Оның жумысында илимпазлар, экспертлер, парламентлердиң ўәкиллери, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, сондай-ақ, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Әзербайжанның мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң басшылары қатнасты.

Олий Мажлис Сенатының Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетиниң ағзасы Гулнора Маруфова өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бул Форум халықлар арасында өз-ара түсинисиўди беккемлеў ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылғанына итибар қаратты.

Илаж шеңберинде ўәлаяттың Өзбекстан районында жайласқан "Дослық стеласы"на гүл қойыў мәресими болды.

Форум қатнасыўшылары Ферғана мәмлекетлик университетинде "Дослық стеласы - дос мәмлекетлер арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм стратегиялық шериклик тымсалы" атамасындағы илимий-әмелий конференцияда да қатнасты.

Илаж шеңберинде илим тараўындағы байланысларды беккемлеў, өз-ара исеним ҳәм стратегиялық шерикликти раўажландырыў мәселелери додаланды. Қатнасыўшылар бул конференция регионаллық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўда үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.