Минскте Беларусь Республикасы санаат министри Андрей Кузнецовтың экономика ҳәм қаржы министриниң биринши орынбасары Илҳом Норқулов басшылығындағы Өзбекстан Республикасы делегациясы менен сөйлесиўлери болып өтти, онда машина қурылысы тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары додаланды.
Ферғана мәмлекетлик университетинде Өзбекстан - Беларусь екинши билимлендириў форумы шеңберинде белоруссиялы белгили шайыр ҳәм жәмийетлик ғайраткер Якуб Колас атындағы аудиторияның салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева басшылығындағы парламент делегациясы рәсмий сапар менен Беларусь Республикасының Витебск қаласына келди.
Усы жылдың 2-3-сентябрь күнлери Олий Мажлис Сенатының Баслығы басшылығындағы Өзбекстан делегациясы рәсмий сапар менен Беларусь Республикасында болады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконың мирәт етиўине бола 26-27-июнь күнлери әмелий сапар менен Минск қаласында болады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-январь күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Беларус Республикасы Президенти Александр Лукашенконы кеше болып өткен Президент сайлаўындағы исенимли жеңиси менен қызғын қутлықлады.
Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низамходжаев басшылығындағы делегация Беларус Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесслерин бақлаўды баслады.