Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Зергерлик буйымларын ислеп шығарыў тараўын қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарына бола, 2026-жыл 1-январьдан төмендегилер бийкар етиледи:

баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслардан ислеп шығарылған зергерлик буйымлары ҳәм ярым таяр өнимлерди реализациялаў бойынша айланысты ҚҚСтан азат етиўге байланыслы жеңиллик;

алтыннан исленген зергерлик буйымларын усақлап сатқаны ушын жыйым.

2028-жыл 1-январьға шекем зергерлик буйымларын ислеп шығарыў ямаса оларды сатыў жумысы менен шуғылланыўшы исбилерменлерге ҚҚСтың 80 проценти ҳәр айдың 25-сәнесине шекем автоматикалық тәризде республикалық бюджеттен қайтарылады.

2025-жыл 1-сентябрьден:

Жеке тәртиптеги исбилерменлерге зергерлик буйымларын сатыў жумысы менен шуғылланыўға рухсат етиледи;

Мәмлекетлик ҳасыллық қадағалаў инспекциясы тәрепинен Ташкент ҳәм Нөкис қалалары және ўәлаятлардың орайларында зергерлик буйымларының ҳасыллық дәрежесин тексериў ҳәм оларды тамғалаў бойынша көшпели хызмет көрсетиў жолға қойылады;

Баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслар ҳаққындағы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында "Soliq" мобил қосымшасы арқалы хабар берген шахсларға өндирилген жәрийма муғдарының 50 проценти муғдарында сыйлық төленеди.