Шығысқа тән жаңа жыл басланатуғын қутлы күн - Наўрыз әсирлер даўамында бәҳәр, жақсылық, мийрим-шәпәәт, мийнет ҳәм дөретиўшилик тымсалы сыпатында елимиздиң жәмийетлик-руўхый турмысында шексиз орын ийелеп келмекте.
Бул нурлы әййям кейинги жыллары Ўатанымызда әмелге асырылып атырған "Инсан қәдири ушын, инсан бахыты ушын", деген уллы идеяға үнлес болып, шын мәнисинде улыўмахалықлық байрамға айланды ҳәм мәмлекетимиздиң барлық қала ҳәм аўылларында кеңнен белгиленбекте.
Бул уллы мәўсимниң руўхы ҳәм философиясында жәмленген гуманизм, адамзатты пүткил барлықтың гүлтажы сыпатында қәдирлеў, ана жер ҳәм тәбиятты қәстерлеп-сақлаў принциплери бүгинги күнде турмысымызда және де айқын көзге тасланбақта.
Мине, усындай ийгиликли қәдириятлар себепли елимизде халықтың мәплери ҳәм социаллық қорғалыўын тәмийинлеў, мүтәж қатламларды қоллап-қуўатлаў, жәмийеттиң ҳеш бир ағзасын меҳир ҳәм итибардан шетте қалдырмаў, қала ҳәм аўылларымызды абат етиў, жер ҳәм суў ресурсларынан, барлық тәбият жемислеринен ақылға уғрас пайдаланыў тийкарғы ўазыйпамызға айланбақта.
"Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылы"нда белгиленетуғын быйылғы Наўрыз байрамы сол себепли жаңаша руўх ҳәм мазмунға ийе болады.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен халықаралық байрам сыпатында тән алынған Наўрыз байрамының көп миллетли жәмийетимизде тынышлық, дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын, тилеклеслик руўхын беккемлеўдеги шексиз орны ҳәм әҳмийетин есапқа алып және бул әййямды Жаңа Өзбекстанның бүгинги потенциалы ҳәм абырайына ҳәр тәреплеме мүнәсип тәризде белгилеў мақсетинде:
1. 2025-жылғы Наўрыз улыўма халықлық байрамы мәмлекетимизде "Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!" деген бас идея тийкарында улыўма халықлық сейиллер түринде жоқары дәрежеде белгиленсин.
2. Мәденият министрлиги, Жаслар ислери агентлиги, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы ҳәм "Нураний" қорының усынысына бола 2025-жылғы Наўрыз улыўма халықлық байрамының идеялық-көркем концепциясы (кейинги орынларда - Концепция) 1-қосымшаға муўапық мақуллансын.
2025-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң (кейинги орынларда - Шөлкемлестириў комитети) қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Шөлкемлестириў комитети (А.Н.Арипов) бир ҳәпте мүддетте Ташкент қаласы, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар орайлары, барлық қала ҳәм районлар, аўылларда Концепция тийкарында ислеп шығылатуғын Наўрыз улыўмахалықлық байрамын мүнәсип белгилеў бойынша шөлкемлестириўшилик-әмелий, мәдений-руўхый ҳәм үгит-нәсиятлаў илажларының бағдарламасын тастыйықласын, сондай-ақ, оның әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
4. Орынларда Наўрыз улыўмахалықлық байрамына бағышланған барлық илажларды миллий қәдирият ҳәм дәстүрлеримиз және бүгинги реформаларымыздың мазмун-мәнисине, Концепцияда баян етилген тийкарғы бағдар ҳәм усынысларға сәйкес түрде, жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, оларда ўатанласларымыздың белсене қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылсын:
байрам илажларын турмыстың ояныўы, инсан ҳәм тәбият арасындағы үнлеслик, ана жерге меҳир ҳәм итибарды сәўлелендиретуғын, ўатанласларымызды бүгинги тыныш ҳәм парахат турмысымызды қәдирлеп, шүкиршилик сезими менен жасаўға шақыратуғын тәсиршең мазмун ҳәм түрде өткериў;
мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли демократиялық реформалар, халқымыздың күнделикли турмысы, сана-сезими ҳәм дүнья қарасында жүз берип атырған унамлы өзгерислер Наўрыздың адамгершилик ҳәм инклюзивлик мәнисине, әзелий қәдирият ҳәм дәстүрлерине үнлес екенин сәўлелендириў;
быйылғы Наўрыз байрамы муқаддес Рамазан айында белгилениўин инабатқа алып, кексе әўлад ўәкиллерин, атап айтқанда, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм мийнет фронты ветеранларын ҳәр тәреплеме ҳүрметлеў, "Меҳрибанлық", "Сақаўат" ҳәм "Мүриўбет" үйлеринде жасап атырған шахслар, социаллық қорғаў дәптерлерине киргизилген ҳәм жәрдемге мүтәж инсанлардың ҳалынан хабар алыў, олар ушын байрам дастурханын жайыў ҳәм ҳәр қыйлы қайырқомлық илажларын өткериў;
"Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарында белгиленген илажларды әмелге асырыў, байрам алдынан барлық аймақларда, көше, мәҳәлле, район ҳәм қалаларда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў акцияларын, улыўма халықлық шембиликлерди өткериў;
жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған миллетлераралық дослық ҳәм татыўлық орталығын беккемлеў мақсетинде елимизде жасап атырған түрли миллет ҳәм халық ўәкиллериниң миллий үрп-әдетлери, дәстүрлери ҳәм қәдириятларын кеңнен көрсетиў;
байрам илажлары даўамында өнерментшилик көргизбелери, миллий спорт түрлери бойынша жарыслар өткериў, китап көргизбелери, арзанластырылған аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери ярмаркалары, көшпели саўда дүканларын шөлкемлестириў, бәҳәрги тағамларды таярлаў ҳәм бул бағдарда көргизбели саўда ҳәм таңлаўларды шөлкемлестириў;
барлық қала ҳәм аўылларда өткерилетуғын байрам салтанатларында, ғалаба хабар қуралларында Наўрыз байрамының тарийхы, ҳәр бир аймақта оны белгилеўге байланыслы үрп-әдет ҳәм дәстүрлерди кеңнен үгит-нәсиятлаў;
Ташкент қаласындағы "Жаңа Өзбекстан" комплексинде айрықша бағдарлама тийкарында халық сейиллерин шөлкемлестириў.
Мәденият министрлиги (О.Назарбеков) Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы (О.Ҳасанов), Жазыўшылар аўқамы (С.Саидов) менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте Концепцияға муўапық Ташкент қаласында Наўрыз байрамына бағышлап өткерилетуғын театрластырылған тийкарғы концерт тамашасының бағдарламасы ҳәм сценарийсин ислеп шықсын.
6. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:
а) бир ҳәпте мүддетте Наўрыз улыўма халықлық сейиллерин өткериў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын аймақлық илажлар бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын:
улыўма халықлық сейиллер шөлкемлестирилетуғын тийкарғы майданлар, көше ҳәм қыябанларды миллий усылда байрамға тән безеў;
усы сейил ҳәм тамашаларды жергиликли тәжирийбели сценаристлер ҳәм режиссёрлар, композиторлар, балетмейстерлер, сахна художниклери, талантлы жас атқарыўшылар, фольклор көркем өнериниң ўәкиллери менен биргеликте жоқары көркемлик дәрежеде таярлаў илажларын көриў;
байрам илажлары шеңберинде ҳәр бир аймаққа тән болған халық ойынлары, тамашалар, көргизбелер өткериў, бәҳәрги тағамлар сатылатуғын ашық асханалар шөлкемлестириў;
б) байрам бағдарламаларын ҳәм ғалабалық тамашаларды таярлаўда, көшелер, майданлар ҳәм парклерди безеўде маман қәнигелерден ибарат дөретиўшилик топарларды кеңнен тартсын;
в) барлық илажлар жәмийетлик қәўипсизлик талапларына қатаң әмел еткен ҳалда өткерилиўи тәмийинлесин.
7. Өткерилетуғын байрам илажларының қәрежетлери:
Ташкент қаласында - республикалық бюджет ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджети қаржылары есабынан тең үлеслерде;
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда - тийисли жергиликли бюджетлер ҳәм қәўендерлик қайырқомлықлары есабынан қапланады.
Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, "Дунё" мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды ҳәр тәреплеме сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Социаллық раўажланыў департаментиниң басшысы О.Қ.Абдураҳмановқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президент Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 21-февраль