Ташкент қаласындағы электр подстанцияларының қысқа таярлығы үйренилди

    8 желтоқсан 2024 302

    Анықланған кемшиликлер, соның ишинде, үскенелердиң айырым бөлеклериниң ескиргени ҳәм қадағалаўды күшейтиў зәрүрлиги толық көрип шығылды.

    Ташкент қаласы ҳәкими Шавкат Умурзақовтың басшылығындағы жумысшы топар қыс мәўсиминдеги жоқары жүклемелер алдынан электр подстанцияларының жағдайын ҳәр тәреплеме тексерип көрди.

    Шайхонтоҳур, Юнусабад, Чиланзар, Яшнабад, Мирабад ҳәм Сергели районларына сапар етиў ўақтында үскенелердиң техникалық жағдайы, сондай-ақ, қала энергетика инфраструктурасының электр энергиясын үзликсиз жеткерип бериўге таярлығы терең талланды. Анықланған кемшиликлер, соның ишинде, үскенелердиң айырым бөлеклериниң ескиргени ҳәм қадағалаўды күшейтиў зәрүрлиги толық көрип шығылды.

    Шавкат Умурзақов жуўапкер структураларға бир қатар анық тапсырмалар берди. Олардың қатарында үскенелерди модернизациялаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажларды әмелге асырыў, профилактикалық хызмет ҳәм шөлкемлестириў илажларын күшейтиў, сондай-ақ, жүзеге келиўи мүмкин болған айрықша жағдайларға жедел жуўап бериў илажлары да бар.

    Қыс мәўсиминде қала электр тармақларының турақлы ҳәм исенимли ислеўин тәмийинлеў мақсетинде бул тапсырмалардың орынланыўы айрықша қадағалаўға алынған.

    Сондай-ақ, сапар даўамында халықтың мүрәжатлары да тыңланып, оларға шешим табыў илажлары көрилди.


    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates