10 миллионнан аслам халықтың турмысына тәсир ететуғын машқала шешилмекте

    "Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына және оларда қурылған имарат ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында"ғы нызам мине усы тәреплери менен тән алыныўға ылайық.

    Жуўмақланып атырған жылда мәмлекетимизде адамлардың турмысын абаданластырыў, мүнәсип турмыс кешириўи ушын мүнәсип шараят жаратыўға итибар және де күшейди. Буның ушын ҳуқықый тийкарлар беккемленди. Бурын мүмкин емес болып көринген жумыслар, басламаларға қол урылды. Атап айтқанда, 2024-жылдың 5-август күни мәмлекетимиз басшысы қол қойған "Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына және оларда қурылған имарат ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында"ғы нызам менен көпшилик күткен, миллионлаған шаңарақлардың турмысына байланыслы мәселеге шешим табылды.

    Дәслепки үйрениўлер ҳуқықый ҳүжжетлери жоқ ямаса толық емес 3 миллион 600 мыңнан аслам жер участкасы бар екенлигин көрсетти. Сол себепли, мәмлекетимиз басшысы 2023-жыл 21-ноябрьде жер есабы ҳәм кадастр хызметлери бойынша өткен видеоселектор мәжилисинде бул мәселени нызамлы шешиў зәрүр екенлигин айтқан еди. Нызам тап усы мәселени шешиў ушын қабыл етилди.

    Нызамда 8 жағдайдағы жер участкалары ҳәм оларда жайласқан имаратларға ҳуқықларды тән алыў нәзерде тутылды. Оның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң усынысына бола 2024-2025-жыллар ушын реже-кесте тастыйықланды. Оған муўапық, еки жыл даўамында 3878 мәҳәлледеги 2259 мыңнан аслам объектте хатлаў өткериледи.

    Бул нызам ҳәм оның орынланыўы бойынша басланған жумысларды, шын мәнисинде, өткен жылдың тарийхый ўақыяларынан бири сыпатында тән алсақ арзыйды. Себеби, ол арқалы миллионлаған ўатанласларымыздың турмысында өзгерис жүз берди. Адамлардың он жыллар даўамында анық болмаған сораўларына жуўап берилди. Яғный, олар әмелде бар, ҳүжжетте жоқ үйлерге ийе болатуғын болды. Енди "Үйим алып қойылмай ма?", "Бузып тасланбай ма?" деген қәўетер ҳәм тәшўишлерге орын қалмайды.

    Нызам қабыл етилгеннен кейин, оның әҳмийети ҳаққында көп тән алынды. Мәмлекетимизде алып барылып атырған инсаныйлық, халықшыл сиясаттың логикалық даўамы екени ҳаққында көп сөз етилди. 3 миллион 600 мыңнан аслам жер участкасының ҳәр бири орташа 3-4 пуқара ҳәм исбилерменге тийисли болса, бул нызам 10 миллионнан аслам адамның машқаласын шешип, келешектеги турмысына нызамлы тийкар жаратылатуғыны айтылды.

    Усы ўақытқа шекем нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин тәмийинлеў мақсетинде оқыў-семинарлары өткерилди және нызамның мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында халық арасында түсиндириўлер өткерилди, ғалаба хабар қуралларында 100 ден аслам көрсетиўлер көрсетилди, радиоеситтириўлер узатылды, мақалалар басып шығарылды. Хатлаў процесин санластырыў мақсетинде Кадастр агентлиги тәрепинен "Е‘тироф" мәлимлеме системасы ислеп шығылды. Өз гезегинде, “Эътироф” мәлимлеме системасы UZKAD системасына интеграцияланып, хатлаў процесинде қәлиплестирилген мағлыўматлар алмасыўы жолға қойылды. Мәмлекетлик уйымлардың жуўапкерлери ушын мәлимлеме системасынан пайдаланыў бойынша оқыў сабақлары өткерилди.

    Инвентарлаў жумыслары басланды. Процесске кадастр уйымларының 4500 ден аслам қәнигеси тартылды. Бүгинги күнге шекем 575 мәҳәлледеги 116 мың 198 объектте хатлаў жумыслары жуўмақланды.

    Есап-санақларға муўапық, 2025-жылдың ақырына шекем 700 мыңнан аслам пуқараның турақ жайға ийелик етиў ҳуқықын тән алыў мәселеси көрип шығылады. Бул оғада итибарлы сан. Ўатанласларымыздың пикир-усынысларынан да буны түсиниў қыйын емес.

    Жерге қатнасықта жаңа механизм

    Сурхандәрья ўәлаятында 724 мәҳәлле бар. Кадастр агентлиги қәнигелери тәрепинен график тийкарында 2024-жылы 24 мәҳәлледе хатлаў жумыслары орынланды.

    Дәслеп жумыслар Музрабат районынан басланды. Биринши, семинар шөлкемлестирилип, ўәлаят жуўапкерлери тәрепинен Кадастр агентлиги жумысшы топарының хызметкерлерине хатлаў процесслерин өткериў бойынша анық көрсетпелер берилди. Шаңарақларға барғанда да пуқараларға мәселени дурыс түсиндириў үлкен әҳмийетке ийе.

    Мәселен, бул нызам жер участкаларын дурыс басқарыў, нызамсыз ҳәрекетлерди сапластырыў ҳәм пуқаралар ушын нызамлылықты тәмийинлеўге хызмет етиўи, жерге байланыслы нызам бузылыў жағдайлары ушын жуўапкершиликти күшейтиў, өзбасымшалық пенен ийелеў ҳәм нызамсыз имарат қурыў жағдайларының азайыўына хызмет ететуғыны мәлим етилиўи керек.

    Музрабат районында 37 мәҳәлле болып, режеге муўапық "Шаффоф" МПЖ аймағында жасайтуғын пуқаралардың жер майданы толық хатлаўдан өткерилди.

    Ўәлаяттың барлық аймағында тараў қәнигелери тәрепинен пуқараларға ҳүжжетсиз қурылған турақ жайларды легалластырыўдың анық тәртип-қағыйдалары ҳаққында толық түсиник берилмекте. Нәтийжеде жыллар даўамында жерге байланыслы болған анықсызлықлар анық тийкарлар менен белгилеп алынбақта.

    Хатлаў процесинде кадастр хызметкерлери де белгиленген ўәкиллигинен шетке шығып, тәмийинлеў ямаса коррупция ҳәрекетин әмелге асырса, Кадастр агентлиги Сурхандәрья ўәлаяты басқармасының коррупцияға қарсы гүресиў бөлиминиң исеним телефонларына байланыс ушын мағлыўматнамалар да усынылмақта.

    Пуқаралардан хатлаў процесине ҳәр қыйлы дәлдалшыларды араластырмаў, кадастр хызметкерлерине "тезлетиң, имканиятын ислеп бериң" деген ҳәр қыйлы себеплер менен материаллық мәпдарлықты усыныс етпеў де соралмақта. Себеби, бүгин ямаса ертең үйлерге хатлаў ушын, әлбетте, барылады. Ҳәр бир шаңарақ ушын ҳәр бир хызметкерден сораў болады. Бул бағдарда да өз-ара аўызбиршиликте ислеў әҳмийетли. Усындай мәселелерде, сондай-ақ, пуқараларға ҳүжжетсиз қурылған турақ жайларды легалластырыўдың анық тәртип-қағыйдалары ҳаққында тараў қәнигелери тәрепинен толық түсиник берилмекте.

    Шавкат МУРОДОВ,

    Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Сурхандәрья ўәлаяты басқармасы мәмлекетлик жер кадастрын жүргизиў секторының баслығы

    Машқалалар шешилип атыр

    Нызам күши орынлаўда көринеди. Усы жағынан "Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына және оларда қурылған имарат ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында"ғы нызам көплеген шаңарақлардың турмыс тәризине ҳуқықый еркинлик, мүлкке байланыслылықты алып кирди.

    Бул процесс бизиң аймағымызда биринши болып әмелге асырылмақта. Мәҳәллемизде 147 шаңарақ бар. Бирақ, олардың көпшилигинде меншик ҳуқықы жоқ еди. Буның есабынан айырым пуқараларды тийисли тәртипте жасаў орнына дизимге алыўда түсинбеўшилик, артықша қыйыншылық жүзеге келип атырған еди.

    Хатлаў процесинде үйлерди тийисли тәртипте дизимге алыў, ҳүжжетлерди жыйнаўға айрықша итибар қаратылмақта. Буннан тысқары, кадастр, ҳуқық қорғаў уйымының хызметкерлери, мәҳәлле белсендилери менен биргеликте өзбасымшалық пенен ийеленген жер участкалары ҳәм олардағы нызамсыз қурылысларды қадағалаў және кемшиликлерди сапластырыў бойынша ҳуқықый мәсләҳәтлер берип бармақтамыз. Нызам шеңберинен шетке шыққан ямаса нызамға қайшы түрде жер участкаларын өзбасымшалық пенен ийелеп, нызамсыз қурылыслар ислеген шахсларға ҳәкимшилик ямаса жынайый жуўапкершилик белгиленгени бойынша үгит-нәсиятлаў илажларын өткерип келмектемиз. Мәҳәллелеслеримиз арасында "өзбасымшалық пенен жер участкаларын ийелеп алсам, нызам шеңберинде ҳүжжетлестириўге ерисемен", деп алдаўшылардың торына түсип қалмаў илажларын көрмектемиз, сергек ҳәм итибарлы болыўға шақырып атырмыз.

    Нызамда турақ жай кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў емес, ал ҳуқық белгилеўши ҳүжжетлер болмағаны ушын жер ҳәм имаратларға ҳуқықты тән алыў мәселеси нәзерде тутылған. Исбилерменлик субъектлери тәрепинен өзбасымшалық пенен қурылған имаратларға емес, ал исбилерменлик субъектлерине ҳәкимликлер тәрепинен жер ажыратылып, ўәлаят дәрежесинде тастыйықланбаған жағдайлар және исбилерменлик субъектлери киши санаат зоналарына жайластырылып, ҳәким қарары шығарылмаған жағдайлар көрип шығылыўы нәзерде тутылғаны бойынша ушырасыў, дөгерек сәўбетлери өткерилип келинбекте.

    Шаңарақларда болып, жыйналған ҳүжжетлердиң толықлығы ҳәм нызамлылығы ўәлаят әдиллик басқармасы тәрепинен көрип шығылыўы ушын жиберилип атыр. Нәтийжелер болса мәҳәлле мүйешлери, Кадастр агентлигиниң веб-сайты арқалы жәмийетшиликке жәрияланады. Унамлы жуўмақ алған пуқараларға СМС хабарнама келеди. Усы тийкарда бир мәртелик төлемди төлегенлерге ҳәр шеректе халық депутатлары ўәлаятлық кеңесиниң қарары менен ҳуқықлар тән алынады.

    Бул нызам көпшилик ўатанласларымыз асыға күткен жаңалық болды. Өзи жасап атырған шаңарақ ийелери жер участкасы ҳәм қурылған имарат, объектлердиң ҳуқықый ҳүжжетлериниң жоқлығынан қәўетерленип жүрген болса, енди бул машқалалар сапластырылмақта.

    Дилмурод ТУРСУНОВ,

    Ёзёвон районы "Янгибостан" МПЖ баслығы

    Үйимиздиң Нызамлы Ийеси Боламыз

    Турмыста инсанның әрманы көп болады. Мине, усылардың ең әҳмийетлиси өзиниң ўатаны, шаңарағы ҳәм әлбетте, үйи болыўы болып табылады. Биз өз журтымызда өстик, үлкейдик, шаңарақ қурдық. Шынында, турақ жайға ийе болыўда бираз қыйыншылық көрдим. Адамның үйи болмаса, шаңарағында тынышлық, кеўлинде қәтержамлық болмайтуғынын сездим, басымнан өткердим.

    Наўайы қаласына Хатирчи районынан келгенмен. Жумысқа жайласқаннан кейин ижараға жай табыўға мәжбүр болдым. Жас шаңарағымыз, бир перзентимиз бар. 2015-жылы қалаға жақын жерден турақ жай алыўға ҳәрекет еттик.

    Бир танысымнан Кармана районындағы фермер пуқараларға турақ жай қурыў ушын жер сатып атырғанын еситип, ата-анам, жақынларымның жәрдеминде 6 сотих жер сатып алдым. Жерди сатқан фермер кейин ала ҳәммесин ҳүжжетлестирип бериўин ҳәм үй қурылғаннан кейин кадастр ҳүжжетлери исленетуғынын айтқан еди.

    Тилекке қарсы, жайды қурып, бир-еки ханасын оңлап, көшип келгенимизден кейин машқалалар басланды. Үйге кадастр ҳүжжетлерин таярлаў ушын тийисли шөлкемлерге барғанымызда жер нызамсыз ийелеп алынғанын айтып, арзамыз бийкар етилди. Жүдә көп әўере болдық.

    Ең жаманы, сонша қыйыншылық пенен қурған үйимизди бузып таслаў ушын судтан да қағаз келди. Сол күнлерде Президентимиздиң қарары менен "Бир мәртелик акция" жәрияланғанда кеўлимизде үмит оянған еди. Тилекке қарсы, белгиленген мүддетте ҳүжжетлерди тақластырыў имканияты болмады. Ўақыт таппадық.

    Илажсыз, және қаладан ижараға үй алып көшип кеттик. Қайғы уўайым менен шаңарағымда да, жумысымда да берекет болмады. "Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имарат ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында"ғы нызам себепли кеўлимде және үмит оянды. Мен сыяқлы жер сатып алып, турақ жай қурып, кадастр ҳүжжетлерин тақлаў имканиятын таппай, қыйналып жүрген қоңсыларым да қуўанды.

    Нызамда 2018-жыл 1-майға шекем жеке тәртиптеги турақ жай қурып өзбасымшалық пенен ийелеген жер ҳәм ондағы имарат ҳәм объектлерге ийелик ҳуқықын бериў белгиленген екен. Бул биз сыяқлы әўерегершиликте қалған пуқаралар ушын үлкен имканият. Ақыры неше жылдан берли қандай азап ҳәм қыйналысларды басымнан өткергеним өзиме, шаңарағыма ҳәм жақынларыма ғана белгили.

    Бул нызам ноябрьде толық күшке кирди. Биз де тийисли шөлкемлерге мүрәжат еттик. Ҳәзирги ўақытта хатлаў процеси жүрип атыр екен. Бундай имканият берген Президентимизден миннетдармыз. Жақын күнлерде үйимиздиң нызамлы ийеси болып, шаңарағымыз бенен рәҳәтте жасайтуғынымызға үмит етемиз.

    Жонибек ОЙБЕКОВ

    Наўайы қаласы

    Өз "Ўатанымыз" бар

    2015-жылы Қоңырат районы "Қыят" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жақсы нийет пенен имарат тикледим. Бирақ, кадастр ҳүжжети болмағаны ушын үйимди газ, электр, суў тармақларына жалғай алмадым. Бул шаңараққа дизимге де отырғызбады. Кеўиллеримизде тынышлық болмады. Кадастр ҳүжжетлерин таярлаў ушын тийисли шөлкемлерге барғанымда арзамыз қабыл етилмеди. Сол себепли, қаншама мийнетимиз есабынан бой тиклеген үйимизде жасай алмай келдик. Имаратымыз болса барған сайын гөнерип баратыр.

    Президентимиздиң 2023-жыл 28-июльдеги "Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық тәреплер тәрепинен қурылған турақ жайларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында"ғы пәрманы биз ушын узақ жыллар әрман етип күткен ҳүжжет болды. Соның менен бул бағдардағы жумыслар Қарақалпақстанда ең алдында басланды. 2024-жыл августта қабыл етилген нызам болса бул жумысларды және де жеделлестирди.

    Мине арадан неше жыл өтип, биз сыяқлы ҳүжжетсиз, кадастры жоқ турақ жайларды ҳүжжетлестириўге руқсат берилгени шексиз қуўанышқа себеп болмақта. Үйимниң ҳақыйқый ийесине айландым. Өз имаратыма өзим ийелик етемен. Жыллар даўамында сергиздан болғанлар мениң жағдайымды жүдә жақсы түсинеди. Үлкен үйиң бола турып онда жасаў ҳуқықың болмаса, қыйын екен. Енди усы шаңарақта дизимге алынып, ақлықларымды балалар бақшасына биймәлел алып барып атырман.

    Дилбар АЛЛАНИЯЗОВА

    Қоңырат районы

    Имканиятдан Шексиз Миннетдармыз

    Нөкис қаласындағы "Ата мәкан" мәкан пуқаралар жыйынында жасайман. Имаратымды тиклегениме 20 жыл болды. Бирақ, бул ўақыт ишинде кадастр ҳүжжетлери болмағаны ушын жүдә көп машқалаларға дус келдим. Физикалық тәреплер тәрепинен қурылған турақ жайларға ийелик ҳуқықының берилиўи биздей пуқаралардың мәплерин қорғаў жолында әҳмийетли қәдем болды.

    Қала ҳәкимлигинен жуўапкерлер келип, жағдайды үйренди. Соң турақ жайға ийелик етиў ҳуқықын бериў бойынша кадастр ҳүжжетин берди. Енди өз үйиме ийе болдым ҳәм шаңарақ ағзалары менен тыныш татыў турмыс кеширип атырмыз.

    Нызам менен 2018-жыл 1-майға шекем жеке тәртиптеги турақ жай қурып, өзбасымшалық пенен ийелеген жерге және ондағы имарат ҳәм объектлерге ийелик ҳуқықын бериў белгиленгени биз сыяқлы әўере-сарсаң болып жүргенлер ушын үлкен имканият болды.

    Бул имканияттан шексиз миннетдармыз. Болмаса, тағы қанша жыл қыйналып жасайтуғын едик. Шаңарағымызда перзентлеримиз кәмалға келмекте. Енди олардың тәрбиясы менен қәўетерсиз шуғылланыў имканияты бар.

    Маҳмуд АЛАУАТДИНОВ

    Нөкис қаласы