Сөйлесиўлер ўақтында Өзбекстан-Россия бирге ислесиўиниң тийкарғы бағдарлары бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды. Тәреплер күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелерин додалады және еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў шеңберинде жоқары дәрежедеги болажақ илажлар режесин келисип алды.
Тәреплер Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы консуллық-ҳуқықый мәселелер бойынша бирге ислесиў жоқары дәрежеде екенин атап өтти: ҳәр жылы консуллық мәселелери бойынша мәсләҳәтлесиўлер өткерилмекте. Сондай-ақ, миграция тараўында да тығыз бирге ислесиў жолға қойылған: Өзбекстан пуқараларын Россияда жумыс ислеў ушын шөлкемлестириўшилик жақтан тартыў мәселелерин тәртипке салыў бойынша еки тәреплеме жумысшы топар ҳәр айда турақлы мәжилислер өткермекте.
Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы сыртқы ислер министрликлери арасындағы турақлы мәсләҳәтлесиўлер пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин нәтийжели қорғаўға, консуллық хызметлери тараўындағы бирге ислесиў механизмлерин жетилистириўге, сондай-ақ, мийнет миграциясы менен байланыслы мәселелерди жеделлик пенен шешиўге хызмет етип атырғаны айрықша атап өтилди. Буларға пуқаралардың жөнеп кетиўинен алдынғы тил ҳәм кәсиплик таярлық, руқсат бериў тәртип-қағыйдаларының бир бөлегин Өзбекстанда әмелге асырыў ҳәм нызамшылыққа әмел етилиўин тәмийинлеў сыяқлы мәселелер киреди.
Сөйлесиўлер даўамында Өзбекстан тәрепи Россия тәрепиниң итибарын Россия Федерациясында Өзбекстаннан келген мийнет мигрантларының ҳуқықлары бузылыўы ҳәм оларға қолайсыз қатнаста болыў жағдайлары ҳаққындағы хабарлардың көбейип атырғанына қаратты.
Бундай жағдайлар Россия аймағында мийнет етип атырған Өзбекстан пуқараларының ҳуқықлары менен еркинликлериниң бузылыўы есапланатуғыны, бул ҳуқықлар менен еркинликлер болса жасап атырған мәмлекет нызамшылығы тийкарында тәмийинлениўи керек екенлиги атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен, көтерилген мәселени терең үйрениў ҳәм Өзбекстан тәрепиниң қәўетерлениўлерин Россия Федерациясының тийисли ўәкилликли уйымларына жеткериў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Россия пуқараларының еки мәмлекет аймағындағы ҳуқықлары менен еркинликлерин өз-ара тәмийинлеў бойынша тығыз бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды.