Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң басшылығында өткен илажда Иран Ислам Республикасы Президенти Масъуд Пезешкиён, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Шаҳбоз Шариф, Қазақстан Республикасының Бас министри Олжас Бектенов, Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары - сыртқы ислер министри Рашид Мередов, Аўғанстан Бас министриниң орынбасары ўазыйпасын атқарыўшы Молла Абдул Ғани Бародар, ЕБШ бас хаткери Асад Мажид Хон ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлер ҳәм регионаллық шөлкемлер делегацияларының басшылары қатнасты.

ЕБШ шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў перспективалары көрип шығылды, әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық машқалалар бойынша пикир алысылды.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўға қәўип туўдырып атырған қәўип-қәтерлерди атап өтти.

Өзбекстан жетекшиси келиспеўшиликлерди дипломатия ҳәм конструктивлик сөйлесиўлер жолы менен шешиў әҳмийетли екенин және бир мәрте атап өтти.

Соның менен бирге, Палестина-Израиль келиспеўшилигин әдиллик пенен шешпей турып, Жақын Шығыста тынышлық ҳәм турақлылыққа ерисип болмайтуғыны атап өтилди.

Мәжилис күн тәртибине өтер екен, Өзбекстан Президенти бир қатар әҳмийетли мәселелерге итибар қаратты.

Бәринен бурын, шөлкемниң орта ҳәм узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген раўажланыўдың тийкарғы бағдарларын алға қойыў мақсетинде "Экономикалық бирге ислесиўдиң стратегиялық мақсетлери - 2035" концепциясын қабыл етиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Ҳүжжетте дәстүрий бағдарлар менен бир қатарда инновациялар, жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялар тараўларындағы бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратыў зәрүр.

Әсиресе, товарлар ҳәм хызметлер саўдасын әпиўайыластырыў, техникалық ҳәм тарифлик емес тосқынлықларды басқышпа-басқыш сапластырыў, электрон коммерцияны раўажландырыў мәселелери әҳмийетли болып қалмақта.

Бул бағдардағы стратегиялық мәселелерди додалаў ҳәм Саўданы әпиўайыластырыў ҳаққындағы келисимди қабыл етиў ушын усы жылы Ташкент қаласында саўда министрлериниң ушырасыўын өткериў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы аўыл хожалығы өнимлериниң саўдасы бойынша оператив мәлимлеме алмасыў ҳәм оларды тосқынлықсыз жеткерип бериў ушын "жасыл коридорлар" системасын жаратыў басламасын алға қойды.

Инвестициялық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў, және де ашық-айдын ҳәм тартымлы инвестициялық орталықты қәлиплестириў мақсетинде узақ мүддетли "Экоинвест" бағдарламасын қабыл етиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

- Бул бағдарламаның тийкарғы мақсети регионымыздағы перспективалы жойбарларға жеке меншик инвесторлар, банклер ҳәм халықаралық финанс институтларын кеңнен тартыў, деп есаплаймыз,-деди Өзбекстан жетекшиси.

Ҳәзирги геосиясий шараятта альтернатив транспорт коридорларын қәлиплестириў стратегиялық тийкарғы ўазыйпа болып табылады. Перспективалы Трансаўған коридорына тутастырылыўы мүмкин болған Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолы жойбары кең региондағы транзит тармақларын нәтийжели байланыстырыў имканиятын беретуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы транспорт-логистика тараўын санластырыў бойынша системалы жумысларды жолға қойыў мақсетинде Санлы транспорт ҳәм бажыхана уйымын шөлкемлестириўди тезлестириў усынысын да алға қойды.

- Регионда жаңа авиақатнаўлар жөнелислерин ашыў, авиакомпаниялар арасында инновациялық бирге ислесиў түрлерин жолға қойыў, туризм ҳәм авиация тараўлары арасында маркетинг бойынша интеграцияласқан стратегияларды ислеп шығыў й ўазыйпалардан бири болып есапланады,-деди Өзбекстан басшысы.

Усы мәселелерди додалаў ушын усы жылы Самарқандта Миллий авиакомпаниялар форумын өткериў усыныс етилди.

Туристлер ағымын еки есеге арттырыў ушын үлкен потенциал бар екенлиги көрсетип өтилди. Шөлкем шеңберинде туризм хызметлерин кеңейтиў бойынша "жол картасы" қабыл етилиўи оған хызмет етеди.

Глобал климат күн тәртибиндеги мәселелерде ҳәрекетлерди бирлестириў әҳмийетли екенин атап өтип, Президентимиз шөл аймақларында тоғайлар шөлкемлестириў ҳәм рекреация зоналарын жаратыў бойынша Трансшегаралық "жасыл бағдарлама" ислеп шығыў басламасын алға қойды.

Өзбекстан жетекшиси Жоқары дәрежедеги комитеттиң жумысын унамлы баҳалап, оған келеси саммитке шекем ЕБШ жумысын жетилистириў бойынша анық усыныслар таярлаў ўазыйпасын тапсырыўды усыныс етти.

- Реформалар бирге ислесиўимизди жаңа басқышқа алып шығыў, Шөлкемниң халықаралық майдандағы абырайы ҳәм статусын және де арттырыўға хызмет етеди, - деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында бул саммит Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми шеңбериндеги көп қырлы әмелий бирге ислесиўге күшли пәт бағышлайтуғынына ҳәм жаңа басқышты баслап беретуғынына исеним билдирди.