Дәслеп өз қыйтақ жерине ислеў бериў мақсетинде жаратылған бул техника импорт етилетуғын тракторларға салыстырғанда дерлик 2 есеге арзан ҳәм жанылғы жумсалыўы аз.
Өндиристи кеңейтиўди режелестирген исбилерменниң басламасы қоллап-қуўатланды. Келешекте тракторлардың санын 100 ден арттырыў ҳәм бул арқалы жүзге шамалас пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў режелестирилген.
Қыйтақ жер менен шуғылланып атырған шаңарақларға қолайлық жаратыў мақсетинде ҳәзирги ўақытта Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги тәрепинен усы техникаларды реализациялаў, атап айтқанда, халыққа лизинг тийкарында бериў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.