Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен ислеп шығылған Өзбекстанда балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў бойынша 2026-2030-жылларға мөлшерленген Стратегия ҳәм ҳәрекетлер режеси тастыйықланды. Ҳүжжет "Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында"ғы нызамның әмелий ҳәм системалы орынланыўын тәмийинлеў, олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм қоллап-қуўатлаўдың турақлы механизмин қәлиплестириўге қаратылған.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў агентлиги директорының биринши орынбасары, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети баслығының биринши орынбасары, World Aquatics бюросының ағзасы Шаҳноза Мирзиёева майыплығы болған шахслардың теңлиги, инклюзивлиги ҳәм ҳуқықларын қорғаў, олар арасында параспортты ғалаба ен жайдырыў бағдарындағы хызметлери ушын Азия паралимпия комитетиниң Азия ордени менен сыйлықланды.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги басшылары А.И.Герцен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университетиниң ректоры Сергей Тарасов пенен ушырасты. Илаж инклюзив билимлендириў ҳәм социаллық қорғаў тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған нәтийжели сөйлесиў болды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарына муўапық, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде быйыл 1,1 миллионнан аслам шаңарақ дизимге алынған.
Римде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги директоры Мансурбек Оллоёров Италия мийнет ҳәм социаллық сиясат министри Марина Элвира Кальдероне менен ушырасты.
Бухарестте (Руминия) балаларға зорлықты сапластырыў бойынша регионаллық министрлер конференциясы болып өтпекте. Қатнасыўшылар Богота шақырығы (Bogotá Call to Action) қабыл етилгеннен соң Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң раўажланыўын додаламақта.
Усы жылдың ноябрь айында бир қатар мүтәж шаңарақларға 1 миллион сумнан бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратылады.