Бул ғәзийне арасында Өзбекстанның мәдений мийрасын сәўлелендиретуғын сийрек ушырасатуғын шығармалар, соның ишинде, қолжазбалар, карталар ҳәм миниатюралар да бар. Олар Орайлық Азияның бай мәдениятынан, халқымыздың жәҳән цивилизациясына қосқан үлкен үлесинен дәрек береди.

Бодлиан китапханасының Низамий Ганжавий атындағы Кавказ, Орайлық Азия ҳәм Түркия қолжазбалары бөлиминиң баслығы Николос Контовас пенен бул бағдардағы әҳмийетли изертлеўлер ҳәм Шығыс қолжазбалары ғәзийнеси ҳаққында сәўбетлестик.

- Өзбекстан жеринде жетилисип шыққан қайсы уллы ойшыллардың қолжазбалары ҳәм шығармалары Бодлиан китапханасының баҳалы ғәзийнесине қосылған ҳәм олардың усы бай фондтың қәлиплесиўиндеги әҳмийети қандай?

- Өзбекстан жеринен сонша көп белгили шахслар жетисип шыққан, олардың ҳәммесин тәрийплеп бериў қыйын. Бизде сақланып атырған қолжазбалар арасында ўатанласыңыз Абу Али ибн Сино шығармаларының нусқалары оғада көп, санап есапқа жетиў қыйын. Имам Бухарий шығармаларының болса 16 нусқасы бар. Мырза Улуғбектиң "Зижи жадиди султоний" шығармасының кеминде 6 нусқасы сақланған. Уллы ойшыл ҳәм шайыр Алишер Наўайының ҳәр қыйлы шығармаларының кеминде он бес нусқасы бар. Шығыс данышпанларынан және бири Абдураҳмон Жамийдиң шығармалары болса, алжаспасам, тоқсан бес нусқаның ең кеминде бир бөлегин қурайды. Және де салыстырмалы аз белгили болған, бирақ тарийхый әҳмийети бийкарлап болмайтуғын шахслардың шығармаларын да табыў мүмкин. Мәселен, Алишер Наўайының шәкиртлеринен Сайфий Бухарийдиң диваны, Амир Темур тарийхын жазған Муҳаммед Афзалдиң "Малфузоти Соҳибқирон" шығармасы, Бобораҳим Машраб ҳәм басқалардың жазыўлары усылар қатарына киреди. Бул тек ҳәзир ғана есиме түскен атамалар. Коллекциямыз соншелли ески ҳәм бай, айырым бөлимлеринде заманагөй каталог исленбеген. Демек, жумысымыздың ярымы китапханамыздағы еле каталогқа кирмеген қолжазбалар жазыўларын енгизиў ямаса бар жазыўлардағы надурыс мағлыўматларды дүзетип, жаңалаўдан ибарат.

- Ҳәр бир қолжазба өзиниң сийрек ушырасатуғыны ҳәм баҳалылығы менен ажыралып турады. Соған қарамастан, олар арасында ең әййемги ҳәм қолжазба нусқаларды айрықша атап өтиў лазым. Бул шығармалар тек ғана өз дәўириниң емес, ал пүткил адамзаттың илимий ҳәм мәдений мийрасы сыпатында айрықша әҳмийетке ийе. Олар ҳаққында сөз еткенде әййемгилиги, жаратылыў тарийхы ҳәм әҳмийетине де итибар бериў зәрүр.

- Бул сораўға жуўап бериў күтилгенинен де қыйынырақ. Коллекциямыздағы ҳәр бир буйым толық тексерилмеген ҳәм тексерилгенлердиң арасында көширилген шығармалардың тарийхын анықлаўда еле көп жағдайлар бар. Буннан басқа, ҳәр бир фондтың өз қәнийгелери болғанлығы себепли, бир фондтағы шығармалардың әҳмийетин басқа фондлардың қәнийгелери билмеўи мүмкин. Мениңше, Бодлиан китапханасының ең әййемги шығармаларынан бири эрамызға шекемги IV әсирге тийисли әййемги Мысырда жаратылган папирус бөлеги есапланады. Исламий қолжазбалар коллекциясына келсек, ең әййемги шығармалардан бири "МС. Араб. с. 75" санлы Қуран үзиндиси ямаса "МС. Араб. с. 37" санлы арабша хат болыўы мүмкин. Олардың екеўи де VIII-IX әсирлерге тийисли. Орайлық Азияға байланыслы ең әййемги қолжазбамыз болса, пикиримше, Исҳоқ ибн Иброҳим Форобийдиң "Девон ул-адаб" шығармасы болып, бул 983-жылы көширилген "МС. Ҳунтингтон 228" санлы нусқасы болып табылады. Сондай-ақ, мениңше, университетимизде Орайлық Азияның исламға шекемги дәўирине байланыслы баҳалы шығармалар да болыўы мүмкин, бирақ олар Бодлиан китапханасында емес, ал Ашмолеан музейи ямаса Питт Риверс музейинде сақланады. Мәселен, Питт Риверста Өзбекстан, Тәжикстан яки Аўганстанда VII әсирде жаратылган кҳароштҳи жазыўы менен жазылған қайың қабығы бөлеги бар. Бул ҳәзирге шекем мен пүткил Оксфорд университетинен тапқан Орайлық Азияға байланыслы ең әййемги жазба естелик.

- Соңғы жыллары Өзбекстанда қолжазбаларды жыйнаў ҳәм үйрениў бағдарында үлкен жумыслар исленбекте ҳәм бул процесс миллий мәдениятымыздың жаңа бетлерин ашпақта. Бүгин Бодлиан ғәзийнесинде Алишер Наўайы, Абдураҳман Жамий ямаса Имам Бухарий сыяқлы уллы ойшыллардың қандай қолжазбаларының бирден-бир нусқасын көриў мүмкин?

- Алишер Наўайы "Хамса"сының Гераттағы темурийлер шаңарағының соңғы султаны Бадиуззаман мырзаның жеке китапханасы ушын, яғный Наўайы тири ўақтында көширилген бес сүўретли нусқасынан төртеўи Бодлиан китапханасында сақланбақта. Абдураҳман Жамийдиң "Ал-фавоид аз-зиёия" деген шығармасының да Жамий тирилигинде көширилген нусқасы бар. Сондай-ақ, "Фатиҳат уш-шабоб" деп аталған биринши диванының, автордың өлиминен тек еки жыл кейин, 1494 бизиң эрамыз сәнесинде көширилген бир нусқасы да бар. Қәнигелигим араб тилине емес, ал парсы ҳәм түрк тиллерине қаратылғаны ушын Бухарий шығармаларының биздеги нусқаларының әҳмийетин толық билмесем де, бесеўиниң эрамыздың IV әсиринде көширилгенин ҳәм салыстырмалы түрде әййемги екенин билемен. Буннан тысқары, авторлары кеңнен танылмаған болса да, бирден-бир болған қолжазбаларымыз да бар. Мәселен, "МС. Ҳунтингтон 598" санлы қолжазба - эрамыздың 1435-жылы Иранның Язд қаласында темурийлер дәўиринде белгили болған ўәлий Жалаладдин Чақмоқ қәўендерлигинде Мансур Бақсы исмли хаткер тәрепинен ески уйғыр ҳәриплеринде көширилген әдебий топлам. Дүньяда усыған уқсас исламлық контекстте жазылған тек ғана үш узын әдебий шығарма бар. Әдетте темурийлер бул жазыўды ҳәкимшилик текстлер яки жарлықлар ушын пайдаланған. Соның ушын да бул қолжазба айрықша әҳмийетке ийе. Соның менен бирге, Аҳмад Худайдад Тарозийдиң Мырза Улығбек дәўиринде жазған "Фунун ул-балоға" атлы шығармасының Бухарада 1581-жылы көширилген бирден-бир нусқасы да Бодлиан китапханасында сақланбақта. Бул қолжазба Абулхайырхан дәўиринде даңққа ерискен хаттат Мир Кулангий қолынан шыққан болып, Алишер Наўайының усы тема ҳаққында жазған "Мажолис ун-нафоис" шығармасынан шама менен елиў жыл алдын жазылғаны менен бийбаҳа қунға ийе.

- Сиз Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы тәрепинен "Монголлар ҳәм темурийлер империяларындағы Орта Азия қолжазбалары (XIII-XV әсирлер) " атамасында өткерилген халықаралық конференцияда қатнастыңыз. Айтыңшы, конференциядан күтилген нәтийжелерге еристиңиз бе ҳәм ол қайсы тәреплери менен әҳмийетли болды?

 - Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы Австрия Илимлер академиясы менен биргеликте өткерген конференцияның мен ушын ең әҳмийетли нәтийжелеринен бири Өзбекстандағы илимпазлардың ғайратына гүўа болыўым болып есапланады. Батыс мәмлекетлериниң айырымларында, әсиресе, әдебияттаныў ҳәм дерек таныў сыяқлы тараўларда академиялардың экономикалық аўҳалы аўыр. Ҳүкиметтен алынатуғын қаржы азайып атыр, изертлеўлери менен танылған илимпазлардың көпшилиги университетлерде сабақ бериў менен бәнт болып, изертлеўге ўақыт таппай атыр. Соған қарамастан, Өзбекстандағы илимпазлар ҳүкимет тәрепинен қоллап-қуўатланып атырғаны ҳәм жаңа илимий орайлар шөлкемлестирилип атырғанын көриў маған үлкен тәсир етти. Бул илимпазларға үлкен итибардан дәрек береди. Әмелий жақтан болса конференцияның еки әҳмийетли нәтийжеси болды. Бириншиси, Австрия Илимлер академиясы кәсиплеслеримиздиң, соның ишинде, өзбекстанлы ҳәм сырт елли қатнасыўшылардың баянатын мақалаға айландырып, китап түринде басып шығарыўды режелестирди. Бул жумыс, итимал, бир жылдан бир ярым жылға шекем даўам етиўи мүмкин, бирақ элханийлер ҳәм темурийлер дәўиринде көширилген қолжазбаларға байланыслы жоқары сапалы изертлеўлерди халықаралық дәрежеде үгит-нәсиятлаў оғада әҳмийетли.

Екиншиси, Өзбекстандағы изертлеўшилердиң Оксфордтағы Шығыс қолжазбалары ҳәм олар менен ислесиўди қәлеўшилерге жәрдем беретуғын китапхана ҳаққында хабардар болыўы. Оксфордқа келгениме жаңа ғана еки жыл болды. Меннен алдын Бодлиан китапханасында Орайлық Азия бойынша қәниге болмаған. Соның ушын коллекциямыздың байлығына қарамастан, Орайлық Азия илимпазлары әдетте бул қолжазбалар ҳаққында хабардар болмайды. Өзбекстанға барып, кәсиплеслеримизди бул сийрек ушырасатуғын қолжазбалар ҳаққында хабардар етиў, мениңше, илим дүньясына үлкен хызмет болады. Ҳақыйқатында да, бул китаплар Өзбекстан тарийхының бир бөлеги. Егер Англия илимпазлары олар ҳаққында мақала жазса да өзбекстанлы изертлеўшилер келип, тексерип, пикирлерин қосса, мениңше, жумысымыз толық болады.

- Өзбек тили бай тарийхый ҳәм мәдений мийрасы менен бүгин көплеген мәмлекетлерде, соның ишинде, Англияда да кеңнен тарқалған ҳәм жаслардың, студентлердиң билим алыўында әҳмийетли орын ийелейди. Солай емес пе?

- Оксфордта өткен жылы биринши мәрте өзбек тили бойынша сабақ өте алдық. Англия академиясы өзбек тилине енди ғана итибар қарата баслады. Мен болса АҚШта туўылып, өскенмен. Өзбек тилине қызығыўшылығым негизинде Қытайда басланған. 2006-жылы Чикаго университетинде бакалавриат бағдарында оқығанымда Пекинге барып, қытай тилин үйрениў ушын стипендия ийеси болдым. Тилши сыпатында алдыма қойған мақсетлеримниң бири келешекте уйғыр тилиниң социаллық жағдайы бойынша илимий-изертлеў жүргизиў имканиятын табыў еди. Қытайдан Чикагога қайтқанымда университетимизде уйғыр тили сабағы жоқ еди. Сол себепли, өзбек тилине өттим. Еки тилдиң улыўма грамматикасына соншелли ашық болдым, түркий тиллерге қызығыўшылығым арта баслады. Сол себепли АҚШтағы ең белгили Орайлық Азия изертлеўлери факультети болған Индиана университетинде магистратурада оқыўға қарар еттим. Буннан кейин мен АҚШ, Түркия ямаса Нидерландияда болсам да бәрқулла өзбек, уйғыр, түрк, осман ҳәм шағатай, яғный ески өзбек тиллери менен шуғылланып, жумыс ислегенмен. Өзбек тилин үйрениў дәслеп бираз қыйын болды, себеби грамматикасы ана тилим - инглис ҳәм француз тиллеринен жүдә парық қылады. Бирақ оларды үйрениўдеги айырмашылықларға көнликкеннен соң тилдиң системасы жүдә нызамлы болғаны ушын салыстырмалы жеңиллести. Және бир неше жыл алдын Erasmus+ бағдарламасы арқалы Самарқандқа барып, үш ай тәжик тилиниң Самарқандта сөйлесип атырған говор грамматикасындағы өзбек тилинен өткен элементлер ҳаққында изертлеў алып бардым. Өзбекстанда жасап, ҳәр күни өзбек тилинде сөйлеў де жүдә үлкен жәрдем берди, әлбетте. Солай болса да, өзбек тилинде илимий мақала жазып, басып шығарыў маған елеге шекем несип етпеген. Несип етсе, буны да бир күни әмелге асырарман.

- Илимпаз сыпатында Өзбекстандағы бай мәдений мийрас ҳаққындағы пикирлериңиз бенен бөлиссеңиз.

- Ҳәр бир мәденияттың, әлбетте, өзине тән байлығы бар. Бирақ мени Өзбекстанға тартқан тәреплерден бири дөретиўшилик орталығы болып есапланады. Афросиёб дийўалларындағы сыяқлы исламнан алдынғы дәўирде тигилген айырым либасларды, мотивлерди бүгин де көриў мүмкин. Ҳәзирги ўақытта, әсиресе, жаслар сырт елден келген элементлерди өз усылы менен бирлестирип, раўажландырмақта. Бул тек ғана көркем өнерде емес, ой-пикирде де болады. Бәлким, соның себебинен Өзбекстан жеринен сонша алым ҳәм көркем өнер шеберлери жетилисип шыққан шығар.

****

Бодлиан китапханасында сақланып атырған әййемги Шығыс қолжазбалары ҳәм дәреклери бул жерде әсирлер даўамында жыйналған бай идеология, мәденият ҳәм билимлендириў ғәзийнесиниң идеялық мәнисин ашып береди. Бул коллекция тек ғана Англия емес, ал пүткил дүнья билимлендириў мәкемелери ушын жаңа илимий излениўлер ҳәм билимлендириў бағдарлары ушын әҳмийетли дәрек болып хызмет етпекте. Әййемги қолжазбалар ҳәм тарийхый дәреклердиң сақланыўы, әлбетте, Өзбекстан сыяқлы мәдений мийрасқа бай мәмлекетлер ушын және де әҳмийетли. Бул қолжазбалар халқымызға ҳәм пүткил Шығыс цивилизациясының өзине тән мийрасын келешек әўладларға жеткериўде оғада әҳмийетли. Өйткени, Бодлиан китапханасының ғәзийнеси ҳәм оларда алып барылып атырған илимий изертлеўлер Өзбекстандағы мәденият ҳәм билимлендириў тараўындағы илимий раўажланыўға жаңа бағдар болып қалмастан, тарийхымыздың жаңа бетин ашатуғыны сөзсиз.

Журналист Хуршида НОСИРОВА сәўбетлести.