Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў илимий-изертлеў институты Қарақалпақстан Республикасы филиалы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 15-июльдағы «Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары тийкарында шөлкемлестирилген.

Ҳәзирги ўақытта филиалда Аўыл хожалығы егинлери ҳәм зыянлы организмлериниң дала анализлери, Энтомология ҳәм биоусыл ҳәм Фитопатология ҳәм гербология лабораториялары жумыс алып барып атырған болса, оларда 10 нан аслам илимий хызметкерлер хызмет етпекте.

Илаж даўамында қатнасыўшылар институт лабораториясында өсимликлердиң кеселлик ҳәм зыянкеслерине қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған илимий бағдардағы илажлар, тараўдағы соңғы инновациялық жаңалықлар ҳәм нызамшылықтағы өзгерислер бойынша мағлыўматлар алды.

Соң илаждың әмелий бөлиминде қатнасыўшылар Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтының бағында болып, бәҳәрги қазыў ҳәм бақлаў жумыслары менен танысты. Зыянкеслердиң тарқалыўын мониторинг етиў мақсетинде әмелге асырылатуғын феромониторинг процесинде қатнасып, жаңадан феромон тутқышлар қойыў илажлары менен танысты ҳәм зыянкеслерди анықлаў ҳәм бақлаўға өз үлеслерин қосып, бул илажларды өз қоллары менен әмелге асырды.

– Ҳәммемизге белгили, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, аўыл-хожалығы өнимлерин жетистириўде жоқары экономикалық нәтийжелиликке ерисиў ҳәм дийқаншылық мәдениятын арттырыў ушын агротехникалық илажларды өз ўақтында әмелге асырыў, өсимликлерди ҳәр қыйлы зыянкеслер менен кеселликлерден қорғаўда илимий жақтан үйренилген тәжирийбелерге сүйенген ҳалда жумыс алып барыў бүгинги күнниң талабы есапланады,-дейди филиалдың үлкен илимий хызметкери Улуғбек Жумамуратов.

Тийкарынан фермерлер ҳәм дийқан хожалықлары менен шәртнама тийкарында оларға тийисли атызлардағы өсимликлерди зыянкеслерден қорғаў менен шуғылланамыз. Илимий тийкарланған усынысларымызды берип барамыз.

Институт өсимликлер карантини ҳәм қорғаў тараўында илимий-изертлеў жумысларын ҳәм излениўлерди алып барыў, тараўды раўажландырыў бойынша узақ мүддетли стратегиялық бағдарларды белгилеў, республика аймағында экономикалық жақтан зыян келтириўи мүмкин болған карантиндеги ҳәм басқа да қәўипли зыянлы организмлердиң фитосанитариялық қәўпин таллаўды өткериў, сырттан келетуғын карантиндеги ҳәм басқа да қәўипли зыянлы организмлердиң кирип келиўиниң алдын алыўға қаратылған илимий тийкарланған фитосанитариялық илажларды ислеп шығыў сыяқлы әҳмийетли функцияларды атқарады.

Сондай-ақ, карантиндеги ҳәм басқа да қәўипли зыянлы организмлердиң ошақларын анықлаў, жоқ етиў ҳәм олардан азат болған аймақларды белгилеў, олардың тарқалыўының алдын алыў ҳәм оларға қарсы шөлкемлескен түрде гүресиў системасын ислеп шығыў, карантин объектлери ҳәм өсимликлердиң басқа да қәўипли зыянлы организмлерин анықлаў ҳәм олардың диагностикасының экспресс-усылларын ҳәм оларға қарсы гүресиў усылларын жаратыў, зыянлы организмлердиң аўыл хожалығы егинлери ҳәм өнимлерине тәсирин илимий жақтан үйрениў, оларды зыянсызландырыўдың инновациялық усылларын ислеп шығыў бойынша шуғылланады.

Пахта, дән ҳәм басқа да аўыл хожалығы егинлериниң зыянкеслер, кеселликлер ҳәм жабайы шөплердиң көбейиўин алдын ала анықлаў, биоэкологиялық өзгешеликлерин үйрениў, зыян келтириў дәрежесине тийкарланған ҳалда оларға қарсы шөлкемлескен түрде гүресиў системасын жетилистириў бойынша изертлеў жумысларын әмелге асырады.

Мағлыўмат ушын, мәмлекетимиз аймағында ушыраспайтуғын карантин әҳмийетине ийе 95 зыянкес, 17 замаррықлы кеселлик, 13 нематодалар, 17 бактериал кеселлик, 32 вируслы кеселлик, 36 жабайы шөплер бар.

Өзбекстанның айырым аймақларында тарқалған карантин әҳмийетине ийе болған зыянлы организмлерден 8 зыянкес, 1 вируслы кеселлик, 3 жабайы шөплер бар.

Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар лобараториялардың жумыслары, бағда әмелге асырылып атырған үйрениў ҳәм кеселликлердиң алдын алыў жумыслары менен танысып, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери.