Арменияда өткерилген жәҳән чемпионатында хоккейшилеримиз өз дивизионында жеңимпаз болып, келеси мәўсимде үшинши дивизионда қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди. Буннан алдын, март айында Таиландта болып өткен 18 жасқа шекемги хоккейшилер арасындағы жәҳән чемпионатында да сайланды командамыз жеңиске ерискен еди.
Саудия Арабстанында өткерилген жеңил атлетика бойынша 18 жасқа шекемги спортшылар арасындағы Азия чемпионатында жерлеслеримиз 12 - 3 алтын, 5 гүмис ҳәм 4 бронза медалын қолға киргизип, өз тарийхында биринши мәрте улыўма командалық есапта екинши орынды ийеледи.
Президент баспасөз хаткериниң мәлим етиўинше, мәмлекет басшысы Шавкат Мирзиёев спортшылардың жетискенликлерин айрықша қызығыўшылық ҳәм итибар менен бақлап бармақта.
"Бул жетискенликлер, бәринен бурын, жигит-қызларымыздың тынымсыз мийнети, жоқары шеберлиги, беккем ерк-ықрары ҳәм мәртлиги себепли. Онда спорт тараўына қаратылып атырған итибар ҳәм системалы мәмлекетлик сиясаттың да айрықша орны бар екенлигин атап өтиў керек. Мәмлекетимизде спорт инфраструктурасы сезилерли дәрежеде жақсыланды, жаңа мектеплер ашылмақта, спортшылардың профессионал раўажланыўы ушын шараятлар жаратылмақта", деп жазады Шерзод Асадов өзиниң социаллық тармақтағы бетлеринде.
Мәмлекетимиз басшысы хоккейшилер ҳәм жеңил атлетикашыларымызды жоқары табыслары менен қутлықлап, ата-аналары, устаз ҳәм тренерлерине шын жүректен миннетдаршылық билдиреди.