Туризм комитетиниң баслығы Умид Шадиев Лондонда «Bolt» компаниясының Бирге ислесиўши базарлар бойынша глобал директоры Герт-Ян Кистемакер менен ушырасты.

Ушырасыўда Өзбекстанда «Bolt» платформасын иске қосыў перспективалары додаланды. Атап айтқанда, такси, азық-аўқат ҳәм жүк жеткерип бериў, электросамокатлар хызмети сыяқлы жөнелислерди өз ишине алған платформа жергиликли халық ҳәм сырт елли туристлер ушын қосымша қолайлықлар жарататуғыны атап өтилди.

Тәреплер Өзбекстанның ири қалаларынан биринде пилот жойбарды әмелге асырыў ҳәм оны келешекте кеңейтиўге қызығыўшылық билдирди.