Бүгинги жедел раўажланып атырған дәўирде китап оқыўды қойғанымыз ҳаққындағы сораўға ең көп айтылатуғын жеке жуўаплардан бири - ўақыт жоқ. Бир қарағанда бул аңсат ҳәм кеширимли себеп. Буны қайта-қайта айта берип өзимизди өзимиз исендирип те болдық. Анығырағы, өзимизди ақламақшымыз...

Қолымыздан түспейтуғын телефондағы аралас-қуралас, мәнили-мәниссиз видеокөринислер ҳәм хабарларды сабыр-қанаат пенен ғана емес, саатлап ынтықлық пенен көриў ҳәм оқыўға ўақыт таўып атырмыз ғой. Ўақыт таўып атырғанымыз жоқ, олардың көпшилиги бир тийинға арзымайтуғынын, ҳәттеки зыянлы болыўы мүмкинлигин билип, сезип турсақ та буннан шаршамаймыз, жалықпаймыз. Ямаса жигит-кызлардың өзлери жасап атырған аймақтағы китапхана қай жерде екенлигин билмейтуғынына таңланбай, қайсы бир өнимниң базардағы мыңлаған дүканлардан қайсы биринде сатылатуғынын ядтан билетуғынына ҳайран қаламыз. Булардың бәри баспасөзге, китапқа ҳәм улыўма китап оқыўға қатнасымызды, бүгинги ой-пикиримиздиң қәдири ҳәм баҳасын, ақыр-соңында көзқарасларымыз қайсы деректен азықланып атырғанын, қәлиплесип атырғанын сәўлелендирмей ме?!

Әлем сыяқлы шексиз билим баҳасы

Әййемде бир мәмлекет ҳүкимдарының баласын емлеген тәўип ҳаққындағы рәўиятты билсеңиз керек. Баласы шыпа тапқанынан басы көкке жеткен патша "тиле тилегиңди, қәлегенинди әмелге асыраман", деп айтқанда атақлы тәўип байлық та, ҳәмел де сорамаған. Тек сарай китапханасынан турақлы пайдаланыўға руқсат берилиўин ен үлкен сыйлық деп билген.

Бул ўақыя бүгин кимгедур ертек болып туйылыўы мүмкин. Негизинде илим үйрениўди ҳәр қандай материаллық байлықтан үстин қоятуғынларды ушыратыў мүмкин еместей болып қалған болса да, барлық заманларда табылған. Олар ҳәмме нәрсениң гилти болған илим менен шуғылланыўды турақ жай, машина ямаса басқа қандай да бир үлкен жеңилликке алмастырмайды...

Илим адамлары арасында белгили француз математиги Анри Перельманның үш өлшемли бет ҳаққындағы 1900-жыллардың басында жәрияланған оғада қурамалы гипотезасын дерлик бир әсир даўамында дүньяның атақлы математик алымлары, академиклери шеше алмады. Арадан жүз жыл өткеннен кейин ғана басқа бир алым - Григорий Перельман оны дәлиллеп дүнья алымларын таң қалдырды. Усы жумбақлы болжаўды тийкарлап бере алған адамға алдыннан ўәде етилген бир миллион доллар сыйлықтан ўаз кешип қойғаны болса буннан да ҳайран қаларлық. Кейин ала бул үлкен қаржы түрли қайырқомлық жумысларына, жас илимпазларды қоллап-қуўатлаўға бағдарланған екен.

Бул жағдай пүткил өмири даўамында үлкен қаладағы кишкене үйде бийтап анасы менен кишипейил турмыс кеширип келген бир инсанның шахс ҳәм үлкен илимпаз болып жетилисиўинде китап, билим ҳәм ағартыўшылықтың үлкен тәсири, десек дурыс болады. Бул турмыслық ўақыя ҳаққында жазыўшы Абдуқаюм Йўлдошев қәлемине тийисли "Пуанкаре" атлы көркем-философиялық повесть тийкарында көркем фильм исленгенинен де хабардар болсаңыз керек.

Булардың барлығы тиккелей анаў ямаса мынаў илимпаздың таланты, жеке өзлиги ҳаққында емес. Инсанлардың терең билим, мәденият, ағартыўшылық ийеси болып жетилисиўинде китаптың әҳмийети қаншелли үлкен екенине турмыслық мысаллар ғана.

***

Китап оқыў мәденияты ҳәм мәнаўияты, руўхый дүньясы, өлмес қәдириятлары жәмленген китапханалардың жумысы бүгин де өз әҳмийетин жоғалтқан жоқ. Дурыс, айырым орынларда объектив ҳәм субъектив себеплерге бола олардың саны салыстырмалы азайып кеткенин бийкарлай алмаймыз. Бирақ, бул фактты оқыўға имканият аз деп түсиниўге болмайды.

Мағлыўматларға қарағанда, бүгинги күнде елимизде 13,1 мың мәлимлеме-китапхана мәкемеси жумыс алып бармақта. Бул дизимде алдынғы қатарларды Самарқанд, Қашқадәрья, Ташкент ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары ийелеп тур. Бундай салыстырыўда усы аймақлардың майданы ҳәм халқының саны сыяқлы факторларды итибардан шетте қалдырмаў керек, әлбетте.

Мәмлекетимиздиң улыўма китапхана фонды 43,5 миллион нусқаны қураған ҳалда, ең жоқары көрсеткиш Ташкент қаласында - 14,3 миллион ҳәм Әндижан ўәлаятында - 6,1 миллион нусқада, деп атап өтилген. Бухара ҳәм Наманган ўәлаятларындағы китапханалар фондының ҳәр бири 3 миллион нусқадан асады екен. Изертлеўлерде атап өтилген жақсы мағлыўматлардан бири соннан ибарат, китапханаларымыздан пайдаланыўшылардың ең белсенди топары 15-24 жас аралығындағы жигит-қызлар болып есапланады.

Имканиятлар кеңейсе де китапқа қызығыўшылық төменлемесин

Интернет, санлы технология пайда болғаннан соң, оның имканиятлары дерлик барлық тараўларға, сондай-ақ, китапханаларға да енгизиле баслады. Халық арасында интернет арқалы электрон китап оқыған абзал ма ямаса тийкарғы түринде ме, оның оқыўшылар ушын қолайлылығы, қайсы бири нәтийжели тәсир етиўи сыяқлы тәреплер бойынша көз-қараслар бир қанша пикир-таласларға себеп болды.

Китапханалардың әҳмийети билим алыўымыз ушын неше әсирден берли хызмет етип киятырғаны менен ғана өлшенбейди. Бул темада илим ийелери тәрепинен сан-санақсыз мақалалар ҳәм илимий изертлеўлер жазылғаны бийкарға емес. Сол себепли, теманың бүгинги жағдайына бир нәзер таслаў сөз етилип атырған теманың әҳмийетин терең аңлаўға жәрдем беретуғыны сөзсиз.

Китап, оқыў, китапханалардың қәдири белгили миллетлер, халықлар шеңберинен шығып, әллеқашан улыўма инсаныйлық қәдириятқа айланған.

Халықаралық китапханалар ассоциациясы ҳәм мәкемелери федерациясының мағлыўматына бола, ҳәзир халқының ярымы китапханаға ағза ямаса турақлы пайдаланыўшы сыпатында дизимнен өткен мәмлекетлер бар ҳәм олар буны мақтаныш етеди. Демек, бүгин технология имканиятлары себепли информация ҳәм мағлыўматларды тез табыў мүмкин, делингени менен де китапханалар өз әҳмийетин ҳәм зәрүрлигин жоғалтпаган. Олар бәрибир терең билим алыў, пикирлеўди жетилистириў бағдарында тийкарғы, исенимли дәрек болып қалмақта. Себеби, китаплар, китапханалар социаллық тармақлар сыяқлы кибербуллинг (санлы технология арқалы қорқытыў, сөгиў, алдаўшылық, инсан шахсын қорлаў), дезинформация менен шуғылланбайды. Керисинше, әҳмийетли социаллық институт болып, мәмлекетлик реформалар арқалы алға қойылып атырған демократиялық идеяларды әмелге асырыў, илим ҳәм билимлендириў, социаллық раўажланыў, экономика, мәденияттың раўажланыўына нәтийжели тәсир көрсетеди.

Тилекке қарсы, китапхана зеригерли, ҳеш қандай қызықлы жери жоқ, дейтуғынлар де табылады. Бул жағдай бундай надурыс түсиникке ийе адамлардың китап оқыўға қызығыўшылығы төмен емес, ал оларда китап ҳәм китапхананың жаслар мәнаўияты, келешегине қай дәрежеде унамлы тәсир көрсете алыўы ҳаққында дурыслы түсиник жоқ, деген жуўмаққа келеди.

Мақала жазыў процесинде Чиланзар районында жайласқан Ташкент қаласы "Билим" мәлимлеме-китапхана орайына бардық. Азанда болыўына қарамастан оқыў залында ҳәм басқа да тийисли бөлимлерде ойлағанымнан да әдеўир көп оқыўшы бар еди. Китапханалардың жумыс ўақты саат 9 дан (айырым орынларда 8:30 дан) жолға қойылған. Бул жерде керекли китапты алып, басын көтремей оқыйды, деген ескише түсиниклер әлле қашан гөнерген екен. Бүгин олардың имканиятының пүткиллей илгерилеп кеткенине исенбей болмайды. Тийисли мағлыўматларды алыў ушын емес, кәсибин, керек болса, өмирин тиккелей усы жерге байланыстырған хызметкерлер менен ушырасып, көтерилген мәселе бойынша пикир-усынысларын тыңладық.

- Китапханалардың тийкарғы ўазыйпасы - кең жәмийетшилик пайдаланыўы ушын ҳәр қыйлы бағдардағы баспа өнимлерди жыйнаў ҳәм сақлаў, үгит-нәсиятлаўдан ибарат, - дейди Ташкент қаласы "Билим" мәлимлеме-китапхана орайы директорының орынбасары Севара Худойбердиева. - 173 мың китап фондына ийе китапханамыздың 13 мыңнан аслам ағзасы бар ҳәм бул аз емес. Улыўма, китапханалардың абзаллығы ҳаққында сөз болғанда, бул жердеги китаплар тек ғана тараўларға қарап емес, ал китапқумарлардың жасы ҳәм кәсиби, қызығыўшылықларына қарап та сайлап, системаластырылған.

Китапханалардың тийкарғы үстин тәреплеринен бири - бул жердеги тынышлық. Сонлықтан, бул жерге келгенлерге ҳеш нәрсе кесент етпейди. Керисинше, билим алыўға умтылған ийгиликли пикирлерди уйғынластырады. Китапханамыз бүгин китапқумарларымыздың екинши үйи десем асыра айтқан болмайман. Жумысымыз барысында гүўасы болып көрип атырғанымдай, китапханалар бүгин де жәмийетте өз орнына ийе ҳәм оларға талап аз емес. Информация, көркем, илимий әдебиятларга мүтәжлик барлық жастағы инсанларда бар. Дурыс, бүгин көпшилик жасларды кеўилашар орайларда ушыратыў мүмкин. Бирақ, жумысымнан келип шығып айтыўым мүмкин, китапханамыз ағзалары, улыўма, китапқумарлар қатары кеңейип бармақта. Қалаберди, китапханалар заман талапларынан келип шығып барлық түрдеги ресурслар менен тәмийинленгени оқыўшылар қатарын кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Соның ишинде, барлық түрдеги әдебиятлар, түрли илим ҳәм тараўларға байланыслы илимий қолланбалар, электрон китап, аудиокитап, дәўирлик ҳәм сырт ел басылымлары, сырт ел мағлыўматлар базасы, Wi-Fi зоналардың бар екенлиги жаслардың ўақтын өнимли өткериўге кең имканият жаратпақта.

Китапқумарлардың қызығыўшылығын үйрениў мақсетинде сораўнамалар өткериледи. Оларға қандай әдебиятлар кереклиги, мәлимлеме-китапхана хызметлериниң қайсы түрлери мақул екенлиги сыяқлы сораўлар менен мүрәжат етиледи.

Бүгинги китапханаларда жүдә кең ҳәм үлкен көлемдеги китаплар, дәўирлик басылымлар, электрон ресурсларды да табыў мүмкин. Ҳәтте көплеген китапханалар илимий китапхана ҳәм журналлар сайтларына байланысқан. Бул, өз гезегинде, керекли мағлыўматларды тез ҳәм аңсат таба алыў, ҳәр қыйлы тараўларға байланыслы әҳмийетли изертлеўлер менен танысыў имканиятын береди. Буннан тысқары, бул жер китапқумарлыққа байланыслы пайдалы лекциялар ҳәм басқа да илажлар өткерилип атырғаны менен қызықлы.

Исеним ҳәм көз-қараслар айнасы

Белгили бир мәнисте билимлендириў ўазыйпасын да атқарыўшы китапханалар халықтың билим алыў, дүньяны аңлаў бағдарындағы көзқарасларын белгилеп бериўши универсал қуралларынан бири болып келген. Универсаллық болса социаллық қатламлардың белгилери ҳәм критериялары, жәмийеттеги орны, халықтың көзқараслары бойынша социологияның тийкарғы түсиниклерин белгилеп береди, дейди қәнигелер.

Мәмлекетимизде китап өнимлерин басып шығарыў, халықтың китапқумарлық мәдениятын арттырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў, китапқумарлық илажлары, байрамларын өткериў бойынша бир қатар нормативлик ҳүжжетлер, қарарлар қабыл етилгенлиги, халықтың китапқумарлық мәдениятын арттырыў бәрқулла мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы мәселелеринен бири болып келгенлигин көрсетеди.

Мәселен, "Китапқумар миллет" идеясы тийкарында жасларда китапқумарлық мәдениятын қәлиплестириў улыўма миллий ҳәрекетке айланды. Атап айтқанда, жақында мәмлекетимиз басшысының елимиз жаслары менен сөйлесиўинде жаслар менен ислесиўдиң нәтийжелилигин күшейтиў илажлары додаланды, белсенди жаслардың усыныслары тыңланды. Бул, бәринен бурын, келешегимизди қурыўда жасларға үлкен исеним үлгиси, десек қәте болмайды. Президентимиз елимиз жаслары тымсалында жаңа Өзбекстанның бүгинги ҳәм ертеңги дөретиўшилерин көрип атырғанын айрықша атап өтип, былай деди: "Уллы шайырымыз Эркин Ваҳидовтың айтқанындай, жаслық - бул жүректиң алтын сөзи. Буған қосымша етип, жаслар - халқымыздың, Ўатанымыздың алтын фонды, десек дурыс болады.

Халқымыздың 60 процентин әйне жаслар қурайтуғыны да бул пикирди тастыйықлайды. Бүгинги күнде биз мәрт ҳәм жигерли халқымызға, күш-ғайратлы жасларымызға исенгенимиз ушын өз алдымызға үлкен-үлкен мақсетлер қоймақтамыз, шеклерди бәлент алып атырмыз.

Келешекте Үшинши Ренессанс тийкарын жарататуғын жаңа Хорезмийлер, Берунийлер, Ибн Синалар, Мырза Улығбек ҳәм Әлийшер Наўайылар қай жерден пайда болады? Бул үлкен ўазыйпаларды ким орынлайды?

Мен қайта-қайта тәкирарлаўдан шаршамайман. Әлбетте, бул ийгиликли идеяларды сизлер - бүгинги Жаңа Өзбекстан жаслары әмелге асырасыз".

Гөзленген ийгиликли мақсетке ерисиў жолындағы турақлы ҳәрекет мине усындай жоқары исенимди ақлайды. Билим алыў, мәнаўият ҳәм ағартыўшылыққа умтылыў болса китап оқыўға болған исенимимизди беккемлей беретуғынына гүман жоқ.


Рустам БОЙТЎРА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы