Жаңа бағ пайтахттың абырайлы ҳәм жедел раўажланып атырған "Ақ қала" массивинен орын алды.

Жойбарға бола, 8,5 гектар майданда Өзбекстанның бай мәденияты ҳәм дәстүрлерин көрсететуғын үлкен комплекс қурылады.

Бағ аймағында елимиздиң архитектуралық естеликлериниң нусқалары, сейил етиў орынлары, жасыл аймақлар, мийманхана, ҳәр қыйлы саўда ҳәм кеўилашар орынлар шөлкемлестириледи. Имаратлардың қурылысы ҳәм безеўинде өзбек миллий архитектурасы дәстүрлери ҳәм нағысларынан пайдаланылады.

Мәресимде еки мәмлекет басшылары биргеликте бағ тырнағына символикалық капсула қойып, бул әҳмийетли жойбардың қурылысын баслап берди.