Өзбекстан Президенти Тәжикстанға жөнеп кетти
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның мирәт етиўине бола әмелий сапар менен Хоженд қаласына жөнеп кетти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Шаҳбоз Шариф 30-март күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде пүткил мусылман үммети ушын муқаддес болған Рамазан ҳайыты - Ийд ал-Фитр байрамы мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлады. Дос Өзбекстан ҳәм Пакистан халықларына тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеклери билдирилди.