Таңлаў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 16-августтағы 514-санлы қарары тийкарында өткерилмекте, деп хабар бермекте Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги мәлимлеме хызмети. Гезектеги басқыш 2025-жыл 1-сентябрьде басланды ҳәм жеңимпазлар 8-декабрь - Конституция күни алдында анықланып, сыйлықланады.

Жеңимпазлардың мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўға кирген перзентлери ҳәм ақлықларының контракт пуллары толық төлеп бериледи.

Буйыртпалар 2025-жыл 30-сентябрь саат 17:00 ге шекем Шығындыларды басқарыў ҳәм айланба экономиканы раўажландырыў агентлигиниң info@sanitation.uz электрон мәнзилине ямаса оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймақлық басқармаларында қабыл етиледи.

Таңлаў тараў хызметкерлериниң көп жыллық мийнетин қоллап-қуўатлаў, олардың шаңарақлары ушын қосымша имканиятлар жаратыў, балалардың билим алыўына жәрдемлесиў, сондай-ақ, халық арасында экологиялық мәдениятты раўажландырыў ҳәм шығындылар менен ислесиў системасын жетилистириўге қаратылған.

Қосымша мағлыўматлар ушын 1205 ҳәм 1275 телефон номерлерине қоңыраў етиў мүмкин.