Атап өтилиўинше, сондай-ақ, кредит алыўшылардың дерлик 27 проценти, яғный 1,4 миллионы 2 ямаса оннан артық кредитке ийе.

Бул көрсеткиш 2020-жылға салыстырғанда сезилерли өсиўди көрсетпекте. Мәселен, 2020-жылдың басында 3 ямаса оннан артық кредитке ийе болғанлардың үлеси 5 процент болған болса, 2025-жылдың июнына келип бул сан 11 процентке жеткен.

2 кредитке ийе болған пуқаралардың үлеси болса усы дәўир даўамында 13 проценттен 16 процентке шекем өскен.

Бул өзгерислер халықтың кредит қаржыларынан көбирек пайдаланып атырғанын аңлатады.

Және бир әҳмийетли тәрепи - кредитлер санының жылдан-жылға қалай өзгерип атырғаны.

2020-жылы 1 кредитке ийе болғанлардың үлеси 82 процент болған болса, бул көрсеткиш 2025-жылдың июнь айында 73 процентке шекем азайған. Яғный, бир кредит пенен қанаатланып атырғанлар саны азайған, бир неше кредитке ийе пуқаралар болса көбейген.