Президент 27.01.2025-жылдағы "Турақ жай қурылысы тараўын және де раўажландырыў ҳәм турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлерди үлеске тийкарланған қурыў процесин тәртипке салыў механизмлерин жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы ПП-11-санлы Пәрманға қол қойды.
Турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлерди үлеслик қатнасық тийкарында қурыў процесинде пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин кепиллеў ушын төмендегилерди нәзерде тутатуғын "Турақ жайдың бирден-бир турмыс цикли" принципи енгизилмекте:
турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлерди үлеслик тийкарда қурыў процесинде физикалық ҳәм юридикалық шахслар (үлесли) ҳуқықларының қорғалыўын тәмийинлеў;
бар жер ресурсларынан нәтийжели (интенсив) пайдаланған ҳалда турақ жай қурылысын шөлкемлестириў;
турақ жай қурылысы тараўындағы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мүддетлерин қысқартыў;
турақ жайларды үлеске киргизиў ҳәм ипотека кредити тийкарында сатып алыўдың исенимли ҳәм нәтийжели имканиятын жаратыў;
турақ жай қурылысында энергия үнемлеўши қурылыс материалларынан пайдаланыўды ғалаба ен жайдырыў.
"Турақ жайдың бирден-бир турмыс цикли" принципи шеңберинде 2025-жыл 1-июльден баслап қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлер, девелоперлер ҳәм буйыртпашылар (қурылысшылар) тәрепинен объектлерди қурыўда үлесшилердиң пул қаржыларын тартыў тек ғана кадастр уйымларында мәмлекетлик дизимнен өткерилген, нотариал тастыйықланған үлеслик қатнасық тийкарында қурылыс шәртнамасы тийкарында әмелге асырылады.
Онда үлеслик қатнасыў шәртнамасы мәмлекетлик дизимнен өткерилген күннен баслап қурылыс-монтажлаў жумыслары жуўмақланған объектти тәреплер биргеликте пайдаланыўға бериўге шекем:
үлеслик қатнасық шәртнамасы бойынша үлес ийесиниң талап етиў ҳуқықын басқа шахсқа өткериўге, сондай-ақ, үлеслик қатнасық шәртнамасын гиреў предмети сыпатында қабыл етиўге руқсат бериледи ҳәм ол кадастр уйымларында дизимнен өткериледи;
үлеслик қатнасық шәртнамасына тийкарланған мүлклик ҳуқық ҳәм миннетлемелер үлес ийесиниң мийрас қурамына киреди.
Үлеслик қатнасық шәртнамасы бойынша қаржылар оларды есапқа алыў ушын үлес ийеси тәрепинен банктеги эскроу есап бетине жайластырылады ҳәм депонентленеди. Онда үлес ийелериниң үшинши шахслар алдындағы миннетлемелери ҳәм қурылысшының миннетлемелери бойынша эскроу есап бетиндеги қаржыларды тоқтатып турыў, хатлаў ямаса есаптан шығарыўға жол қойылмайды.
Объектти қурыў бойынша жумысларды қаржыландырыў қурылысшының өз қаржылары ямаса коммерциялық банклер тәрепинен жойбарлық қаржыландырыў арқалы ажыратылатуғын кредит қаржылары есабынан әмелге асырылады.
Сондай-ақ, биринши басқышта объектти қурыў бойынша улыўма жумыс көлеминиң кеминде 30 процентин өз қаржылары есабынан орынлағаннан соң коммерциялық банк тәрепинен қурылысшыға мақсетли кредит ажыратыў системасы енгизилмекте.
Қурылыс-монтажлаў жумыслары жуўмақланған объектти пайдаланыўға тапсырыў ушын рухсат берилгеннен соң эскроу есап бетине депонентленген қаржылар банк тәрепинен қурылыс ушын қурылысшыға ажыратылған кредитти сөндириўге бағдарланады, қалған бөлеги қурылысшыға өткериледи.
2025-жыл 1-июльден 2025-жыл 31-декабрьге шекемги дәўирде қурылыс ушын үлесшилердиң қаржыларын тартыў тәреплердиң таңлаўына бола эскроу есап бетлери ҳәм ҳәзирги күнде әмелдеги тиккелей тартыў механизми тийкарындағы үлеслик қатнасыў тәртиби арқалы параллель түрде әмелге асырылады.
Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 01.02.2025-жылдан күшке кирди.