Кеселликлердиң алдын алыў, гиподинамия - кем ҳәрекетшеңликке қарсы ғалабалық гүресиў, халықты, әсиресе, жасларды дене тәрбия ҳәм спортқа тартыў саламатлық ҳәм узақ өмир көриўдиң әҳмийетли факторларынан.
Ташкент медицина академиясы балалар, жас өспиримлер ҳәм аўқатланыў гигиенасы кафедрасының баслығы, медицина илимлериниң докторы, профессор Низом ЭРМАТОВ пенен сәўбетимиз халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, тәртипсиз аўқатланыў менен байланыслы көплеген кеселликлердиң алдын алыў, артықша дене салмағы ҳәм асқыныўлары нәтийжесинде жүзеге келетуғын машқалаларды сапластырыў ҳаққында болды.
- Халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў бүгинги күнниң тийкарғы ҳәм әҳмийетли мәселелеринен бири, - дейди Низом Эрматов. - Бул бағдарды раўажландырыў халық арасында кеселлениў ҳәм өлимшилик көрсеткишин, биринши гезекте, созылмалы жуқпалы емес кеселликлерге шалыныў көрсеткишин системалы түрде азайтыўға хызмет етеди.
Саламат турмыс тәризиниң тийкарғы принциплеринен бири - рационал ҳәм дурыс аўқатланыў. Тәртипсиз аўқатланыў ҳәм аз ҳәрекетлениўден келип шығатуғын кеселликлер хроникалық түс алып, аўыр ақыбет қалдыратуғыны бүгин тез-тез дәлилленбекте.
Көпшилик жағдайларда ол экологиялық, руўхый, социаллық себеплер ҳәм нәсиллик бейимлилик себепли жүзеге келеди. Қалаберсе, айырым дәри-дәрмақларды қабыл етиў, айырым кеселликлердиң бар екенлиги, ҳәрекеттиң азайыўы, медициналық процедуралар, моноген кеселлик/генетикалық синдром себепли пайда болыўы мүмкин. Сондай-ақ, дурыс аўқатланбаў, физикалық ҳәрекеттиң шекленгени де семириўге алып келеди.
Дурыс аўқатланыў саламатлықты сақлап, сыртқы орталықтың зыянлы тәсирлерине организмниң қарсылығын арттырады. Жоқары ақылый ҳәм физикалық мийнет қәбилети және узақ өмир көриўди тәмийинлейди. Буннан тысқары, жүрек-қан тамыр, бүйрек, асқазан-ишек кеселликлери, қантлы диабет, айырым қәўипли өспелер ҳәм басқа да кеселликлер қәўипин азайтыўы дәлилленген. Бирақ халықтың көпшилиги дурыс аўқатланыў тәртибине әмел етпейди. Әсиресе, бүгин ярым таяр өним пайдаланыў күшейген. Бул болса артықша салмақ машқаласының тийкарғы себеби болып табылады. Өсимлик майын қайта-қайта пайдаланыў, түрли сомса, қуўырылған картошка, қурамында қумшекер көп болған реңли мазалы ишимликлер, жоқары сортлы ун ҳәм ун өнимлерин пайдаланыўдың көплиги артықша салмаққа себеп болмақта. Және бир фактор азанғы ўақыттп аўқатланбаў менен байланыслы. Изертлеўлеримизде мектеп оқыўшыларының дерлик 30 проценти азанда аўқатланбайтуғыны белгили болған. Бул олар арасында еле қәлиплеспеген, бир ўақытлары жүзеге келетуғын артықша салмақ машқаласына шараят жаратады. Ўақты келип, бала 30-35 жасқа жеткенде артықша салмақ топлай баслайды. Бүгин семириў машқаласы мектеп оқыўшылары арасында да ушыраспақта. Ҳәттеки, балалар арасында артықша салмақ машқаласы көбейип атырғаны ҳаққында мағлыўматлар бар.
Ҳәзирги технологиялық процеслерде қараздан өтип атырған ун қурамындағы пайдалы қәсийетлер, витамин ҳәм минераллар толық сақланбайды. Сол себепли, мәмлекетимизде витамин ҳәм минераллар менен байытылған ун пайдаланыў усыныс етилген.
Артықша салмаққа және бир себеп - гиподинамия, яғный ҳәрекеттиң азайыўы. Абу Али ибн Сино "Ҳәрекеттеги инсан емлениўге мүтәж емес," деген еди. Ҳәрекет не береди? Бәринен бурын, турмыс сапасы артады. Стресслерди сапластырады. Организм жағдайын жақсылап, өмир даўамлылығын узайтады.
Технологиялық раўажланыў, механизацияласқан процеслер, қол мийнети ҳәм ҳәрекет азайғаны артықша салмақ машқаласын келтирип шығармақта. Бул болса, өз гезегинде гипертония, жүрек-қан тамыр кеселликлери, қантлы диабет ҳәм басқа кеселликлердиң жүзеге келиўине себеп болмақта.
Инсанның физикалық жағдайы саламатлығын сақлаў ҳәм беккемлеўдиң ең әҳмийетли тәрепи болып есапланады. Елимизде дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Бул бағдарда итибарға ылайық жумыслар орынланбақта. Бирақ, халықтың көпшилик бөлеги дене тәрбиясының инсан саламатлығындағы әҳмийетин терең аңлап жетпеген. Көпшилик шаңарақлар әпиўайы азанғы дене тәрбиясы менен шуғылланбайды. Көп қабатлы жайларда жасап атырған ўатанласларымыз көбирек лифттен пайдаланыўға бейим. Пияда жүриў мүмкин болған киши аралыққа да машинада барыў дәстүрге айланды. Әзелий дәстүрлеримиз - ата-ана, туўған-туўысқанларымыз, жақынларымыздан тез-тез хабар алып турыў орнына телефон арқалы сәлем берип қоямыз. Бул да қайсы бир мәнисте ҳәрекетти шеклейди, руўхый ҳәм физикалық саламатлыққа унамсыз тәсир көрсетеди.
Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәптесине 150 минут орташа интенсивликтеги физикалық белсендилик пенен шуғылланыўды усыныс етпекте. Ямаса 75 минутлық күшли физикалық белсендилик те оның орнын баса алады. Болмаса кем ҳәрекет инфаркт, инсульт, қантлы диабеттиң екинши түри, деманс, көкирек ҳәм жуўан ишек ракы сыяқлы кеселликлер раўажланыў қәўипин арттырады.
Бүгин халық жасайтуғын орынларда, ири қалаларда жуўырыў, велосипед жоллары, дем алыў орынлары кеңейтилмекте. Бирақ, дене тәрбиясы менен шуғылланып атырған халықты аз ушыратасыз. Бул болса инсанның саламатлығына мүнәсибети ҳәм улыўма жәмийеттиң мәденият дәрежесин белгилейди. Ал, адамлар саламатлығы ҳаққында ғамхорлық етиў, оны сақлап қалыў ҳәм беккемлеў ҳаққында ойлайтуғын дәўир келди. Өйткени, турмыс сапасы ҳәм даўамлылығы инсанның турмыс тәризине - физикалық белсендилик, аўқатланыў мәденияты ҳәм руўхый-сезимлик жағдайына байланыслы екенин терең аңлаў зәрүр. Азанғы дене тәрбиясы, турақлы спорт пенен шуғылланыў денениң бәркамаллығы ушын зәрүр жүклеме болып есапланады.
Және бир машқала - аз уйықлаў. Қол телефонынан тәртипсиз пайдаланыў, түрли керексиз сериаллар ҳәм басқа да медиаөнимлерди көриў нәтийжесинде нерв руўхый зыянланыўы мүмкин. Бул салмақтың артыўына алып келеди.
- Машқала шешими неде?
- Артықша салмақ машқаласының шешими тек ғана саламат турмыс тәризине әмел етиўде. Биз - шыпакерлер инсан саламатлығы ушын жуўапкер емес, ал себепшимиз. Жуўапкер - ҳәр бир инсанның өзи. Егер ол дурыс аўқатланыў талапларына әмел етсе, кешки аўқатларда майлы аўқатлар, қант, жоқары сортлы ун өнимлерин пайдаланыўды азайтса, артықша салмақ қәўетерге салмайды. Буны ислеўге болады. Организмниң де жас, саламатлық жағдайы, жумыс шараятына байланыслы барлық талаплары бар. Тек оған әмел етиў керек.
Семизлик қәўпин азайтыўға баланың ана қарынындағы дәўиринен туўылғанының биринши жылларына шекем профилактика илажларын көриў арқалы ерисиў мүмкин. Мәселен, ҳәмиледарлық дәўиринде салмақ топлаў нормасына әмел етиў, баланы 6 айға шекем тек ана сүти менен аўқатландырыў ҳәм бул процести имканы барынша 2 жас ямаса оннан көбирек созыў, баланы дурыс аўқатландырыў, физикалық белсендилик, жақсы уйықлаўға үйретиў, қурамында қумшекер болған, жоқары калориялы өнимлерди пайдаланыўды азайтыў шәрт.
Көплеген теориялар бар. Мәселен, инсанның бойы неше сантиметр болса, соннан 100 ди алып таслаў керек. Сонда нормадағы салмақ келип шығады. Тәбият тәрепинен берилген барлық өнимди жеў мүмкин. Тек ўақтында, избе-из, тәртип пенен. Тәртипсиз, былғастырып аўқатланған адам кейин ала бир қатар кеселликлерге дуўшар бола баслайды.
Биз бүгин халықаралық шөлкемлер менен биргеликте Орайлық Азия мәмлекетлери халқы арасында дурыс аўқатланыў көнликпелерин қәлиплестириў, метаболик синдром, жүрек-қан тамыр, жоқары дем алыў ҳәм онкологиялық кеселликлер профилактикасында дурыс аўқатланыў принциплери сәўлеленген билимлендириў бағдарламаларын жаратыў үстинде ислеп атырмыз. Тез күнлерде нәтийжелерин әмелиятқа енгиземиз.
- Социаллық тармақларда аздырыў қураллары ҳәм диетологлар рекламасы ҳәўиж алған. Оларға исеним билдирип атырғанлардың саны да аз емес. Не ушын халық профессионал қәнигелерге емес, мағлыўматы белгисиз ямаса жалған диетологларға исенеди ҳәм мүрәжат етпекте?
- Өзиниң денсаўлығы ушын қайғыратуғын ҳәр бир инсан бул ҳаққында зәрүр билим ҳәм көнликпелерге ийе болыўы, яғный медициналық мәденияты қәлиплескен болыўы шәрт. Медициналық билим инсанға өз организмин үйрениў, саламат турмыс тәризи принциплерин турмысқа енгизиў, денесинде болып атырған өзгерислерди таллаў ҳәм тийисли илажлар көриў имканиятын береди. Денсаўлықты сақлаў бойынша билими жоқары қәнигелер менен кеңеседи. Мүмкин, өзинде түсиник болмағаны ушын ҳәр қыйлы "диетолог"ларға алданып атырған шығар.
Бүгин метаболик синдром, жүрек-қан тамыр системасы кеселликлери, қантлы диабет, баўыр, бүйрек кеселликлери, артықша салмақ бойынша жүдә көп үгит-нәсиятланбақта. Бул қәлеген аздырыўшы қураллардан пайдаланыў керек, дегени емес. Ҳәзирги ўақытта халық арасында медициналық билимлерди қәлиплестириў ең нәтийжели усыл болып есапланады. Билимли инсан тәжирийбели шыпакер менен жалған қәнигени парықлай алады ҳәм оған ҳәр қыйлы "аздырыўшы" орайлар керек болмайды, деп ойлайман.
- Тараў алдында турған машқалалар нелерден ибарат?
- Бүгин барлық медицина институтлары ҳәм филиалларында медициналық профилактика бағдары, аўқатланыў гигиенасы, нутрициология қәнигелери таярланбақта. Олар тәрепинен саламат турмыс тәризи ҳәм дурыс аўқатланыў бағдарында үгит-нәсият жумыслары орынланбақта. Бул процессте тәсиршеңлиги жоқары болған жаңа технологияларды қолланыўымыз керек. Азық-аўқат өнимлериниң сапасын ҳәм қәўипсизлигин баҳалаў бойынша айырым лабораторияларымызда жетиспеўшиликлер бақланбақта. Булар үлкен машқалаларды жүзеге келтирмесе де, шешимди талап етеди. Халықты саламат турмыс тәризи бойынша көнликпелерин жетерли дәрежеде жеткерип бере алмай атырмыз. Бирлемши қатлам, яғный мәҳәллелер, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, мектеп ҳәм жоқары оқыў орынлары, ҳәр қыйлы шөлкемлерде үгит-нәсиятлаўды күшейтиў керек. Мине, усы тәрептен ақсап атырмыз. Ҳәр қандай шараятта да инсан өз денсаўлығына өзи жуўапкер екенин терең аңлаўы керек.
Бирақ халықтың өмир даўамлылығы жылдан-жылға жақсыланып баратырғанын да бийкарлай алмаймыз. Бул системадағы жумыслар нәтийже берип атырғанын билдиреди. Биз бүгин ҳәр қыйлы кеселликлердиң алдын алыў ҳаққында жар салып атырмыз. Ең тийкарғы режемиз де халықтың саламатлығын қорғаў ҳәм беккемлеў, бул бағдардағы машқалаларға нәтийжели шешим табыў болып табылады. Артықша салмақ, семириў, метаболик синдром, жүрек-қан тамыр кеселлиги, онкологиялық ҳәм басқа кеселликлердиң профилактикасы аўқатланыў менен байланыслы екенин умытпаў керек.
Мине, усы түсиниктиң мәнисин түсинип, кеселликлердиң алдын алыў бағдарындағы бир қатар машқалалардың жаңа шешимлерин, жаңа билимлендириў технологияларын әмелге асырыў бүгин алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпалардан.
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы
Рисолат МАДИЕВА сәўбетлести.