Ташкенттиң сулыў қыябаны. Алтын гүз мәўсиминде бағлар арасында сейил еткенге не жетсин! Бирақ, жағымсыз көринис себепли кеўилде бас көтерип киятырған әжайып сезимлер бирден қәўетерге айланады. Узын жолдың шетинде қырық жасар ер адам бес-алты жасар балаға мушын көтерип бақырып тур. Ата-бала болса керек. Бетинде қан қалмаған бала нәзик қолларын қулағына қойып кыйналып тур. Ер адам баланың жүзине бирден шаппат тартты. Ол дизерлеп калды. Әне денеси кишкене және ҳәлсиз бала буннан да бетер киширейип қалғандай болды. Таң қаларлық жағдай, бул нәресте әке болмыш "палўан"ның алып топылыўына мүнәсип не "гүна" ислеген екен? Ал өтип баратырғанлар парўайы пәнсери: "Ҳәй, инсан, неге нәрестеге буншелли зулымлық етесең?" деп сорап атырған бир бендени көрмейсең...
"Қол сыныса - жең ишинде" ме?
Балаға меҳир-муҳаббат көрсетиў халқымызға тән әзелий қәдириятлардың бири. Дүнья жәмийетшилиги халқымызды балажан, шаңарақты сүйетуғын деп билетуғыны да әйне ҳақыйқат. Ата-бабаларымыз перзентлерин жигербентим деп әлпешлеген, керек болса, кирпиклеринде көтерип камалға келтирген. Сақаўатлы аталарымыз, мийрим-шәпәәтли аналарымыз ҳәттеки бесиктеги баласына да сизлеген, баўыр-етине қол көтериў түўе, ҳәттеки даўысын көтериўди де өзине мүнәсип емес нәрсе деп билген. Перзенти ушын жанын пидә еткен, оның бахты-ығбал жолында суў келсе симирип, тас келсе кемирип жасап өткен ата-бабаларымыздың нурлы турмыс жолы, ақылға уғрас тәрбия усылы биз әўладлар ушын бәрқулла ибрат ҳәм үлги болыўы керек.
Жақын тарийхты еске алайық. Екинши жер жүзилик урыс дәўиринде, жуўан жиңишкерип, жиңишке үзилген ўақытларда да ҳәзирети инсан деген атқа садық қалған, ҳәр қыйлы миллетке тийисли он төрт жетим баланы асырып алған ташкентли темирши уста Шоаҳмад Шомаҳмудовтың руўхый мәртлиги үлкен болған. Урыстан аўыр жарақат пенен қайтқанына қарамастан, қараўсыз қалған он үш балаға шаңарағының төринен орын берген самарқандлы Ҳамид Самадовтың меҳир-мүриўбетлери де ибрат ҳәм мақтаўға ылайық.
Тилекке қарсы, кейинги жыллары жәмийетимизде балаларға болған аяўсыз қатнаслардың ҳәр қыйлы түрлери көбейип бармақта. Балаларға физикалық, руўхый, ҳәттеки, жынысый зорлық сәўлеленген, социаллық тармақларда тарқалып атырған көринислер ҳәр бир ўатанласымыздың қәлбинде аўырыў, тәшўиш ҳәм жек көрмўшилик сезимлерин оятып атырғаны сыр емес. Балажанлы халқымызға пүткиллей жараспайтуғын бундай жағдайлар менен ҳеш қашан келисип болмайтуғынын айрықша атап өтиўди қәлер едик.
Халықаралық шөлкемлердиң изертлеўлерине қарағанда, планетамыз бойынша бир миллиардқа шамалас бала физикалық, жынысый, руўхый зорлыққа ушыраған ҳалда жәбир көргенлердиң 80 проценти бул ҳаққында ҳеш кимге хабар бермейди.
ЮНИСЕФ өткерген көп көрсеткишли сораў соны көрсетеди, мәмлекетимизде 1 жастан 14 жасқа шекемги балалардың үштен еки бөлеги (62 проценти) зорлық пенен тәрбиялаў усылларына дус келген.
2021-жылы жас өспиримлерге қарсы исленген ҳуқықбузарлықлар бойынша жынаят ислериниң саны 1831 ди қураған болса, 2022-жылы 2194 ке жеткен. Балалардың жынысый еркинлигине қарсы жынаятлар көлеми болса 334 тен (2021) 395 ке (2022) артқан.
Ата-аналық Жаратқан тәрепинен инам етилген ең жоқары дәрежелерден бири. Бирақ, бес қол бирдей емес екен, соңғы үш жыл даўамында елимизде 2072 шахс суд тәрепинен ата-аналық ҳуқықынан айырылған. Буған олардың ата-аналық миннетлемелерин орынлаўдан бас тартқаны ямаса балаларға болған мийримсизлиги себеп болған.
Қәўетерли тәрепи сонда, жәмийетимизде "Балаларға болған зорлық - ҳәр бир шаңарақтың ишки мәселеси" деген надурыс көзқарас себеп бомақта. Усы көз қарастан, айырым шаңарақларда балалар физикалық ямаса руўхый зорлық қурбан болған жағдайларда "Бас жарылса - бөрик ишинде, қол сынса - жең ишинде" деп жасырыўға, жәмийетшиликке билдирмеўге ҳәрекет етеди. Бирақ, бул ҳуқықбузарлықларды ҳеш қашан нызам да, дин де, әдеп-икрамлылықта ақламайды.
Тарийхый әҳмийетке ийе нызам
Соңғы жыллары елимизде балалардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў, руўхый ҳәм физикалық жақтан жетик болып камалға келиўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, шаңарақ орталығында камалға келиў баланың ажыралмас ҳуқықы екенин есапқа алып, социаллық қорғаў хызметлерин жетилистириўге айрықша итибар қаратылмақта. Өзбекстан Республикасының Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы), Балалар мәселелери бойынша миллий комиссия, Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги жаңа заман талаплары тийкарында жумыс алып бармақта. Өзбекстан Республикасы тәрепинен ратификацияланған Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенция шеңберинде де балаларды ҳәр қыйлы көринистеги зорлықтан, инсан қәдирин кемситетуғын басқа да түрдеги қатнаслардан қорғаўға байланыслы илажлар көрилмекте. Бирақ, жедел дәўир барлық тараўларда болғаны сыяқлы балалардың ҳуқықларын қорғаў системасында да нызамшылық системасын жетилистириў, дүньяның алдынғы мәмлекетлериниң тәжирийбесин әмелге енгизиўди талап етпекте. Кең жәмийетшилик ўәкиллери, тараў қәнигелериниң атап өткениндей, балаларды зорлықтан қорғаўға байланысы бар ҳуқықый механизмлер де жетерли нәтийже бермей атырған еди.
Усы мәнисте 2024-жылдың 14-ноябринде Президентимиз тәрепинен "Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында"ғы нызамға қол қойылғаны тарийхый ўақыя болды.
Бул нызам жәмийетте жетилисип келген күшли талап, жәмийеишилик талабы ҳәм халықаралық шөлкемлердиң усыныслары тийкарында ислеп шығылды. Ол балаларды зорлық етиўдиң барлық түрлеринен қорғаў бағдарындағы ҳуқықый тийкарларды беккемлеп, бул бағдарда мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлери анық белгилеп берилгени менен әҳмийетли.
Ҳәзирги ўақытқа шекем нызамшылығымызда балаларға болған зорлық толық тәрийпленбеген, сыпатлама ҳәм классификация етилмеген, соның ушын, оған қарсы гүресиў механизмлеринде де бослықлар бар еди. Жаңа нызамда физикалық, жынысый ҳәм руўхый зорлық, ғамхорлық көрсетпеў, эксплуатациялаў ҳәм қуўдалаў (буллинг) балаларға байланыслы зорлықтың түрлери сыпатында анық белгилеп берилди.
"Пышақ жарасы саўалады, тил жарасы саўалмайды" деген сөз бар. Соңғы ўақытлары социаллық тармақлардан пайдаланған ҳалда балаларды урып кетиў, қыйнаў, руўхый күш салыў арқалы тәсир өткериў сыяқлы иллетлер көбейип бармақта. Жаңа нызамға муўапық, телекоммуникация тармақлары ҳәм интернет тармағынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылатуғын усы түрдеги ҳуқықбузарлықлар да балаларға болған зорлықлар қатарына киргизилди.
Зорлыққа қарсы тек ғана үгит-нәсиятлаў менен гүресиў ўақты өтти. Жүзеге келген жағдай мәмлекет тәрепинен тәсир илажларын көриўди талап етпекте. Соған бола, енди жәбирленгенлерге қорғаў ордери бериўден баслап денсаўлық, жынысый еркинлик, шаңарақ, жаслар ҳәм әдеп-икрамлылыққа қарсы жынаятлар ислеген шахслардың ҳуқықларын шеклеўге шекем кең көлемли илажлар белгиленбекте.
Усы ўақытқа шекем балалардың ҳуқықларын қорғаўға жуўапкер уйымлар тийкарынан ақыбетке қарсы гүресип келгенин тән алыў керек. Енди бул бағдарда машқаланың түп тамырын үйрениў, тек ғана ақыбет емес, ал себеплерге қарсы гүресиў системасы енгизиледи. Нызамда балаларға зорлық ислегенлердиң минез-қулқын дүзетиўге қаратылған илажларды әмелге асырыў белгиленген. Соның ишинде, балаларға қарсы зорлық ислеген ямаса оны иске қосыўға бейим болған шахс зорлық минез-қулқын өзгертиў бойынша дүзетиў бағдарламасынан өтеди.
Ҳикметлерде адамзаттың дүньяқарасын өзгертиў таўды орнынан жылыстырыўдан да аўыр жумыс екенлиги айтылады. Жәмийетимизде балаларға зорлық көрсетиўди социаллық норма деп есаплайтуғын, тәрбияда физикалық күшти қолланыў зәрүр деп есаплайтуғын шаңарақлар елеге шекем бар. Соған бола, жаңа нызам менен ата-аналардың жуўапкершилиги және бир мәрте арттырылмақта. Соның ишинде, ата-аналар балалардың өмири ҳәм денсаўлығын қорғаўы шәрт екенлиги, тәрбияда физикалық жазалаў қадаған етилиўи белгиленбекте.
Әлбетте, мәмлекетлик шөлкемлер балаларға болған зорлыққа қәрсы жумыс алып барады. Жуўапкер уйымлар балаларды зорлық етиўдиң барлық түрлеринен қорғаў ушын тийисли ҳуқықый, административлик, социаллық, экономикалық ҳәм басқа да илажларды көреди. Усындай турмыс сынағына дус келген перзентлеримизге ҳуқықый, экономикалық, социаллық, психологиялық, медициналық жәрдем көрсетиледи. Руўхый, физикалық жарақатлардың унамсыз тәсирин азайтыў, олардың денсаўлығын тиклеў ҳәм беккемлеў, толық реабилитациясы ушын зәрүр шараятлар жаратылады.
Генийлер қалай тәрбияланады?
Ақырында балажанлығы менен танылған халқымыз арасында тилине, қолына, нәпсине ерк беретуғынлар қашан, қалай пайда болды? Бул иллет қашан "Троян аты" сыяқлы арамызға кирип келди екен?
Әлбетте, машқаланың тамырлары ҳәм оған қарсы гүресиў усыллары ҳаққында тараў қәнигелери өз пикир-усынысларын билдиреди. Биз газета оқыўшыларының итибарын өзимиз гүўа болған бир жағдайға қаратпақшымыз. Ашшы болса да, ашықтан-ашық мойынлайық: биз өз-ара пикирлесиў, кеўилли сөйлесиў, әсиресе, жасы үлкенлердиң балалар менен еркин сәўбетлесиўи бойынша, тилекке қарсы, көп мақтанаа алмаймыз. Буны халық арасында өткерилип атырған социаллық сораў нәтийжелери де көрсетип тур. Олардың пикиринше, мәселен, әке өз перзенти менен бир суткада орташа 5-6 минут гана сөйлессе, ана бираз көбирек (7-8 минут) сөйлеседи. Бул сөйлесиўлер көпшилик жағдайда балаларымызға беретуғын күнделикли тапсырмалар ҳәм сораўларымыздан ибарат болады.
Уллы ағартыўшы бабамыз Абдурауф Фитрат "Шаңарақ" шығармасында (1914) түркстанлы, бухаралы ата-аналар балаларының мүтәжликлери менен қызығыў, олардың тәғдири ҳаққында ойлаўдан гөре, қорадағы қой-ешкилериниң аўҳалына көбирек жаны ашыўын шексиз тәшўиш пенен жазған еди. Хош, арадан бир әсирден көбирек ўақыт өтип, жағдайымыз қай дәрежеде өзгерди?
Тарийхта өшпес ат қалдырған көпшилик уллы шахслар, уламлар, мәмлекетлик ғайраткерлер, дөретиўшилер ҳаққындағы дереклер соннан дерек береди, олардың балалығы қәбилеттиң өсиўине жәрдемлесетуғын саламат ҳәм таза орталықта өткен. Жақынларынан ерте айырылған Әбиў Райхан Беруний, әкесинен жас ўақтында жетим қалған Мухаммед Ғаззалийдиң басын сүйиўши меҳрийбан қол болмаса, бири алымлардың устазы, екиншиси ҳүжжет ул-ислам статусына көтериле аларма еди?!
Елимизде академик жазыўшы Айбектиң "Балалық" повести кирип бармаған шаңарақ болмаса керек. Ядыңызда болса, Дадақозы ата жас Мусаның барлық сораўларына еринбестен жуўап берип, оның балалық тилеклерин жүзеге шығарады. Басқалардың наразылықларына болса: "Баланың жүреги - патша! Баланың жүреги - алтын!" деп жуўап береди. Хош, Дадақозы бабамыздың бийбаҳа итибары, шексиз меҳир-муҳаббаты болмағанда, миллетимиз Айбектей данышпан жазыўшыға ийе болар ма еди?!
Арпа егип, бийдай күтпең!..
Жас жигит сыяқлы өсип-өсип атырған балаға болған зорлық оның физикалық ҳәм руўхый саламатлығына унамсыз тәсир етип ғана қалмастан, айдын келешегине де сая салып атырғанын умытпайық. Және умытпайық, тек ғана қыйыншылық көрмеген бала өз қәдирин терең аңлайтуғын жетик шахс болып жетилисиўи мүмкин.
Зорлық қурбаны болған балалардың билим алыўы, жәмийетке толық бейимлесиў қәбилети төменлейди. Ең қәўиплиси, зорлық баланың сана-сезимин майып қылады. Ўақыт өтип физикалық жара питип кетер, бирақ, жүректеги шандықты кетирип болмайды.
Зорлық зорлыққа бийлик етеди. Турмыслық тәжирийбеден белгили, зорлықты басынан кеширген бала кейин ала өзи де тап усы иске қол урыўы ушырасып турады. "Арпа егип, бийдай күтпең!" деген мақалымызда да әне усы турмыс ҳақыйқаты жәмленген.
"Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында"ғы нызамды турмысқа толық енгизиўде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары баслама, жанкүйерлик көрсетиўи шәрт. Қалаберди, жәмийетлик белсендилер, мәҳәллелеримиздеги жасы үлкенлер бул ийгиликли жумыста ҳуқық қорғаў уйымлары, билимлендириў, медицина ҳәм социаллық қорғаў структураларына жәрдемлесиўи зәрүр.
Ең тийкарғысы, мәҳәлле-көше, билимлендириў-тәрбия орынлары, шаңарақларда жүз берген ҳәр бир зорлық жағдайы күнделикли турмыслық жәнжел емес, ал айрықша жағдай сыпатында қабыл етилиўи керек. Яғный, бундай зулымлықлардың ҳәр қандай түрине сабырсызлық орталығы жаратылыўы шәрт. Оған қарсы пүткил жәмийетшилик, пүткил мәмлекет - бәршемиз бир дене, бир жан болып гүресимиз керек.
Айтпақшы, мақала басында сүўретленген ҳәдийсеге қайтайық. Тилекке қәрсы, ҳәмме де эгоист емес. Усы жерден өтип баратырған зыялы адам ашыўланып атына минип ақылынан айырылған атаны әдилликке шақырды. "Жолыңыздан қалмаң, егер урысып атырған болсам, өз балама урысып атырман," - деди еркек ашыўлы түрде. "Кеширесиз, бул бала тек сизиң емес, ал ел-журттың да перзенти. Мейли, жақсы гәпке ылайық болмасаңыз, милиция шақыраман!" Ҳуқық уйымларының хабарын еситкен адам бирден тынышланды...
Ҳақыйқатында да, балаларға болған зорлық сыяқлы жаман ўақыяларға енди тамашагөй болыўға ҳақымыз жоқ. Жаннан әзиз перзентлеримизди, көзимиздиң нурын зорлық, жаманлықлардан қорғаў ҳәр биримиздиң инсанлық, исенимли миннетимиз болып есапланады. Бираз бәлентпәрўаз сезилсе де, ашық айтайық: балаларға болған зорлықты көрип көрмей қалыў, бул бағдарда жуўапкершиликсизликке жол қойыў миллет келешегине, Ўатан келешегине қыянет сыпатында баҳаланыўы керек.
Олимжон ДАВЛАТОВ,
Социаллық-руўхый изертлеўлер институты директоры,
филология илимлери бойынша философия докторы.