Медицина илиминиң атасы Абу Али Ибн Сино бабамыздың 1044 жыллығына бағышланған бул әнжуманда Россия ҳәм Өзбекстандағы медицина жоқары оқыў орынлары, илимий изертлеў ҳәм шығыстаныў институтларының илимпазлары, Республикалық Мәмлекетлик медицина китапханасы ҳәм барлық медицина жоқары оқыў орынларының АРО хызметкерлери қатнасты.
- Конференцияның биринши күнинде медицина илиминиң султаны Абу Али Ибн Синониң өмир жолы ҳаққындағы мақалалар көрип шығылып, қатнасыўшыларға улыўма мағлыўматлар берилди, - дейди Бухара Мәмлекетлик медицина институты АПМ директоры Дилшода Алиева. - Конференциядан гөзленген тийкарғы мақсет бабамыздың медицина илимине байланыслы әдебиятлары оның ислеген жумысларын ҳәзирги жасларға жеткерип, оның илимин буннан былай да раўажландырыў болып табылады. Бухара Ибн Сина туўылған журт есапланады. Бизиң институтқа да Әбиў Әлий Ибн Сина аты бийкарға берилмеген. Себеби бизлер Ибн Сино журтынанбыз. Бул елде жетик шыпакерлер, жетик илимпазлар жетисип шыққан. Студент жасларымыз уллы бабамыздың изинен барып жетик шыпакерлер болып жетилиседи, деп ойлаймыз.
Институттың АРО жәмәәти тәрепинен шөлкемлестирилген бул әнжуманда Ташкент медицина академиясы баспасөз хызмети жанындағы "Доктор Репортёр Дебат" жаслар клубының жойбары және Әндижан ҳәм Бухара Мәмлекетлик Медицина институтларының "Доктор Репортёр"лары бабамыздың мийрасына байланыслы мақалалары менен қатнасты.
Сондай-ақ, конференция даўамында институт китапхана фондын жаңа әдебиятлар менен байытыў ҳәм Ибн Сина мийрасын өсип киятырған жас әўладқа тереңирек үйретиўге байланыслы усыныслар тыңланды.
Ташкент медицина академиясы студенти