«Qatar Travel Mart 2025» халықаралық туризм көргизбеси шеңберинде қатарлы белгили исбилермен ҳәм блогер Холид Ал Бинали Өзбекстанның Қатардағы туризм брендиниң елшиси етип тайынланғанын тастыйықлаўшы рәсмий сертификатты салтанатлы тапсырыў мәресими болып өтти.
Саудия Арабстанының Ар-Рияд қаласында Дүнья жүзилик туризм шөлкеми Бас Ассамблеясының 26-сессиясы шеңберинде Туризм комитетиниң баслығы Умид Шодиевтиң Қатар Мәмлекети Туризм басқармасының баслығы Саад Ал-Харжий менен ушырасыўы болып өтти.
Ташкент қаласында инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов ҳәм Қатар мәмлекетиниң сыртқы саўда мәселелери бойынша министри доктор Аҳмад бин Муҳаммад Ол Саййидтиң басшылығында Өзбекстан Республикасы ҳәм Қатар Мәмлекети арасында саўда-экономикалық ҳәм техникалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның екинши мәжилиси болып өтти.
Израиль бас министри Биньямин Нетаньяху жақында Қатар қәўипсизлик күшлери хызметкериниң қайтыс болыўына алып келген Дохадағы ҲАМАС радикал Палестин ҳәрекети басшылығының резиденциясына берилген соққы ушын кеширим сорады. Бул ҳаққында Қатар сыртқы ислер министрлиги хабар бермекте.
Пакистан Қатар тәрепинен оның суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигин қорғаў бойынша көрилип атырған барлық илажларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.
4-сентябрь күни сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Баҳромжон Аълоев Қатар елшиси Ҳасан Ҳамза Ҳошим менен ушырасты.