Бул Өзбекстан ҳәм Глобал Жасыл раўажланыў институты (GGGI) арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға бағышланған илаждың тийкарғы ўақыясына айланды.
GGGI кеңесиниң әмелдеги баслығы Пан Ги Мунның шығып сөйлеген сөзи студентлер, мәмлекетлик уйымлар ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин жәмледи.
Пан Ги Мун өзиниң мүрәжатында климат өзгериўи заманымыздың ең аўыр ҳәм әҳмийетли қәўпи екенин атап өтти.
"Егер биз бул машқаланы дурыс шешпесек, инсанияттың, Жер планетасының келешеги болмайды", - деди ол.
Пан Ги Мун жас әўладты глобал машқалаларды шешиўде жетекшилик етиўге шақырып, турақлы раўажланыўға тек ғана мәмлекетлер, институтлар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң ҳәрекетлерин бирлестириў арқалы ерисиў мүмкин екенлигин атап өтти.
Пан Ги Мун өзиниң "Бөлинген дүньяда миллетлерди бирлестириў: консенсусқа қарай аўыр жол" атлы китабына айрықша итибар қаратты, онда өзиниң жолы ҳәм философиясы толық ашып берилген.
"Бул китапты жазып атырып, мен тек ғана өзимниң тарийхымды емес, ал онлаған жыллық мийнетлерим даўамында алған сабақларымды да жеткермекши болдым: биз бирлескенимизде күшлирек, бөлингенимизде болса күшсизбиз", - деди ол.
Пан Ги Мун Өзбекстан ҳаққында айтып, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа узақты гөзлеген басшылығы ҳәм жедел экологиялық сиясаты ушын миннетдаршылық билдирди. Ол Өзбекстан ҳәм GGGI арасындағы бирге ислесиў және де жасыл ҳәм турақлы келешек қурыў ушын беккем тийкар болып хызмет ететуғынын атап өтти. Сондай-ақ, климат өзгериўине қарсы гүресиўде нәтийжели регионаллық бирге ислесиўдиң үлгиси сыпатында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамының Самарқанд климат форумында қатнасыўы әҳмийетли екенлигин айрықша атап өтти.
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министриниң орынбасары Жусипбек Казбеков өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бүгинги мәжилис тек ғана салтанатлы илаж емес, ал Өзбекстан турақлы раўажланыўға умтылып атырғанының тастыйығы екенин атап өтти.
"Жасыл экономикаға өтиў тек ғана экологиялық зәрүрлик емес, ал "Өзбекстан - 2030" стратегиясында ҳәм 2025-жылды "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылы деп жәриялаў ҳаққындағы қарарда өз көринисин тапқан стратегиялық таңлаўымыз болып есапланады," - деди ол.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев болса Өзбекстанда экологиялық кризис тымсалына айланған, бирақ бүгинги күнде үмит ҳәм турақлы тиклениў өзгешеликлерине ийе болып атырған Аралбойы регионын тиклеў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти. Р.Сапарбаев, сондай-ақ, Пан Ги Мунға Аралбойы келешеги бойынша халықаралық форумды өткериўди қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, бул бийбаҳа регионды сақлап қалыў ушын халықаралық жәмийетшиликтиң ҳәрекетлерин бирлестире алатуғын кең көлемли ҳүжжет - "Аралбойы регионы ушын жасыл пакт"ти жаратыўға жәрдемлесиўди сорады.
Илаж бағдарламасынан GGGIниң Өзбекстандағы ҳәзирги ҳәм келешектеги бирге ислесиў басламаларының презентациясы да орын алды. Арал теңизи кризиси ақыбетлерин сапластырыўға қаратылған Қарақалпақстан Республикасы ушын жуўмақланған "Aral Sea GRIP" инвестициялық жойбары, Тасқын ҳәм қурғақшылықты басқарыў жойбары, Бирге ислесиў бойынша мәмлекетлик бағдарламасы ҳәм "Стратегик экологиялық баҳалаў (СЭБ) бойынша пилот жойбарды әмелге асырыўды қоллап-қуўатлаў" бағдарламасы усылардың қатарына киреди.
Илаж даўамында экологиялық апатшылық ақыбетлерин сапластырыўда турақлы қатнас жасаўдың айқын үлгисине айланған "Aral Sea GRIP" жойбарының тийкарғы жетискенликлери айрықша атап өтилди. Баслама басланған 2021-жылдан берли KOICA жәрдеминде жигирмадан аслам аналитикалық-методикалық материаллар таярлаў, 17 мыңнан аслам мектеп оқыўшылары, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың қатнасыўында кең көлемли ағартыўшылық жумысларын алып барыў, 250 миллионнан аслам халықты қамтып алған кең көлемли мәлимлеме кампаниясын әмелге асырыў имканияты жаратылды.
Илаж жуўмағында турақлы раўажланыў мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети тәрепинен келисилген ҳәм исенимли ҳәрекетлерди талап ететуғыны атап өтилди. GGGI Өзбекстанның жасыл күн тәртибин әмелге асырыўда, соның ишинде, климатты қаржыландырыў механизмлерин кеңейтиў, таза энергия жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм алдынғы экологиялық технологияларды енгизиўде белсене қатнасыўға садықлығын тастыйықлады, деп хабар береди Экология, қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң баспасөз хызмети.