Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигинде алып барылып атырған түпкиликли реформалар, әскерий бөлим ҳәм мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын жетилистириў ҳәм әскерий хызметкерлердиң кәсиплик таярлығын арттырыў мақсетинде 2026-жыл 30-январь күни пресс-тур шөлкемлестирилди.

Илажда Қорғаныў министрлигиниң жуўаплы қәнигелери ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты. Олар Шыршық қаласында жайласқан авиация оңлаў заводы, Қорғаныў министрлиги Арнаўлы операциялар күшлери дала оқыў майданы ҳәм Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университетиниң Қурғақлықтағы әскерлер институтының жумысы менен танысыў имканиятына ийе болды.

Дәслеп, пресс-тур даўамында қатнасыўшылар Шыршық авиация оңлаў заводында кең көлемли модернизациялаў жумысларының әмелге асырылғаны, заманагөй “Airbus” маркалы вертолётларға хызмет көрсетиў орайының жумысы ҳәм Су-25 әскерий самолётларын капитал оңлаў ҳәм модернизациялаў жумыслары менен жақыннан танысты.

Шыршық қаласында жайласқан авиация оңлаў заводы директорының сөзлерине бола, 11-класс питкериўшилери ушын да бул жерде жумыс ислеў имканияты бар.

Атап айтқанда, 11-классты тамамлаған жасларды бул завод турақлы жумысқа қабыл етеди. Жумыс баслаў ушын тәжирийбе талап етилмейди, барлық көнликпелер жумыс процесинде үйретиледи.

Завод директорының атап өтиўинше, басланғыш айлық мийнет ҳақы 4 500 000 сумнан басланады, тәжирийбе ҳәм маманлыққа қарап 15 -20 миллион сумға шекем жетиўи мүмкин. Заводта ислеў даўамында кәсип-өнер үйретиледи ҳәм рәсмий сертификат бериледи. Бул сертификат пенен келешекте басқа кәрханаларда да ислеў имканияты бар.

Сондай-ақ, пресс-тур шеңберинде ҒХҚ хызметкерлери полигон объектлеринде жаўынгерлик көнликпелерди жетилистириў, жеке қурамды нәтийжели таярлаў ҳәм олардың әдеп-икрамлылық-руўхый турақлылығын арттырыў ушын жаратылған зәрүр шараятлар менен жақыннан танысты. Бул жерде әскерий хызметкерлер жаўынгерлик ҳәм арнаўлы таярлық шынығыўларын шөлкемлестириўдиң жаңа усылларын әмелде орынлап, кәсиплик көнликпелерин беккемлейди.

Заманагөй санлы технологияларды пайдаланған ҳалда киши командирлердиң еркин қарар қабыл етиў көнликпелери ҳәм басқарыў шеберлиги дәрежесин баҳалаўға, сондай-ақ, саўаш майданында тез өзгерип атырған жағдай шараятында әскерий хызметкерлердиң заманагөй қурал-жарақ ҳәм техникадан нәтийжели пайдаланыўдағы кәсиплик шеберлигине айрықша итибар қаратылды.

Пресс-тур қатнасыўшыларына бул дала оқыў майданында бөлимшелер менен өткерилип атырған шынығыўларды бақлаў имканияты жаратылды. Бул шынығыўлар даўамында бөлимшелердиң жаўынгерлик имканиятлары ҳәм олардың биргеликтеги ҳәрекетлери, киши командирлердиң заманагөй санлы технологияларды пайдаланған ҳалда еркин қарар қабыл етиў көнликпелери ҳәм басқарыў шеберлиги дәрежеси, әскерий хызметкерлердиң тез өзгерип атырған жаўынгерлик жағдай шараятында саўаш майданында заманагөй қурал-жарақ ҳәм техниканы нәтийжели қолланыў бойынша кәсиплик шеберлиги көрсетилди.

Пресс-тур қатнасыўшылары Қурғақлықтағы әскерлер институтына да барып, жаңадан шөлкемлестирилген "Санлы полигон", "Идеологиялық полигон", заманагөй класслар ҳәм билимлендириў инфраструктурасы менен жақыннан танысты.

Институт баслығының орынбасары полковник Алишер Шириновтың атап өткениндей, бүгинги күнде жумысты жетилистириўге қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Заманагөй билимлендириў инфраструктурасы объектлери қурылған, курсантлар ушын жаўынгерлик ҳәм руўхый потенциалды раўажландырыўға хызмет ететуғын шараятлар жаратылған. Тийкарғы итибар офицерлердиң еркин пикирлей алыўы ҳәм қарар қабыл етиўде заманагөй көзқарасларға сүйене алыўын тәмийинлеўге қаратылған.

Қорғаныў министрлиги системасында әскерий кадрлар таярлаўдың жаңа системасы енгизилген. Соның ишинде, барлық жоқары әскерий билимлендириў мәкемелери бирден-бир орайласқан системаға бирлестирилип, Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университети шөлкемлестирилди. Сол тийкарда Қурғақлықтағы әскерлер институты заманагөй жаўынгерлик көнликпелерге, физикалық ҳәм руўхый турақлылыққа ийе офицерлерди таярлаўға қәнигелескен.

Институтта 9 билимлендириў бағдары бойынша курсантлар таярланады. Билимлендириў 4 ҳәм 5 жыллық бағдарламалар тийкарында алып барылады, сондай-ақ, әскерий хызметкерлер ҳәм қәнигелер ушын 1 ҳәм 3 айлық қәнигелигин арттырыў курслары шөлкемлестирилген. 13 кафедрада мыңнан аслам курсант билим алады, оқыў "50% теория - 50% әмелият" принципи тийкарында шөлкемлестирилген.

Моделлестириў орайының жумысы ушын жуўапкер полковник Александр Машариповтың атап өтиўинше, курсантлар санлы моделлестириў технологиялары арқалы қарар қабыл етиў, электрон карталарда жағдайды таллаў ҳәм симуляциялық орталықта түрли урыс сценарийлерин сынап көриў имканиятына ийе.

Бул усыл үлкен ресурс жумсамай реал тәжирийбе алыў имканиятын береди.

Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар жоқары әскерий билимлендириў мәкемелери ҳәм әскерий бөлимлерде алып барылып атырған шынығыўлар, заманагөй техника ҳәм қурал-жарақлардан пайдаланыў процесслери, сондай-ақ, курсантлар менен әмелий сөйлесиў арқалы әскерий таярлықтың жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин өз көзлери менен көрди.

Усы тәризде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы ҳәм Қорғаныў министрлиги тәрепинен алып барылып атырған реформалар миллий армияны заманагөй, интеллектуаллық ҳәм физикалық турақлы офицер кадрлар менен тәмийинлеў, қураллы күшлердиң жаўынгерлик потенциалын арттырыўға қаратылғанын және бир мәрте тастыйықлайды.

Зулхумар Акбарова.