Дүнья халқының дерлик төрттен бир бөлегин қурайтуғын жаслар ўәкиллериниң 89 проценти кем раўажланған мәмлекетлерде жасайды. 2030-жылға шекем дүнья жүзи бойынша жаслардың үлеси 7 процентке артыўы күтилмекте. Бул болса жаслар мәселелерине ҳәм жас әўладты тәрбиялаўға байланыслы машқалаларға итибарды күшейтиў зәрүрлигин талап етпекте.
Мәмлекетимиз басшысы 2017-жылы БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында жаслар ҳуқықлары бойынша конвенцияны қабыл етиў басламасын алға қойыў арқалы жаслар мәселелери бойынша халықаралық жәмийетшилик пенен конструктивлик қарым-қатнасты жолға қойыўды - жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин ҳәм жаслар менен ислесиў нәтийжелилигин арттырыў бойынша алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.
Жаслар машқалаларын шешиў тек ғана бир мәмлекетке тийисли мәселе емес. Өз-ара байланыслы дүньяда жаслар мәселелеринде халықаралық бирге ислесиў, турақлы конструктивлик сөйлесиў ҳәм халықаралық форматлар шеңберинде бар машқалаларға шешим ислеп шығыў бүгинги дәўир талабы болып есапланады.
Мәмлекетимиз халқының улыўма санының 55 процентинен асламын, дерлик 19 миллионын жаслар қурамақта. Сол себепли, жаслар мәселелери мәмлекетимиз сиясатында стратегиялық әҳмийетке ийе. 2024-жыл "Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы" деп аталғаны да бийкарға емес. "Өзбекстан-2030" стратегиясына үнлес рәўиште мәмлекетлик бағдарлама ислеп шығылып, бул бағдарлама тийкарында жыл даўамында жаслар менен ислесиў бағдарында жаңа басламалар әмелиятқа енгизилди.
Елимизде соңғы 8 жылда жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған 120 ға шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди. Президентимиз жаслар сиясатынада да жаңаша көз-қарас ҳәм қатнасты алға қойды. Бул бағдарға ең тийкарғы әҳмийет қаратып, биринши қол қойған ҳүжжети де "Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында"ғы нызам болды.
Бул нызамда Өзбекстанда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларын белгилеп беретуғын социаллық, экономикалық, ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик илажлар өз көринисин тапқан. Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда қатнасатуғын ҳәр бир субъекттиң ўәкилликлери анық белгиленген.
2017-жыл 30-июнь күни мәмлекетимиз жасларының турмысында жаңа бет ашылды. Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты избе-из ҳәм нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысының басламасы менен жаслардың барлық басламаларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған Өзбекстан жаслар аўқамы шөлкемлестирилди. Бул сәне республикамызда Жаслар күни, деп жәрияланды.
Өзбекстан шараятында жаслар менен ислесиў, жас әўлад ўәкиллериниң сиясий, ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын арттырыў, оларды сиясий процесслерге белсене тартыў арқалы беккем пуқаралық позициясын қәлиплестириў, жаслар исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм олар ушын жаңа имканиятлар жаратыў мақсетинде пүткиллей жаңа система қәлиплестирилди.
Бүгинги күнде турмысқа избе-излик пенен енгизилип атырған жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат жаслардың заман талаплары дәрежесинде билим алыўы, өсип-өсиўи, өз билим ҳәм потенциалын көрсетиўи ушын зәрүр шараятларды жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Атап айтқанда, Президентимиздиң 2020-жыл 2-марттағы пәрманы менен тастыйықланған мәмлекетлик бағдарламаға тийкарланып Олий Мажлистиң ҳәр еки палатасы жанында Жаслар парламентлери шөлкемлестирилди. Бул мәмлекетимиздиң ең жоқарғы уйымы болған парламентте жаслардың сөзи ҳәм ҳаўазы жоқары минберлерден жаңлап турыўына хызмет етпекте.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламентиниң 150 ағзасы депутатлар менен биргеликте көплеген басламаларды әмелге асырмақта. Олар тәрепинен жаслардың ҳуқықлары менен еркинликлерин және нызамлы мәплерин қорғаўға байланыслы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша 21 нызам ҳүжжетине 455 усыныс берилди.
Усы жылдың 10 айында Жаслар парламенти ағзалары тәрепинен жәми 2 578 мәрте илажлар, ушырасыўлар шөлкемлестирилип, оларда 580 мыңнан аслам жаслар қамтып алынды.
Жаслар парламенти ағзалары мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте 220 жәмлеспеген жас мәўсимлик, 78 жас болса турақлы жумыс пенен тәмийинленди. Мәҳәлледеги жаслар жетекшилери менен биргеликте социаллық аўыр жағдайда болған 289 жасқа материаллық жәрдем ажыратылыўына, 178 студенттиң төлемли контракт пулларының төлеп берилиўине, 25 жасқа медициналық әсбап-үскенелер алыўына, 1560 жаслардың бийпул медициналық тексериўден өткерилиўине жәрдем берилди. Жаслар парламенти ағзаларының маманлығын турақлы арттырып барыў бойынша 21 мәрте қысқа мүддетли офлайн шеберлик сабағы шөлкемлестирилип, мәмлекеттеги сиясий, социаллық ҳәм экономикалық бағдарлардағы реформалардың мазмун-мәниси түсиндирилди.
Мәмлекетимиз басшысының басшылығында 2023-жыл 11-апрель күни жаслар сиясаты тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмаға муўапық, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламентиниң 150 ағзасы 21 министрлик ҳәм уйымға бириктирилди. Усы жылдың август-ноябрь айларында усы министрликлер ҳәм уйымлар менен киши жумысшы топарлардың мәжилислери шөлкемлестирилди. Телеграм социаллық тармағында өз алдына топарлар қәлиплестирилди. Усы күнге шекем 10 министрликтиң басшылары менен Жаслар парламенти ағзаларының қоспа мәжилислери өткерилип, темаға байланыслы усыныслар билдирилди.
Раўажланыўымыздың ҳәзирги басқышында мәмлекетимиз жасларының сиясий-ҳуқықый мәденияты ҳәм жәмийетлик санасы дәрежесиниң өсип барыўы, жәмийетти демократияластырыў ҳәм либералластырыў процесслериниң жедел раўажланыўы, жас әўладтың илим, спорт тараўында ерисип атырған жетискенликлери бул тараўдағы реформаларды жаңа, және де жоқары басқышқа көтериўимиз ушын зәрүр шараятлар жүзеге келмекте. Себеби, саламат, билимли, мәдениятлы жаслар мәмлекеттиң раўажланыўын ҳәм келешегин белгилеп беретуғын және жәмийетте унамлы өзгерислерди әмелге асырыўда ҳәрекетлендириўши күш болып есапланады. Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат, бәринен бурын, ҳәр бир мәмлекеттиң ишки сиясаты болып, жаслар ҳәм мәмлекет арасындағы қатнасықларды муўапықластырыўға хызмет етеди. Бул ҳеш қашан жуўмақланған система дегени емес. Бул тараўдағы избе-из реформалар дәўир талабы ҳәм ҳәзирги шараяттан келип шығып жетилистирилип барылатуғын үзликсиз процесс болып есапланады.
Заманагөй тенденциялар жас әўладтың турмыслық ҳәм әдеп-икрамлылық қәдириятларына тиккелей тәсир көрсетеди. Бул жағдайда жасларды раўажланыў қатнасыўшысы етиў арқалы оларда реформалардың мазмунын түсиниў, имканиятларды қәдирлеў сезимин қәлиплестириўимиз әҳмийетли саналады.
Президентимиз де жаслар бүгинги реформалардың бақлаўшысы емес, студент, жас илимпаз, мәмлекетлик хызметкер, исбилермен, спортшы сыпатында олардың қатнасыўшысы болыўын және жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда белсене қатнасыўын тәмийинлеўге итибар қаратпақта. Биз жаңа Өзбекстанды қурыўда ерк-ықрарлы жасларымызды халқымыздың ҳақыйқый таянышы ҳәм сүйениши, деп билемиз!
Отабек СОБИТОВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жанындағы
Жаслар парламенти баслығының орынбасары.