Өзбекстан-Түркменстан саммити жуўмақланды
Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың Самарқанд қаласына сапары жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен бирге Самарқандтағы халықаралық туризм орайында шөлкемлестирилген "Заманлар ҳаўазы" көргизбесине барды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов Самарқанд қаласындағы Конгресс орайының Ҳүрметли мийманлар қыябанында биргеликте емен терегин екти.