Мине, усындай илажлар нәтийжесинде өткен жылы дерлик 2 мың мәҳәлледе жумыссызлық машқаласы шешимин тапты. 1,5 мыңнан асламында шаңарақлық ажырасыўлар дизимге алынбаған. 3287 мәҳәлле болса жынаятшылықсыз аймаққа айланды.
Президентимиздиң усы жыл 3-январьдағы "2025-жылы республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында"ғы қарары бул бағдардағы жумысларды жетилистириўде әҳмийетли ҳуқықый тийкар болады.
Қарарға бола, жуўапкер уйымлар ҳәм мәкемелер ушын 2025-жылы ҳәр бир мәҳәлледе ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди. Сондай-ақ, мәҳәллелерде ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған жол карталары және 2025-жылы мәҳәллелерде қәўипсиз орталық жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша мәнзилли илажлар бағдарламасы тастыйықланды.
Ҳуқықбузарлықлардың ерте профилактикасы, бағдарлама ҳәм жол карталарының орынланыўын қадағалап барыў ушын Бас прокуратура жанында республикалық уйымлараралық муўапықластырыўшы жумысшы топар дүзиледи.
Енди жынаят жүз берген мәҳәллелерде илимий шөлкемлер ҳәм билимлендириў мәкемелери тәрепинен илимий қатнаслар тийкарында үйрениўлер өткериледи.
- Мәҳәллелер, жәмийетлик орынлар ҳәм елатлы орынларда қәўипсиз орталық жаратыў, пуқаралардың турмысы, денсаўлығы ҳәм мүлкине ҳәр қандай қәўиплердиң алдын алыў әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады, - дейди Ишки ислер министрлигиниң "Қәўипсиз қала" орайының басшысы Улуғбек Куланов. - Бул жумысларды буннан былай да кеңейтиў мақсетинде мәҳәллелер аймағында ҳәм шаңарақларда ҳуқықбузарлықлар профилактикасына заманагөй санлы технологиялар ҳәм техникалық қуралларды кеңнен енгизиў белгиленбекте. Бул жумыслар "Санлы қәўипсиз мәҳәлле" концепциясы тийкарында аймақларда мәнзилли түрде әмелге асырылады. Онда мәҳәллелердиң тийкарғы кириў-шығыў орынларына шахсты идентификациялаў ҳәм транспорт қуралларының мәмлекетлик номерин таныйтуғын қурылмалар және тәшўиш түймелеринен ибарат интеллектуал системалар орнатылады.
Сондай-ақ, турақ жайлар, көп қабатлы турақ жайлар ҳәм жолларға да видеокамералар, домофон ҳәм техникалық қорғаў үскенелери орнатылады. Нәтийжеде мәҳәлле профилактика инспекторының қолындағы планшет арқалы аймағына кирип шығып атырған гүманлы шахслар ҳәм автомобиллерди жасалма интеллект жәрдеминде қадағалаўшы система жаратылады.
Миграция мәселеси де "мәҳәлле жетилиги" жумысының әҳмийетли бағдары болып есапланады. Өткен жылы усы бағдарда анкета-сораўнама тийкарында сырт елде ўақтынша ислеп атырған, оқып атырған пуқаралар хатлаўдан өткерилди. Миграция балансы қәлиплестирилип, "Санлы мәҳәлле" платформасына киргизилди. Миграциядағы пуқаралардың көпшилиги менен онлайн сөйлесиў алып барылып, 418 мыңнан асламы елимизге қайтарылды, олардың 210 мыңнан асламы жумысқа жайластырылды. Соның менен бирге, сырт елде жумыс ислеў тилегинде болғанлар нызамлы ҳәм тәртипли система тийкарында бағдарланбақта.
- Бүгинги күнде барлық жумыс мәҳәлледе, халқымыз бенен биргеликте шөлкемлестирилмекте, бул система басқышпа-басқыш раўажландырылмақта, - дейди пайтахтымыздың Юнусабад районындағы "Бободеҳқон" мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Дилмурод Бекмуҳаммедов. - Себеби, мәҳәлле халқымызға ең жақын буўын болып табылады. Бул системадағы жумысларды ҳәр бир инсан өз турмысында сезеди, реформалар ҳәм өзгерислер ҳәр бир шаңараққа тезирек кирип барады. Әсиресе, мәҳәлледе тынышлық ҳәм қәўипсизлик орталығы ҳүким сүрсе, жумысымызда берекет ҳәм өним болады. Сол себепли, "мәҳәлле жетилиги" жумысында көплеген әҳмийетли социаллық-экономикалық мәселелер қатарында жәмийетте турақлылықты тәмийинлеў, жынаятшылықтың алдын алыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Бул мәҳәлле белсендилери усы жылы да үйме-үй жүрип, үйлердеги орталықты үйрениў тийкарында жумысының тийкарғы бағдарларын белгилеп алған ҳәм усы тийкарда жумыс алып бармақта. Бул процессте, бәринен бурын, жумыссызлықты сапластырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, миграциядан қайтқанларды мүнәсип жумыс пенен тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер, исбилерменлер менен тығыз бирге ислесиў орнатылыўы нәтийжесинде жумыссызлардың бәнтлиги тәмийинленди.
Қарарға муўапық, бул бағдардағы жумыслардың көлеми және де кеңейип, ўәлаят орайлары ҳәм криминоген жағдай аўыр мәҳәллелерде профилактика киши инспекторының жумысы жолға қойылады. Киши инспектор мийнет мигрантлары, мектеп питкериўшилери ҳәм студентлер менен ислейди. Ишки ислер уйымларында миграция профилактикасы бөлимлери, районлараралық арнаўлы топарлар шөлкемлестириледи.
Сынақ түринде криминоген жағдай аўыр аймақлардағы профилактика бөлимлеринде ҳәкимшилик әмелият топарларының жумысы жолға қойылады ҳәм олар жынаят иси қозғаўдан бас тартыўға байланыслы ҳүжжетлерди үйренип, қурамында ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық болған жағдайлар бойынша ҳүжжетлерди рәсмийлестиреди.
Мәҳәлле ҳуқық қорғаў орынлары иске қосылады. Оған профилактика (үлкен, киши) инспекторлары, ҳаял-қызлар мәселелери бойынша, пробация, жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳәм патруль-пост хызметлери инспекторлары және оператив-излеў хызметиниң хызметкери киргизиледи. Миллий гвардия қорғаў бөлимлериниң хызметкерлери хызмет алып барыўы шөлкемлестириледи. Нәтийжеде 5 ке шекемги мәҳәлле микроаймаққа бирлестириледи ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша оператив ҳәрекетлениў системасы жаратылады.
Баҳор ХИДИРОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы.