"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, дем алыс күнлери тек ғана республиканың ең шетки қубласында дем алыс күнлери ҳаўа айырым жерлерде 39-41 дәрежеге шекем ысыйды.
Шемби күни Өзбекстан бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем, арқада ҳәм шөл аймақларында айырым ўақытлары 20-22 м/с қа шекем күшейеди. Екшемби күни болса тек ғана Ташкент ўәлаятының таўлы аймақларында ҳәм Ферғана ойпатлығында самалдың күшейиўи күтиледи. Республиканың айырым орынларында самалдың күшейиўи шаң-тозаңлар менен белгиленеди.
Ташкентте: ҳаўа алағат бултласпайды. Температура тийкарынан түнде 21-23 градус, күндиз 34-37 градус болады.