Бүгинги күнде "Бухара-Үргенш-Хийўа" темир жолы электрлестирилип, 960 километрлик қорғаў тосықлары орнатылды ҳәм жасалма объектлер қурылды.

Бул жөнелис ушын Қубла Кореяның "Hyundai Rotem" компаниясынан жоқары тезликтеги 6 электропоезд сатып алынып, келеси жылдан "Жалолиддин Мангуберди" атамасы астында Ташкент-Хийўа жөнелисине қойылады.

Нәтийжеде жылына 3 миллионнан аслам жолаўшыға хызмет көрсетиледи. Ҳәзирги ўақытта Ташкенттен Хийўаға 14 саатта жетип баратуғын поезд усы жөнелисте ҳәрекетке қойылатуғын электропоезд имканиятлары себепли 7 саат 40 минутта жетип барады.

Сондай-ақ, жүк поездларының өткериўшеңлиги дерлик 6 миллион тоннаға жетеди. Ҳәзир бул көрсеткиш 1 миллион тонна.

Президентимиздиң 2023-жыл 10-октябрьдеги темир жол транспорты тараўын түп-тийкарынан реформалаў ҳаққындағы қарары тийкарында вагон қурылысы тармағы да беккемленбекте. Соның ишинде, Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан 50 миллион доллар жолаўшы вагонларын ислеп шығарыў ушын қаратылған. Усы жылдың биринши шерегинде дәслепки 10 жолаўшы вагоны қурып питкерилди.

Мәмлекетимиз басшысы олардағы қолайлықларды көзден өткерди.

Келеси еки жылда жолаўшы вагонларының саны 70 ке көбейтилип, ески түрдегилеринен басқышпа-басқыш ўаз кешиледи. Нәтийжеде жылына бир миллионнан аслам қосымша жолаўшыны тасыў имканияты жаратылады.

Президент усы жаңа поездда жәмийетшилик пенен бирге Үргенштен Хийўаға барды. Жол бойындағы орынлардағы абаданластырыў, атыз шетлеринде егилген нәллерди бақлап барды.

Ўәлаятта өткен жылы "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде дерлик 10 миллион түп терек ҳәм пута нәллери егилген. Ири санаат кәрханалары тәрепинен "жасыл белбеў"лер қурылған.

Быйыл ерте бәҳәрде де дийқаншылық көлеми кеңейди. Ўәлаяттағы 1 мың 100 гектардан аслам атыз шетлери ҳәм каналлар әтирапындағы майданларға дәраматлы өнимлер егилди. Оларды кепилликли сатып алыўға исбилерменлер бириктирилген. "Агрокөмекши" мобиль қосымшасы арқалы атыз шетлери ҳаққындағы мағлыўматлар жәмийетшиликке жеткерилмекте.