Орайлық Азияда азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша жетекшилик етпекте. Бул көрсеткиш Өзбекстанның азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдеги сиясий ҳәм институционаллық көзқарасларының нәтийжелилигин көрсетеди.
2024-жыл жағдайына бола Орайлық Азиядағы басқа мәмлекетлер рейтинги:
- Қазақстан - 25 балл.
- Қырғызстан - 36 балл.
- Тәжикстан - 65 балл.
- Түркменстан - 50 балл.
2020-жилға салыстырғанда GHI динамикасын анализ ететуғын болсақ:
- Тәжикстан - ең аўыр жағдайда, соңғы үш жыл ишинде индекс 62-67 балл аралығында болып, азық-аўқат қәўипсизлиги тараўында үлкен машқалалар бар.
- Қазақстан - 2020-жылы 21 балл менен баслаған, бирақ 2021-жылы индекс 28 баллға шекем көтерилген, ҳәзир болса 24-25 әтирапында турақласқан. Бул азық-аўқат қәўипсизлигинде белгили бир қәўиплер бар екенлигин аңлатады.
- Қырғызстан - әсте-ақырын унамлы өзгерислер бар: индекс 42 ден 36 ға шекем төменлеген.
- Түркменстан - 2020-жылдан берли 48-52 балл аралығында сақланып қалмақта, бул болса турақлы, бирақ машқалалы жағдайды билдиреди.
Global Hunger Index қалай есапланады?
GHI ҳәр жылы халықаралық мәмлекетлик емес шөлкемлер тәрепинен жәрияланады ҳәм балалар өлими, өсиўден қалыў, аз салмақ ҳәм халық арасында аз аўқатланыў сыяқлы көрсеткишлер тийкарында қәлиплестириледи.
Ол азық-аўқат қәўипсизлигин төмендеги бағдарлар бойынша баҳалайды:
- Аўқатланыў сапасы ҳәм жетерли дәрежедеги тутыныў
- Балалар саламатлығы ҳәм өсиў пәтлери
- Улыўма денсаўлық ҳәм социаллық инфраструктура жағдайы