкан" улыўмамиллий жойбарының көлеми барған сайын кеңейип бармақта. Турақ жайлар ҳәм имаратларды энергия үнемлеўши етип қурыў талабы киргизилди. "Жасыл" жәмийетлик транспорттан пайдаланыў көлеми кеңеймекте. Елимизде электромобиль ислеп шығарыў ҳәм оннан пайдаланыў бойынша хошаметлеўши механизмлер енгизилди.
Ал енди "жасыл" мәҳәллелер, "жасыл" район-қалалар қурыў ҳәрекети басланды. Аймақларды раўажландырыў бойынша бағдарлама ҳәм мастер-режелерди ислеп шығыўда да, бәринен бурын, "жасыл" принциплерди қолланыў тийкарғы нормаға айланбақта. Бундай имаратларды қурыўда қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланған ҳалда энергия тутыныўын тәмийинлеў, климат қәўиплерине жуўап беретуғын қурылыс материалларынан пайдаланыў, турақ жай әтирапында "жасыл" ҳәм экологиялық аймақларды көбейтиў сыяқлы көплеген факторларға итибар қаратылады. Бул бағдарда дүньядағы алдынғы тәжирийбелер үйренилип атырғаны және де әҳмийетли.
- Ҳәзир Бухара, Ферғана, Наманган, Қашқадәрья, Ташкент, Жиззақ, Самарқанд ўәлаятларында жойбарларды әмелге асырмақтамыз, - дейди Түркияның “Studio Vertebra” жойбарлаў-қала қурылысы компаниясының директоры Меҳмет Бекташ. - Мәселен, 2019-жылы таярланған "Бухара сити" жойбарын ислеп шығыўда еки тийкарғы мәселе көтерилди. Бириншиси, Бухараның 2000 жыллық әййемги тарийхы, екиншиси, туризм бағдары. Жойбарда ески қаланың бар тарийхый қәдиринен илҳамланып, жаңа қаланы қурыўға ҳәрекет еттик. Ҳәзир қурылыс жумыслары басланған ҳәм ол жерде турақ жайлар, саўда орайлары, социаллық объектлер, мийманханалар, илимий институтлар болады. Сондай-ақ, "жасыл" аймақларға кең орын ажыратылған.
Халықаралық бирге ислесиўшилер менен бир қатар жаңа жойбарлар бойынша келисимлерге ерисилген. Атап айтқанда, аймақларда "жасыл" принциплерге тийкарланған киши, орта ҳәм бас мастер-реже ислеп шығылып, әмелге асырылады. Германия халықаралық бирге ислесиў шөлкеми менен биргеликте 10 нан аслам район ҳәм қалада мастер-режелер ислеп шығылып, пилот жойбарлар басланған. Усындай басқа да жойбарлар ушын Европа Аўқамы 7 миллион евро, Швейцария ҳүкимети 2 миллион доллар, Азия раўажланыў банки дәслепки басқышта 700 мың доллар грант ажыратқаны белгили. БМШ Раўажланыў бағдарламасы жәрдеминде де мастер-режелер таярланбақта.
- Бүгин елимиздиң 106 район ҳәм қаласында 136 мастер-реже ислеп шығылмақта, - дейди Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң бөлим баслығы Шаҳобиддин Шарипов. - Олар төрт бағдардан ибарат болып, бириншиси 38 районда урбанизацияны раўажландырыў ҳәм халыққа қолайлы шараят жаратыўға қаратылған мастер-реже болып есапланады. Онда көбирек қала орайлары ҳәм қалаға тутас аймақлардағы суў бойларын абаданластырыў, халықтың дем алыўына мөлшерленген "жасыл" аймақлар жаратыўға итибар қаратылады. Екинши бағдарда туризм дәргайлары раўажландырылады. Ҳәзирги ўақытта туризм имканиятынан толық пайдаланылмай атырған ямаса қолайлы инфраструктура жаратылмаған аймақлар бойынша қосымша илажлар ислеп шығылмақта. Үшинши бағдарда жол бойы, жергиликли ҳәм халықаралық автомобиль жолларын раўажландырыўға итибар қаратылады. Төртинши бағдар сырт елли бирге ислесиўшилер менен ислеп шығылып атырған мастер-реже болып, онда сырт елдиң алдынғы тәжирийбеси үйренилип, әмелиятқа енгизилмекте.
Қала қурылысын раўажландырыўда "жасыл" технологияларды көбирек қолланыў тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм үнемлеўге жол ашады. Мәселен, дәстүрий электр энергиясының орнына қуяш панеллерин қолланыў, энергия үнемлейтуғын қурылыс материалларынан пайдаланыў адамлардың күнделикли қәрежетин де азайтады. Қалаберсе, олардың экологияға зыянлы тәсири дерлик бақланбайды. Соның ушын адамлардың өзинде де "жасыл" аймақларда жасаў қәлеўи артып бармақта.
Ирода ТОШМАТОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы