баннер
12 Apr 2025
07:46

    Президент алты мәмлекет елшилеринен исеним жарлықларын қабыллап алды

    Бүгин, 6-март күни сырт мәмлекетлердиң елимизге жаңадан тайынланған елшилери тәрепинен исеним жарлықларын тапсырыўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилер - Египет Араб Республикасынан Тамер Фатхи, Италия Республикасынан Пергабриель Пападиа де Боттини, Қырғыз Республикасынан Дуйшонқул Чотонов, Беларусь Республикасынан Александр Огородников, Грузиядан Давид Котария ҳәм Түркия Республикасынан Уфук Улуташтың исеним жарлықларын қабыл етип алды.

    Мәмлекетимиз басшысы дипломатиялық ўәкилханалардың басшыларын Жаңа Өзбекстандағы абырайлы миссиясы басланғаны менен қызғын қутлықлады.

    Дүньяда қарама-қарсылықлар кескинлесип, геосиясий бәсеки күшейип атырған ҳәзирги дәўирде дос мәмлекетлердиң бир-бирин қоллап-қуўатлаўы ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли екени атап өтилди.

    Бундай шараятта Өзбекстан өзиниң ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясаты менен өз-ара ҳүрмет ҳәм дослықты беккемлеп, дүньяның барлық регионларындағы мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер ҳәм глобал финанслық институтлар менен әмелий шерикликти раўажландырмақта.

    Президентимиз улыўма сиясий ерк-ықрар себепли Орайлық Азия жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм интеграция регионына айланып атырғанын айрықша атап өтти.

    Усы жылы Өзбекстан Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўларында басшылық етпекте ҳәм Ташкент қаласында болып өтетуғын тарийхый саммитке таярлық көрмекте.

    Болып атырған жедел өзгерислер себепли регионымызға қызығыўшылық барған сайын артып, "Орайлық Азия плюс" сөйлесиў майданы кеңейип атырғаны атап өтилди.

    Усы жылдың апрель айында мәмлекетимизде "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити, май айында болса "Орайлық Азия - Араб қолтығы мәмлекетлери" форматындағы екинши ушырасыў болып өтеди.

    Кейинги жыллары Өзбекстанның басламасы менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми шеңберинде 11 резолюция қабыл етилгени айрықша атап өтилди.

    Усы жылы мәмлекетимизде Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясы ҳәм ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы өткерилиўи, 2027-жылы Өзбекстан Қосылмаў ҳәрекетине басшылық етиўи де мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайы барған сайын артып атырғанын тастыйықлайды.

    Өткен жылы тартылған сырт ел инвестицияларының көлеми 35 миллиард долларды қурап, экспорт 27 миллиард доллардан артқан. Жаңа инновациялық форматта өткерилетуғын Ташкент инвестициялық форумына таярлық көрилмекте.

    - Реформаларымыздан гөзленген тийкарғы мақсет - ҳәр бир инсанның мәплерин тәмийинлеў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў, "келешек экономикасы" ҳәм алдынғы инфраструктураны қурыў, тартымлы инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын тәмийинлеўден ибарат. "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде белгилеп алған үлкен мақсет ҳәм режелеримизди әмелге асырыў ушын бизде жетерли потенциал ҳәм имканиятлар, ең әҳмийетлиси, күшли умтылыс ҳәм сиясий ерк-ықрар бар, - деди Шавкат Мирзиёев.

    Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўын қоллап-қуўатлағаны ушын дипломатиялық миссиялардың басшылары ўәкиллик етип атырған мәмлекетлер ҳүкиметлерине миннетдаршылық билдирилди.

    Мәмлекетимиз басшысы Египет Араб Республикасы елшисине мүрәжат етип, бул мәмлекет Өзбекстанның Жақын Шығыстағы исенимли шериги екенин атап өтти.

    Сиясий мәсләҳәтлесиўлер турақлы түрде өткерилмекте. Өткен жылы Ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилиси, 3 ири бизнес форумы табыслы өткерилди. Еки мәмлекет жетекши компанияларының кооперациясы кеңеймекте.

    Египет Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сисидиң мәмлекетимизге сапары еки тәреплеме қатнасықларда жаңа дәўирди баслаўда әҳмийетли ўақыя болатуғыны атап өтилди.

    Египеттиң жетекши шөлкемлери менен компанияларының қатнасыўында энергетика, химия, аўыл хожалығы, геология, туризм, тоқымашылық ҳәм басқа да тармақларда биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў перспективалары атап өтилди.

    Мәмлекетимиз басшысы Араб мәмлекетлери лигасының жақында өткен саммитинде Египет Президенти тәрепинен алға қойылған Газаны тиклеў режесин қабыл етиў басламасын жоқары баҳалады.

    Өзбекстан жетекшиси Италия үлкен сиясий ҳәм экономикалық потенциалға ийе әҳмийетли стратегиялық шерик екенин атап өтти.

    Бүгинги күнде Италия компаниялары менен "жасыл" энергетика, химия, машина қурылысы, жеңил санаат, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, билимлендириў ҳәм туризм тараўларында ири жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.

    Сыртқы ислер министрлериниң "Италия - Орайлық Азия" форматындағы сөйлесиўи даўам етпекте. Турин политехника ҳәм Пиза университетлериниң Ташкент қаласындағы филиалы нәтийжели жумыс алып бармақта.

    Өткен жылы биринши мәрте жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң форумы өткерилди. Жақында Рим ҳәм Виарежио қалаларында Өзбекстан мәденияты күнлери болып өтти.

    Жақын күнлерде Ҳүкиметлераралық жумысшы топар мәжилиси ҳәм бизнес форумы, Ломбардия губернаторының Өзбекстанға сапары ҳәм Аймақлар кеңеси болып өтеди. Буннан тысқары, биргеликтеги инвестициялық фондты шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Италия Бас министриниң мәмлекетимизге жуўап сапарын шөлкемлестириў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди.

    Қырғызстан Өзбекстанның жақын қоңсысы ҳәм стратегиялық шериги болып есапланады.

    Кейинги жыллары товар алмасыў көлеми 4 есеге артты, қоспа кәрханалардың саны 300 ге жетти. Аймақларда автомобиль заводы, тоқымашылық фабрикалары, медицина орайлары, агрокластерлер иске қосылды.

    Өткен жылы декабрь айында "Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан" темир жолы қурылысының басланғаны әҳмийетли тарийхый ўақыя болды.

    Усы айда Хоженд қаласында Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан жетекшилериниң қатнасыўында үш тәреплеме саммит болып өтеди.

    Ҳүкиметлераралық ҳәм парламентлераралық комиссиялар, Аймақлараралық форум ҳәм Исбилерменлер кеңеси жумысының нәтийжелилигин тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Кейинги жылларда Өзбекстан-Беларусь бирге ислесиўи сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди.

    Өткен жылы февраль айында Беларусь Президенти Александр Лукашенконың мәмлекетимизге рәсмий сапары көп қырлы шерикликти кеңейтиўге қосымша пәт бағышлады.

    Товар алмасыў көлеми избе-из артып бармақта, қоспа кәрханалардың саны 240 қа жетти. Жақын күнлерде сиясий мәсләҳәтлесиўлер, Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм исбилерменлик илажлары болып өтеди.

    Мәмлекетимиз басшысы аўыл хожалығы, электротехника, жеңил санаат, денсаўлықты сақлаў, қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўларында кооперацияны күшейтиў зәрүрлигине айрықша итибар қаратты.

    Аймақлараралық, медицина ҳәм билимлендириў форумларын нәтийжели өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Өзбекстан Президенти Грузия Қубла Кавказдағы исенимли шеригимиз екенин атап өтти.

    Өткен жылы товар алмасыў 50 процентке артты. Жүк тасыў көлеми артпақта, банк тараўындағы бирге ислесиў беккемленбекте.

    Ҳүкиметлер ҳәм парламентлер дәрежесиндеги байланыслар жеделлести, мәдений ҳәм туризм алмасыўлары кеңеймекте.

    Грузия Бас министри Ираклий Кобахидзе күни кеше Өзбекстанға әмелге асырған рәсмий сапарының жуўмақлары еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыўында жаңа басқыш болатуғынына исеним билдирилди.

    Товар алмасыўды және де арттырыў, логистика ҳәм транзит, туризм, фармацевтика, аўыл хожалығы ҳәм тоқымашылық тараўларында кооперацияны күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Усы жылы аймақлардың бизнес форумы, миллий өнимлер ярмаркасы, мәденият күнлерин өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Мәмлекетимиз басшысы Түркия елшисине мүрәжат етип, жедел сиясий сөйлесиў себепли еки тәреплеме қатнасықлар кең көлемли стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгенин атап өтти.

    Өткен жылы товар алмасыў 3 миллиард долларға, өзлестирилген инвестициялардың көлеми 2 миллиард долларға, қоспа кәрханалардың саны 2 мыңға жетти. Түркияның жетекши компаниялары менен экономиканың тийкарғы тармақларында ири кооперациялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Ташкентте Түркий мәмлекетлер халықаралық университети шөлкемлестирилмекте.

    Жаңа перспективалы бағдарлар ҳәм анық жойбарларды алға қойыў мақсетинде усы жылы Өзбекстанда жоқары дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң гезектеги мәжилисин шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Мәресим жуўмағында мәмлекетимиз басшысы жаңадан тайынланған елшилерге мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли жумысында үлкен табыслар тиледи, шерикликти беккемлеў ушын барлық имканиятлардан нәтийжели пайдаланыўға шақырды, аймақлар ҳәм жеке меншик бизнес ўәкиллери менен белсене бирге ислесиўди усыныс етти.

    Өз гезегинде, дипломатлар шын жүректен қабыллағаны ҳәм нәтийжели жумысы ушын жаратылған шараятлар ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан менен көп қырлы бирге ислесиўди жедел алға қойыў жолында өзлериниң пүткил профессионал тәжирийбеси ҳәм билиминен пайдаланыўға таяр екенин атап өтти.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech