Өзбекстанда көмир ҳәм мазут жаныўынан пайда болатуғын зыянлы шығындыларды азайтыў илажлары көрилмекте

    15 қыркүйек 2025 545

    Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги Бас прокуратура, бир қатар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте атмосфераға патасландырыўшы элементлерди шығарып атырған санаат кәрханалары, ыссылық ҳәм электр станциялары, ыссыханалар ҳәм басқа да объектлердиң жумысын үйрениў бойынша жумысшы топарлар дүзилген.

    Жумысшы топарлар қурамына экология, энергетика, салық хызмети, Айрықша жағдайлар министрлиги, Ишки ислер министрлиги, ҳәкимликлер ҳәм басқа да структуралардан 748 қәниге киргизилген.

    Изертлеўлер нәтийжесине бола, Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында 1 мың 233 I ҳәм II категориялы санаат кәрханалары болып, оларда жылына 5 миллион тоннадан аслам көмир ҳәм 262 мың тонна мазут пайдаланылады. Соннан тек ғана 838 объектте фильтрлер орнатылған. Жыллылық электр станциялары ҳәм ыссылық орайларының бир бөлеги тәбийғый газ бенен ислейди, бирақ көмир ҳәм мазуттан пайдаланыў ҳаўаны патасландырыўдың үлкен дәреги болып қалмақта.

    Атап айтқанда, 9 ыссылық орайы ҳәм бир ыссылық электр станциясында фильтрлер жоқ екенлиги анықланды. Ҳаўаның суўытыўы дәўиринде бул жерде 262 мың тонна мазут жағылып, атмосфераға 7 мың тоннаға шамалас зыянлы элементлер шығарылған. Буннан тысқары, Ангрен ҳәм Жаңа Ангрен ыссылық электр станцияларында жылына 5 млн тоннаға шекем көмир жағылады, шығынды газлердиң тек ғана 70 проценти фильтрлерден өтеди. Бул 134 мың тоннадан аслам патасландырыўшы элементлердиң шығарылыўына себеп болмақта, бул болса улыўма көлемниң дерлик бестен бир бөлегин қурайды.

    Сонлықтан ыссылық электр станциялары ҳәм ыссылық орайларын шаң-газ тазалаў үскенелери менен тәмийинлеў бойынша 2025-2028-жылларға мөлшерленген бағдарламаға өзгерислер киргизилди. Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаяты ушын орынлаў мүддетлери 2026-жыл сентябрьге шекем қысқартылды. Жаңа фильтрлерди орнатыў ҳәм барларын модернизациялаў нәтийжесинде олардың жумыс нәтийжелилигин 95-99 процентке жеткериў режелестирилген.

    Қәнигелердиң мағлыўматларына қарағанда, 1 тонна көмир жағылғанда атмосфераға 5 кг ға шекем шаң (ПМ2,5, ПМ10), 100-300 кг күл, 5 кг азот оксидлери ҳәм 30 кг ға шекем күкирт оксидлери шығады. Тек ғана 4 сотыхлы ыссыхананы ысытыў ушын бир мәўсимде 8-9 тонна көмир талап етиледи, бул да ҳаўаның патасланыўына себеп болмақта.

    Нефтти қайта ислеўдиң қалдық өними болған мазут ең зыянлы жанылғы түрлеринен бири болып есапланады. Климат өзгериўи ҳәм заманагөй экологиялық стандартлар шараятында оннан пайдаланыўға қатнас қайта көрип шығылмақта.

    Экология министрлигиниң атап өтиўинше, гүз-қыс мәўсиминде тазалаў системаларысыз көмир ҳәм мазуттан пайдаланыўдың алдын алыў бойынша қадағалаў рейдлери күшейтиледи.

    Еслетип өтемиз, атмосфера ҳаўасына зыян жеткериў қатаң ҳуқықый жуўапкершиликке себеп болады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates