Сапар бағдарламасына муўапық, мәмлекетимиз басшысы 31-август - 1-сентябрь күнлери Тяньцзинь қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси ҳәм "ШБШ плюс" форматындағы ушырасыўда қатнасады.
ШБШ шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўди тийкарғы бағдарларда және де раўажландырыў ҳәм шөлкемниң жумысын жетилистириўдиң әҳмийетли мәселелери додаланады.
Тяньцзинь декларациясы, биргеликтеги ҳүжжет ҳәм қарарлардың қабыл етилиўи режелестирилген.
Өзбекстан жетекшиси 2-сентябрь күни Пекин қаласында ҚХР Баслығы Си Цзиньпин менен сөйлесиўлер, сондай-ақ, сырт ел делегацияларының басшылары ҳәм Қытайдың исбилермен топарларының ўәкиллери менен ушырасыўлар өткереди.
3-сентябрь күни мәмлекетимиз басшысы Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңистиң 80 жыллығына бағышланған салтанатлы илажларда қатнасыўы нәзерде тутылған.









