Профессионал бокстың суперорта салмақ категориясында ҳәрекет етип атырған былғары қолғап устамыз Бектемир Мелиқўзиев рингке қайтпақта.
Алдын хабар берилгениндей, 30-май күни Лас-Вегас қаласындағы Virgin Hotels комплексинде шөлкемлестирилетуғын проф бокс кешесинде қатнасады. 29 жасар Мелиқўзиевке сол күни америкалы Дарьюс Фулгхэм қарсыласады. Беллесиў суперорта салмақ категориясында, WBA Элиминатор статусында өткериледи. Бул соқлығысыў жеңимпазы кейинги беллесиўин әйне чемпионлық белбеўи ушын өткереди. Мелиқўзиев ҳәзирги ўақытта усы шөлкем рейтингинде үшинши орында турған болса, Фулгхэм төртинши текшеде бармақта.
Суперорта салмақта мексикалы Сауль Альварэс WBA Super белбеўи ийеси болса, Калеб Плант ўақытша белбеўге иелик етеди. Сондай-ақ, Увель Эрнандес WBA Gold чемпионы есапланады.
Мағлыўмат ушын, Бектемир Мелиқўзиев жумысы даўамында 16 беллесиў өткерип, 15 жеңис (10 КО) ҳәм 1 жеңилис дизимге алған. Дарьюс есабында болса 14 беллесиўде қолға киргизилген 14 жеңис (12 КО) бар.