Миллий спортымыз жылнамасына алтын ҳәриплер менен жазылатуғын бундай жарқын нәтийже елимиздеги миллионлаған футбол ықласбентлери, пүткил халқымыздың неше жыллық әрманы еди, десек, дурыс болады. Сизлер профессионал билим ҳәм тәжирийбеңиз, тәжирийбеңиз ҳәм шеберлигиңиз, ең әҳмийетлиси, жоқары ерк-ықрарыңыз ҳәм жеңиске болған исенимиңиз бенен мине усындай әрманды реал ўақыяға айландырғаныңыз ҳәр қандай мақтаўға ҳәм алғысқа ылайық.
Мине усы нурлы ақшамда - қутлы жеңис әййямында көп миллетли пүткил Өзбекстан халқы сизлер менен ҳақылы түрде мақтанбақта, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Саралаў ойынлары қаншелли күшли бәсеки астында, кескин ҳәм қызғын гүреслерде өткени, сайланды командамызға түрли басымлар болғанына қарамастан, сизлер зәрүр упайларды топлап, күш-ғайратлы Жаңа Өзбекстан жаслары қандай жоқары шеклерди ийелеўге уқыплы екенин және бир мәрте әмелде дәлилледиңиз.
Сизлердиң мине усындай оғада жуўапкершиликли турнирдеги мүнәсип қатнасыўыңыз кейинги жылларда мәмлекетимизде спортқа, соның ишинде, оның ең ғалабалық түри болған футболға қаратылып атырған үлкен итибардың және бир уллы әмелий нәтийжеси сыпатында да биз ушын оғада қәдирли болып есапланады.
Бул тарийхый жетискенлик халқымызды ийгиликли мақсетлер жолында және де бирлестиреди, мың-мыңлаған жасларымыз ушын илҳам дәреги, ибрат тымсалына айланады, Жаңа Өзбекстанның халықаралық абырайын және де арттырыўға хызмет етеди, деп исенемен.
Сизлер футбол майданларындағы мине усындай даңқлы жеңистен жаңа күш ҳәм руўх алып, келеси жылы АҚШ, Мексика ҳәм Канада мәмлекетлеринде болып өтетуғын жәҳән чемпионатында тек ғана Өзбекстанның емес, ал пүткил Орайлық Азия регионының биринши ҳәм жалғыз ўәкили болыўдай жоқары мақтанышты терең сезинип, және де үлкен жанкүйерлик көрсетесизлер, деп исенемен.
Мине усы қуўанышлы әййямда сизлерди бәрқулла қоллап-қуўатлап киятырған меҳрийбан ҳәм талапшаң устаз-тренерлериңизди, миллий сайланды командамыздың барлық ағзаларын, сизлерге бахыт ҳәм әўмет тилеп, күни-түни пәтия етип келген ата-аналарыңыз, аға-ини, апа-қарындасларыңыз ҳәм барлық жақынларыңызды өзимниң атымнан, пүткил халқымыздың атынан қызғын қутлықлап, оларға шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Сизлер муқаддес Қурбан ҳайыты күнлеринде халқымызға байрам саўғасы сыпатында алып киятырған бул умытылмас тарийхый жеңис бәршемизге мүбәрек болсын!
Табыслы қәдемлериңиз даўамлы болсын, әзиз перзентлерим!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти