Бул жерге Экономикалық бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер делегацияларының басшылары да келди.
Ағдам қаласы Әзербайжанның батысында, Қарабағ районында жайласқан. 2021-жылдан баслап қала инфраструктурасы жедел тикленбекте: жаңа мектеплер, балалар бақшасы, турақ жайлар, ҳәкимшилик имаратлар қурылмақта.
"Имарат" комплексинде Қарабағ ханлығы тийкарын салыўшысы Панаҳ Алиханның сарайы ҳәм мавзолейи жайласқан. 2024-жылы комплекс реставрация жумыслары ҳәм археологиялық изертлеўлерден соң қайта ашылды.
Бул жерде Қарабағ тулпарлары парки ҳәм интерактив музей шөлкемлестирилген.
Жетекшилер комплексте жаратылған шараятлар, дөретиўшилик жумыслары менен танысты. Мийманлар итибарына Әзербайжан Қарабағының бай мәденияты ҳәм дәстүрлерин сәўлелендиретуғын Қарабағ тулпарларының қатнасыўындағы "Зафар" атлы мәдений бағдарлама усынылды.