Исеним ҳәм социаллық тилеклеслик мәканы
Ғәрезсиз Өзбекстан тарийхының барлық дәўиринде мәҳәлле тек ғана халықтың өзин-өзи басқарыў формасы емес, ал мәмлекетлик сиясаттың мәнзиллилигин ҳәм пуқаралардың күнделикли турмысына ҳақыйқый тәсирин тәмийинлеўши үйлесимли социаллық механизм болып келген. Бүгин Өзбекстандағы мәкан пуқаралар жыйынларының ҳәр биринде орташа 700-800 шаңарақ бар.
2020-жылы Президентимиз биринши мәрте кәмбағаллық машқаласын сапластырыў мәмлекет көлеминдеги әҳмийетли ўазыйпа екенин рәсмий жәриялады. Соннан берли кәмбағаллықты қысқартыў мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Оны шешиўдиң тийкарғы шешимлери мәҳәлле дәрежесинде қәлиплестириле баслады.
Соннан келип шығып, Өзбекстанда мәҳәлле кесиминде ислесиў системасы жолға қойылды. Бул система арқалы мәмлекетлик хызметлер ҳәм жәрдеми ҳәр бир мәҳәлле, шаңарақ ҳәм инсанға избе-из жеткериледи. Социаллық машқалалар әйне мәҳәлле дәрежесинде анықланып, бәнтлик имканиятлары белгиленеди. Киши жойбарлар иске қосылады ҳәм халықтың мүтәж қатламлары мәнзилли қоллап-қуўатланады.
Мәҳәлле кесиминде системаның нәтийжелилигин тәмийинлеўде ҳәким жәрдемшилери ҳәм 2024-жылдан берли жумыс алып барып атырған "мәҳәлле жетилиги" шешиўши әҳмийетке ийе. Мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, профилактика инспекторы, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторынан ибарат "жетилик"тиң биргеликтеги жумысын қоллап-қуўатлаў илажлары ҳәр бир мәҳәллениң социаллық-экономикалық ҳәм өндирислик өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда бейимлестириў имканиятын береди.
Бул система себепли ҳәр бир мәҳәллениң социаллық-экономикалық профили қәлиплести. Бул профилде жумыссызлар саны, дәрамат табыў дәрежеси, бос жер ҳәм имаратлардың бар екенлиги, исбилерменлик потенциалы, инфраструктура шеклеўлери сыяқлы мағлыўматлар сәўлелендирилди. Бул ҳәрекетлер улыўма қоллап-қуўатлаў илажларынан анық мәҳәллеге бейимлестирилген мәнзилли қуралларға өтиўге хызмет етти.
Бундай қатнас кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында жаңа басқышты баслап берди. 1,1 миллионнан аслам кем тәмийинленген шаңарақ ушын индивидуал бағдарламалар әмелиятқа енгизилди. Ҳәзир кем тәмийинленген ҳәр бир шаңарақ пенен өз алдына исленбекте.
Мәҳәлле кесиминде системаның қәлиплесиўи нәтийжесинде кәмбағаллыққа қарсы гүресиў жумыслары әмелий ҳәм басқарылатуғын түрге енди. Бул болса ҳәр жылы 2,5-3 миллиард доллар қаржыны абаданластырыў, адамлардың турмыс дәрежесин жақсылаў, инфраструктура ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға бағдарлаў имканиятын бермекте. 2025-жылы жумыссызлық дәрежеси 4,8 процентке шекем, кәмбағаллық болса 5,8 процентке шекем төменледи. Бул болса танланған моделдиң нәтийжелилигин тастыйықлайды.
Президентимиз Олий Мажлис ҳәм ўатанласларымызға жоллаған Мүрәжатында бүгинги шараятта мәҳәллениң әҳмийетине айрықша итибар берип, соның ишинде, былай деди: "Журт абаданлығы, бәринен бурын, мәҳәлледен басланады. Әйне мәҳәлледеги жол, суў, электр ҳәм транспорт тәмийнаты, бақша, мектеп ҳәм шаңарақлық поликлиникадағы шараятларға қарап, адамлар реформаларымызға баҳа береди. Сонлықтан мәҳәлле системасын раўажландырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары болып келген ҳәм сондай болып қалады.
Мәҳәлле инфраструктурасын түп-тийкарынан жақсылаў арқалы биз мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, оның келбетин және де гөззал ҳәм абат етиў бағдарындағы жумысларды даўам еттиремиз".
Мәмлекетимиз басшысы, социологиялық изертлеў нәтийжелерине бола, пуқаралардың 90 проценттен асламы өзин мәҳәлле жәмийетшилигиниң бир бөлеги сыпатында сезетуғынын атап өтти. Бул социаллық аўызбиршилик ҳәм исеним жергиликли дәрежеден жоқары екенин сәўлелендиреди.
Усы мәнисте, 2026-жылдың "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы" деп жәрияланыўы жаңа қатнастың институционаллық даўамы болды. Енди қабыл етилип атырған қарарлардың нәтийжелилиги анық мәҳәллелер ҳәм шаңарақлар дәрежесинде қандай әмелий нәтийже берип атырғанына қарап баҳаланбақта. Әне усы жерде реформалардың әмелий өлшеми ҳәм узақ мүддетли социаллық-экономикалық нәтийжелери қәлиплеседи.
Қәнигелесиўди тереңлестириў ҳәм
экономикалық имканиятты кеңейтиў зәрүрлиги
2026-жылдың бундай аталыўы мәҳәллениң халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм мәмлекеттиң социаллық сиясатын әмелге асырыўдағы әҳмийетиниң тән алыныўы болды. Бул қарар реформалардың кейинги басқышы ушын анық бағдар берип ғана қоймастан, мәҳәллени социаллық-экономикалық нәтийжелерге ерисилетуғын тийкарғы басқыш сыпатында беккемледи.
Өзбекстанда бүгин 38 миллионнан аслам халық жасайды. Өз гезегинде, халық ҳәр жылы орташа 2 процентке көбеймекте. Бундай демографиялық шараятта социаллық сиясаттың нәтийжелилиги мәмлекеттиң жергиликли дәрежеде жумыс алып барыў ҳәм шаңарақлардың ҳақыйқый турмыс шараятын есапқа алыў қәбилетине тиккелей байланыслы.
Усы жылға мөлшерленген ўазыйпалар орайында мәҳәллелердиң қәнигелесиўин тереңлестириў ҳәм орынларда экономикалық имканиятларды кеңейтиў турады. Тийкарғы бағдарлар сыпатында инфраструктураны раўажландырыў, қаржыландырыў имканиятларын кеңейтиў, жуўапкер хызметкерлердиң маманлығын арттырыў ҳәм мониторинг системасын санластырыў белгиленген. "Мәҳәлле - исбилермен - базар" бағдарындағы байланысларды беккемлеў, сондай-ақ, мәҳәллениң социаллық тилеклеслик ҳәм пуқаралардың экономикалық өзин-өзи көрсетиў институты сыпатындағы абырайын күшейтиў де әҳмиетли ўазыйпаға айланбақта.
Мүрәжатта усы жылға мөлшерленген анық ҳәм өлшемли мақсетлер белгиленген. Соның ишинде, 1 миллион адамды турақлы жумыс пенен тәмийинлеў, 181 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў нәзерде тутылған. Кәмбағаллық ҳәм жумыссызлық дәрежеси 4,5 процентке шекем азайтылыўы зәрүр. Кәмбағаллықтан жырақ мәҳәллелердиң санын 3500 ге жеткериў мөлшерленбекте.
Мәҳәллелердеги машқалалар ҳәм оларды шешиў ноқатларын анықлаўға айрықша итибар қаратылды. Президентимиз аймақлардың экономикалық потенциалын есапқа алған ҳалда қәнигелесиўди тереңлестириў бойынша тапсырма берди. Онда ең машқалалы мәҳәллелерге тийкарғы әҳмийет қаратылады. Олар ушын инфраструктура, электр тәмийнаты ҳәм интернеттен пайдаланыў имканиятын кеңейтиў, сондай-ақ, қыйтақ жерден дәрамат дәреги сыпатында және де нәтийжели пайдаланыў нәзерде тутылмақта.
2026-жылға мөлшерленген ўазыйпалар мәҳәллелерде жумысларды комплексли шөлкемлестириўди нәзерде тутады. Гәп турақлы бәнтликти тәмийинлеў, дәрамат дәреклерин жаратыў, халықты базарда талап жоқары болған кәсип-өнерлерге оқытыў ҳәм пуқараларды исбилерменлик жумысына тартыўға қаратылған хызметлер шеңберин кеңейтиў ҳаққында. Кем тәмийинленген ҳәр бир шаңарақтың ҳақыйқый имканияты ҳәм мүтәжликлерин есапқа алған ҳалда айрықша қоллап-қуўатлаў бағдарламаларын ислеп шығыў зәрүрлиги айрықша атап өтилди. Жойбарлы көзқарас шеңберинде бундай бағдарламалар менен кем тәмийинленген 1 миллион пуқараны қамтып алыў режелестирилмекте.
Усы логика шеңберинде мәҳәлле кесиминдеги система 2026-жылға келип институционаллық қәлиплесиў басқышынан мәнзиллиликти тереңлестириў ҳәм арттырыў басқышына өтпекте. Мүрәжатта мәҳәллелерди жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм шаңарақлардың дәраматын арттырыў бойынша қойылған ўазыйпалар тек ғана сиясий үстинликке емес, ал системалы аналитикалық изертлеўлердиң нәтийжелерине де тийкарланған.
Мәнзилликти күшейтиўде нәтийжелилик
Жаңа қатнастың өзине тәнлиги оның аналитикалық жақтан тийкарланғанлығында. Биринши мәрте аймақлар 20 критерия бойынша терең талланды. Бул 37 "аўыр" категориядағы район ҳәм 903 усы категориядағы мәҳәллени анықлаў имканиятын берди. Әйне усы аймақларда мәмлекетимиздеги барлық кем тәмийинленген шаңарақтың дерлик үштен бир бөлеги, яғный 121 мың шаңарақ, сондай-ақ, барлық жумыссызлардың 21 проценти ямаса 155 мың адам жәмленген. Социаллық-экономикалық қәўип-қәтерлердиң бундай топланыўы ресурсларды мәнзилли бағдарлаўды экономикалық жақтан ақлайды ҳәм оны социаллық жақтан нәтийжели етеди.
Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы мәҳәллелердиң жағдайы, ҳәким жәрдемшилериниң жумыс нәтийжелилиги, бәнтлик ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарламаларының нәтийжелилигин турақлы үйренип бармақта. Бул изертлеўлер институционаллық шеклеўлер, аймақлар арасындағы айырмашылық ҳәм сиясатты әмелге асырыўдағы әззи ноқатларды анықлаўға хызмет етеди. Сондай-ақ, илажларды оптималластырыў ҳәм мәмлекетлик қәрежетинен алынатуғын нәтийжелиликти арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе.
Бул аналитикалық жумыстың улыўмаластырыўшы жуўмақлаўшы басқышы соңғы жылларда мәҳәлле дәрежесиндеги ең кең көлемли эмпирикалық изертлеўлерден бири болды. Сораў 8383 мәҳәллени, яғный 93 процентти қамтып алды. Бул мәҳәллелерде 35,2 миллион адам, соның ишинде, кем тәмийинленген 341 мың шаңарақ жасайды.
Изертлеўдиң кең көлемли екени ҳәм институционаллық имканиятлардың, ҳәм усы структураны буннан былай да раўажландырыў бағдарларының ҳақыйқый көринисин сәўлелендириў имканиятын берди.
Ҳәким жәрдемшилери ҳәм "мәҳәлле жетилиги"ниң жумысы
Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайының баҳалаўына бола, реформаларды әмелге асырыў ушын тийкарғы институционаллық инфраструктура әллеқашан қәлиплесип болған. Ҳәким жәрдемшилери институты дерлик толық енгизилген, тек ғана 90 ға шамалас лаўазым вакант қалмақта. Соның менен бирге, 9000 нан аслам мәҳәлледе "мәҳәлле жетилиги" жумыс алып бармақта.
Бул моделдиң турақлылығы оны енгизиў нәтийжелери менен тастыйықланады. Ҳәким жәрдемшилериниң 96 проценти өз кәсиплик жумысынан қанаатланғанлығын билдирген, 82 проценти болса KPI системасына тийкарланған баҳалаў системасында үлкен машқалаларды көрмей атыр.
Соның менен бирге, изертлеўлер әҳмийетли басқарыў тәреплерин де анықлаў имканиятын берди. Ҳәким жәрдемшилериниң дерлик 45 проценти өз жумысын район ҳәм қала ҳәкимликлери дәрежесинде муўапықластырыў мақсетке муўапық деп есаплайды, 29 проценти болса кәмбағаллықты қысқартыў ушын жуўапкер уйымлар менен және де тығыз бирге ислесиў зәрүрлигин атап өтти.
Мәҳәлле кесиминдеги система жумысының әмелий нәтийжелери де эмпирикалық жақтан тастыйықланды. Мәҳәллелердиң 89 процентинде соңғы 1-2 жылда ислеп шығарылып атырған өнимлер ҳәм көрсетилип атырған хызметлер көлеминиң өсиўи атап өтилген. Мәҳәллелердиң 84 процентинде машқалалы кредитлердиң үлеси азайған, 73 процентинде болса салық тәртиби жақсыланған. Ҳәким жәрдемшилериниң үштен бир бөлегинен көбиреги мәҳәллелерде бәнтлик дәрежеси 30 проценттен зыятқа артқанын атап өтти. 17 процент жағдайда болса мәҳәллелер жумыссызлықтан дерлик аўлақ аймаққа айланған.
Турақлы дәрамат дереги
Изертлеўдиң орайлық жуўмақларынан бири мәҳәллелер қәнигелесиўиниң әмелий жақтан тастыйықланған орны болды. Бүгин мәҳәллелердиң дерлик 9 проценти терең өндирис ямаса хызмет көрсетиўге қәнигелескен болса да, мине усындай аймақларда ең турақлы социаллық-экономикалық нәтийжелер бақланбақта. Бундай мәҳәллелерде жумыссызлық дәрежеси төменирек, социаллық жәрдем алыўшылардың үлеси еки есеге аз, финанслық тәртип болса сезилерли дәрежеде жоқары.
Халықтың дәраматының қурамы да дифференциалласқан қатнас жасаў зәрүрлигин тастыйықламақта. Мәҳәллелердиң 62 процентинде тийкарғы дәрамат дәреги аўыл хожалығы менен байланыслы. Ири қалалар ҳәм экономикалық белсенди аймақларда хызмет көрсетиў, өзин-өзи бәнт етиў ҳәм жалланба мийнеттиң әҳмийети артып бармақта. Бул қоллап-қуўатлаўдың универсал модели барлық аймақ ушын бирдей нәтийжели бола алмайтуғынын аңлатады. Кәмбағаллықты қысқартыўға жаңаша қатнас жасаўда нәзерде тутылған салыстырмалы үстинликлер сиясаты беккем аналитикалық тийкарға ийе.
Изертлеў қәнигелесиўдиң тереңлесиўи ҳәм дәраматтың өсиўине тосқынлық етип атырған машқалалы тәреплерди де жүзеге шығарды. Ҳәким жәрдемшилериниң ярымынан көби кредитке кириў имканиятларын кеңейтиў зәрүрлигин, 14 проценти маман кадрлар жетиспейтуғынын, және 11 проценти жол инфраструктурасы қанаатландырарсыз жағдайда екенин көрсеткен. Аўыллық мәҳәллелерде суў тәмийнаты ҳәм тийкарғы инженерлик инфраструктурасы еле де шешиўши фактор болып қалмақта.
Инсан капиталын арттырыў да әҳмийетли мәселелерден. Ҳәким жәрдемшилериниң баҳалаўынша, исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткенлердиң финанслық саўатлылығы, санлы көнликпелер, шет тиллер ҳәм заманагөй технологиялар бойынша билимин арттырыў зәрүр. Солай екен, билим ҳәм компетенцияларға параллель түрде инвестиция киргизбей тек ғана финанслық қоллап-қуўатлаў турақлы нәтийже бермейди. Усы көзқарастан, инфраструктура, жеңиллетилген қаржыландырыў, субсидиялар ҳәм билимлендириўге бир ўақыттың өзинде инвестиция киргизиўди нәзерде тутатуғын мәмлекетлик көзқарас анықланған структуралық шеклеўлерге сәйкес келеди.
Улыўма алғанда, нәтийжелер "мәҳәлле жетилиги" реформаларды әмелге асырыўдың нәтийжели ҳәм кең көлемли механизмине айланғанын тастыйықлайды. Ҳәким жәрдемшилери арасында KPI системасынан қанаатланыўшылықтың жоқары көрсеткишлери реформалардың кейинги басқышы, сондай-ақ, мәнзиллилик ҳәм жойбарлаў басқарыўын күшейтиў ушын беккем тийкар жаратпақта.
Басқарыў логикасындағы өзгерис
Социаллық сиясат ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў тийкарында мәҳәллебай системасы ҳәм тарийхый қәлиплесип келген мәҳәлле институты салыстырмалы қысқа мүддетте турақлы нәтийжелерди көрсетти.
Соңғы тоғыз жылда халықтың сатып алыў қәбилети 2 есеге артты, 8,5 миллионнан аслам адам кәмбағаллықтан шығарылды, жумыссызлық дәрежеси болса 2 есеге қысқарды. Нәтийжеде орынларда басқарыўдың және де қурамалы ҳәм анық қуралларына өтиў ушын беккем социаллық-экономикалық тийкар жаратылды.
Президентимиздиң атап өткениндей, 2026-жылдың ақырына шекем кәмбағаллықты 2 есеге қысқартыў бойынша қойылған мақсетке 2025-жылы-ақ ерисилди. Бул сиясаттағы әҳмийетли бурылыс ноқаты болды. Енди итибар анық мәҳәллелер ҳәм үй хожалықларында турақлы өзгерислерди беккемлеўге қаратылмақта. Социаллық-экономикалық нәтийжелердиң сапасы ҳәм узақ мүддетли тәсири тийкарғы әҳмиетке айланбақта.
Усы көзқарастан, 2026-жыл реформалардың сапа жағынан жаңа басқышын ашпақта. Кәмбағаллықты қысқартыў сиясаты биринши мәрте әззиликтиң жергиликли себеплерине анық қатнас жасаў системасы сыпатында көринбекте. Қарарларды баҳалаў ҳәр бир мәҳәлле көлеминде халықтың бәнтлиги, дәраматы ҳәм тийкарғы инфраструктурадан пайдаланыўдағы реал өзгерислерге тийкарланады. Басқарыў логикасындағы бундай өзгерис жәмийетшилик исенимин беккемлейди, ресурслардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырады ҳәм реформалардың узақ мүддетли социаллық-экономикалық нәтийжесин қәлиплестиреди.
Нозимжон ОРТИҚОВ,
Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы
директор орынбасары.