Тәжикстан әсирлер даўамында сыналған жақын қоңсы ҳәм Өзбекстан ушын исенимли стратегиялық шерик болып есапланады. Кейинги жылларда еки тәреплеме қатнасықлардағы биргеликтеги ҳәрекетлер себепли ҳақыйқатында да сезилерли нәтийжелерге ерисилди ҳәм олар жоқары дәрежеге көтерилди. Еки мәмлекет тек ғана жоқары сиясий сөйлесиўди раўажландырып қоймастан, ал экономикалық ҳәм гуманитарлық тараўларда бирге ислесип, бир-бириниң мийрасы, мәденияты ҳәм тиллерин үйрениў арқалы ҳақыйқый дослықты көрсетпекте.
Әлийшер Наўайының естеликлери дүнья бойлап бир қатар қалаларда орнатылған болып, бул уллы шайыр ҳәм ойшылға болған ҳүрмет ҳәм итибар үлгиси болып есапланады.
"Уллы шайыр ҳәм ойшыл Мир Әлийшер Наўайы дөретиўшилик мийрасын елимиз ҳәм дүнья көлеминде кеңнен үгит-нәсиятлаў және Наўайы ўәлаятында "Әлийшер Наўайы жылы"н жоқары дәрежеде өткериў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-43-санлы, 07.02.2025-ж.) қабыл етилди.