Мәмлекет басшылары жанында бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлер алмасылды. Соның ишинде:

- Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнаманы 2025-2029-жылларда әмелге асырыў бойынша "жол картасы";

- Қоршаған орталықты қорғаў тараўында бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;

- Илим, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў тараўларында бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;

- 2025-2026-жылларға мөлшерленген санаат кооперациясы бағдарламасы;

- 2030-жылға шекем товар алмасыўды 1 миллиард долларға жеткериў бағдарламасы;

- 2025-2027-жылларда аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелий ҳәрекетлер режеси;

- 2025-2027-жылларда социаллық қорғаў тараўында бирге ислесиў бойынша илажлар режеси;

- Кемешилик ҳәм кемесазлық тараўында бирге ислесиў ҳаққында протокол;

- Ташкент ўәлаяты ҳәм Сумгаит қаласы, Наўайы ҳәм Габала қалалары арасында дослық қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы келисимлер.