Сиз, әзизлерди әййемги ҳәм гөззал Өзбекстан жеринде қызғын қутлықлаўдан оғада қуўанышлыман.
Биз өз мәмлекетлериниң раўажланыўына, халықаралық бирге ислесиў ҳәм өз-ара исенимди беккемлеўге шексиз үлес қосып киятырған белгили сиясатшылар ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлер, халықаралық шөлкемлердиң басшыларынан ибарат абырайлы қурамды Ташкентте, бир шеңберде жыйнаў бағдарындағы басламасы ушын Низамий Ганжавий атындағы халықаралық орайға терең миннетдаршылық билдиремиз.
Бул орай, уллы өзбек шайыры Әлийшер Наўайы "шайырлардың султаны", деп тәрийплеген уллы әзербайжан ойшылы Низамий Ганжавийдиң бийтәкирар дөретиўшилик мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўда әҳмийетли орын ийелеп киятырғанын айрықша атап өтпекшимен.
Низамий Ганжавийдиң терең философиясы, адам ҳәм әлем арасындағы үнлеслик ҳәм әдиллик ҳаққындағы өлмес идеялары бәрқулла әҳмийетли болып, бүгинги қыйын шараятта және де үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтиў керек.
Низамий Ганжавий атындағы орайдың халықаралық күн тәртибиндеги мәселелерди үйрениўдеги белсене қатнасыўы айрықша итибарға ылайық. Оның қәўендерлигинде ҳәр жылы өткерилип киятырған Глобал Баку форумы халықаралық ҳәм регионаллық раўажланыўдың ең әҳмийетли машқалаларын шешиў ушын жаңа идеялар алға қойылатуғын, дүнья көлеминде тән алынған абырайлы сөйлесиў майданларынан бирине айланды.
Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ арасындағы өз-ара байланыслылық мәселелери, усы еки ири регионның Европа менен бирге ислесиў перспективалары бүгинги әнжуманның бас темасы етип белгиленгени оғада әҳмийетли, деп есаплаймыз.
Биз буны өз-ара аўызбиршилик ҳәм бирге ислесиў процесслери жеделлесип атырған Орайлық Азияны дүньяға және де кеңирек таныстырыў, регионлараралық өз-ара байланыслылықты беккемлеў, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Әзербайжанның потенциалы ҳәм имканиятларынан толық пайдаланыў бойынша пикир алысыў ушын бийбаҳа имканият сыпатында қабыл етемиз.
Кейинги жылларда Әзербайжан менен өз-ара исеним ҳәм бир-бирин қоллап-қуўатлаў руўхындағы қатнасықларымыз жедел раўажланып атырғанын, Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғанын, Мәмлекетлераралық жоқары кеңес жумыс алып барып атырғанын атап өтиў керек.
Соның менен бирге, Әзербайжан Орайлық Азия ҳәм Европаны байланыстырыўда стратегиялық көпир ўазыйпасын атқарып киятырғанын да айрықша атап өтиўди қәлер едим.
Бүгинги форумда көплеген ўәкиллери қатнасып атырған Европа менен қатнасықларымыз өзиниң пүткиллей жаңа раўажланыў дәўирин басып өтип атырғанын атап өтпекшимен.
Жақында биз елимизде биринши мәрте "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" саммитин өткердик. Онда регионымыз ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлери арасында стратегиялық шериклик орнатыў ҳаққында тарийхый қарар қабыл етилди. Жақын айларда Европа Аўқамы менен Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қоямыз.
Биз Европа Аўқамы ҳәм басқа да шериклеримиз бенен бирге нәтийжели транспорт-логистика ҳәм энергетика коридорларын раўажландырыў бойынша анық мақсетке бағдарланған жумысларды даўам еттиремиз. Бул илажлар регионымыздың Батыс ҳәм Шығыс арасындағы хаб сыпатындағы ролин қайта тиклеў имканиятын беретуғынына исенемиз.
Биз Әзербайжан Республикасы Президенти ҳүрметли Илҳам Гейдарович Алиевтиң жаңа улыўма регионаллық процесслерди раўажландырыўда қатнасыўға таяр екенин жоқары баҳалаймыз және оның Қубла Кавказ ҳәм Орайлық Азия бирге ислесиўин беккемлеў бағдарындағы ҳәрекетлерин жоқары қәдирлеймиз.
Пурсаттан пайдаланып, дос Әзербайжан халқын үлкен тарийхый жетискенлик - жақында Вашингтонда АҚШ жәрдеминде Армения менен үш тәреплеме Биргеликтеги декларацияға қол қойылғаны менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлаймыз.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Бүгинги күнде Өзбекстан жедел реформаларды исенимли даўам еттирмекте ҳәм биз бул жолда үлкен нәтийжелерге еристик. "Өзбекстан - дүньяға ашық ҳәм өзи ушын дүньяны ашып атырған мәмлекет" деген принцип турмысымыздан беккем орын ийелемекте.
Биз сырт елли шериклер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен узақ мүддетли байланысларды избе-из беккемлемектемиз, бирге ислесиў көзқарасларын кеңейтпектемиз, жаңа алдыңғы идеялар ушын бәрқулла ашықпыз. Биз ҳуқықый, дүньялық, демократиялық ҳәм социаллық мәмлекет болған Жаңа Өзбекстанды қурыў сиясатын избе-из даўам еттиремиз.
Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия регионы ҳәзирги қыйын дәўирде халықаралық жәмийетшиликке бийбаҳа байлық - турақлылық, исеним ҳәм раўажланыўды усынбақта.
Бүгинги жаңа шараятта алдымызда бирге ислесиў бойынша кең перспективалар ашылмақта, өз-ара пайдалы ҳәм еки тәрепке де пайда келтиретуғын мәселелер бойынша биргеликте ислесиў ушын жаңа имканиятлар пайда болмақта, деп есаплайман. Бул бағдарда сизлердиң қоллап-қуўатлаўыңызға ҳәм келешектеги бирге ислесиўиңизге үмит етемиз.
Бүгинги абырайлы ушырасыўдың барлық қатнасыўшыларына нәтийжели додалаўлар ҳәм әнжуман жумысына табыслар тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти