Ташкент қаласы ҳәм оның әтирапындағы жасыл аймақлар 3 есеге көбейтилип, 25 мың гектарға жеткериледи

    Президент Шавкат Мирзиёев 14-май күни Ташкент қаласында режелестирилген реновация ҳәм инвестициялық жойбарлардың презентациясы менен танысты.

    Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 24-декабрьдеги қарары менен Ташкент қаласының 2045-жылға шекемги дәўирге мөлшерленген бас режеси тастыйықланған еди. Бас режеге муўапық, пайтахтымыз аймағы 3 - консервация, реконструкция ҳәм реновация зоналарына бөлинген.

    Соның ишинде, реновация зонасына ески, аз қабатлы жайлар, қала қурылысы ҳәм жер силкиниўге шыдамлылық талапларына жуўап бермейтуғын имаратлар киргизилген. Олар басқышпа-басқыш сапластырылып, босатылған аймақ заманагөй жойбарлар тийкарында қайтадан қурылыўы нәзерде тутылған.

    Презентацияда бул бағдардағы режелер ҳаққында мәлимлеме берилди.

    Атап өтилгениндей, Бас режеде 300 ден аслам реновация мәнзили белгиленген. 2025-2026-жылларға мөлшерленген биринши басқышта 65 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Бул арқалы усы аймақлар функционал жақтан байытылады, халық ушын шараятлар жақсыланады, әтирап абаданластырылады. Нәтийжеде ески ҳәм заманагөй массивлер арасындағы айырмашылық басқышпа-басқыш қысқартылып барылады ҳәм олар өз-ара үйлестириледи. Имаратлар аз майданда қурылып, бар тереклер сақлап қалынады, жаңа жасыл аймақлар қурылады.

    Мәмлекетимиз басшысы бул жойбарлардың қала архитектурасы ҳәм инфраструктурасына сәйкеслигин терең үйрениў, геологиялық ҳәм сейсмикалық таллаўлар тийкарында қәўипсизлик жағынан жетилистириў бойынша көрсетпелер берди. Турақ жайлар мектеп-бақша сыяқлы социаллық мәкемелер, дем алыў шараятлары менен үнлес болыўы зәрүрлигин атап өтти.

    Қаланың "өкпеси" терекликлер болса, салма ҳәм каналлар оның "қан тамыры." Президентимиздиң көрсетпеси менен, жаңа бас режеде бул мәселелерге айрықша итибар қаратылған. Соның ишинде, Ташкент қаласы ҳәм оның әтирапындағы жасыл аймақларды 3 есеге көбейтип, 25 мың гектарға жеткериў мақсет етилген. Бул, өз гезегинде, суў жолларын жақсылаўды талап етеди.

    Презентацияда қалалық ирригация ҳәм дренаж тармақларының жаңа бас реже менен үйлескен системасы да көрип шығылды.

    Оған бола, 2030-жылға шекем 100 километр каналлар реконструкцияланып, әтирапында сейил етиў орынлары шөлкемлестириледи.

    Түркияның "Su-yapi engineering and consulting" компаниясы менен биргеликте дренаж тармақларындағы машқалалар үйренилген. Аэрофото, геодезия ҳәм жаўын-шашын анализи тийкарында бул тармақларды жаңалаў бойынша мастер-реже ислеп шығылған. Өткен жылы 45 суў тасқыны аймағы сапластырылған. Быйыл және 34 орында усындай жумыслар орынланады.

    Президентимиз бул жумысларды даўам еттирип, көлемин және де арттырыў, бул бағдарда қәнигелер таярлаў зәрүр екенлигин атап өтти.

    Мәмлекетимиз басшысына Ташкент қаласында инвестициялық жойбарлардың жағдайы ҳаққында да мәлимлеме берилди.

    Пайтахтымызда улыўма баҳасы 25 миллиард долларлық 717 инвестициялық жойбар қәлиплестирилген. Усы жылы соннан 7 миллиард 500 миллион доллары өзлестирилип, 265 жойбардың иске қосылыўы нәзерде тутылған. Булардың нәтийжесинде турақ жайлар, саўда ҳәм кеўилашар комплекслер қурылып, санаат кәрханалары шөлкемлестириледи.


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates