Халықаралық валюта фондының есап-санақларына бола, 2026-жылы жәҳән экономикасының улыўма көлеми САҚП көринисинде дерлик $219 триллионға жетеди.
Экономикаларды САҚП бойынша салыстырғанда глобал рейтинг номинал ЖИӨ көрсеткишлеринен сезилерли дәрежеде парық қылады. АҚШ номинал ЖИӨ бойынша жәҳәнниң ең ири экономикасы болып қалса да, САҚП ты есапқа алғанда 2014-жылдан баслап Қытай жетекши есапланады. Оның экономикасы шама менен 43,5 триллион долларға баҳаланған болса, АҚШта 31,8 триллион долларға тең.
Жәҳән экономикасында Азияның басқа мәмлекетлери де үлкен әҳмийетке ийе. Бүгинги күнде Азия регионы мәмлекетлери жәҳән экономикасы көлеминиң дерлик 49 процентин тәмийинлеп, континенттиң халықаралық саўда ҳәм өндиристиң әҳмийетли орайы сыпатындағы орнын беккемлемекте.
ЖИӨ (ЖИМ) бойынша дүньяда үшинши орынды 19,1 триллион доллар әтирапындағы көрсеткиш пенен Ҳиндстан ийелейди. Кейинги орынларды Япония (6,9 триллион доллар), Индонезия (5,4 триллион доллар) ҳәм Қубла Корея (3,5 триллион доллар) ийеледи. Бул мәмлекетлерде турмыс қәрежетиниң төменлиги САҚП бойынша есаплаўда олардың көрсеткишлерин арттырады.
2026-жылға мөлшерленген есап-санақларға бола, Өзбекстан дүньяда 55-орынды ийелейди, оның экономикасы көлеми дерлик 511 миллиард долларды қурайды. Рейтингте мәмлекет Португалия ($556 млрд), Дания ($529 млрд) ҳәм Греция ($485 млрд) сыяқлы мәмлекетлер менен бир қатарда турады.